Мәмлекетимизге карантиндеги зыянкеслердиң кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыў, өсимлик ҳәм мийўе-овощ өнимлериниң экспортын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында импорт ҳәм экспортлық өнимлер мәмлекетимиздиң шегара постларында өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен карантин тексериўинен өткерилетуғын болды.
Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы баспасөз хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, усы жылдың 9 айы даўамында инспекцияның агроном-инспекторлары тәрепинен мәмлекетимизге шеттен кирип келген 46886 тонна импорт өнимлер карантин тексериўинен өткерилген. Ал, сырт еллерге 2870 тонна палыз, 1005 тонна мийўе ҳәм жүзим, 488 тонна картошка, 1520 тонна азықлық өнимлер, 7,5 тонна дән ҳәм дән өнимлери экспорт етилген.
Бүгинги күнде карантин илажлары Нөкис қаласы сыртқы экономикалық хызмет бажыхана постында да нәтийжели алып барылмақта.
– Өсимликлер карантини агроном-инспекторларының аймақларда алып барып атырған карантин илажлары нәтийжесинде мәмлекетимизде фитосанитариялық тазалық тәмийинленбекте, -дейди Нөкис қаласы сыртқы экономикалық бажыхана посты агроном-инспекторы Т.Қайыпов. – Деген менен, республика аймағына шет мәмлекетлерден ҳәр түрли азық-аўқат өнимлери ҳәм ағаш өнимлери кирип келмекте. Бул өнимлер арқалы карантин объектлериниң де кирип келиў қәўипи бар.
Бул халық хожалығына үлкен экономикалық зыян тийгизиўи менен бирге инсан саламатлығына да өз тәсирин көрсетеди.
Биз шегара постлардағы агроном-инспекторлар фитосанитариялық қәўиптиң алдын алыў ушын экспорт ҳәм импорт өнимлердиң карантин объектлери менен зыянланбағанлығын тексериўден өткерип, фитосанитариялық сертификатлар менен тәмийинлеймиз. Егер өнимде қандай да бир карантин астындағы зыянкес анықланса, өнимди алып өтиўге рухсат берилмейди, өним кейинге қайтарылады.
Буның барлығы өсимликлерди зыянкеслерден қорғаў, карантин объектлери кирип келиўиниң алдын алыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.