Қарақалпақстанда пахтаны қосып жазыўдың алды алынды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлиминиң баслығы Ҳаёт Шамсутдинов хабар берди, деп жазады kun.uz  сайты.

Атап өтилиўинше, Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының хызметкерлери тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте исбилерменлик субъектлериниң  нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша оператив илаж өткерилген.

Онда «Халықабад пахта тазалаў» АЖға қараслы «Қаракөл пахта қабыллаў шақапшасы»ның операторы Сардор А., фермер хожалығы тәрепинен бул жерге усы жылдың 12, 14 ҳәм 16-октябрь күнлери тапсырылған пахта шийки затына және 3 тонна пахта шийки затын қосып жазыў ҳәм жүк қағазларын қәлбекилестирип бериў есесине, фермер хожалығы басшысынан 6,0 млн. сумды талап етип алған ўақтында усланған.

Бул жағдай бойынша «Қаракөл пахта қабыллаў шақапшасы» материаллық жуўапкер шахсларына Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги