Нөкисте Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Баслы мақсетимизхалқымыздың турмыс дәрежесин буннан да жақсылаў» сүрени астында сайлаўалды үгитнәсият илажы болып өтти.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Н.Матякубова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты С.Қайыпназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде усы жылдың декабрь айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға таярлықтың барысы, бул сиясий мапаздың елимизде демократиялық процесслерди жеделлестириўдеги әҳмийети, партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленип атырған тийкарғы идеялар менен ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, партия биринши гезекте, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң мәнзилли социаллық қорғалыўға мүтәж халықтың мәплерин қорғаўы, социаллық теңлик ҳәм әдиллик, социаллық бирлик ҳәм демократия идеялары ушын гүрес алып барады. Бүгинги күни пуқараларымыздың көз-қарасы, сана-сезими, ҳуқықый мәденияты, реформаларларға қызығыўшылығы ҳәм талабы артып бармақта. Усы көз-қарастан Өзбекстан Халық демократиялық партиясы да мине усындай өзгерис және раўажланыў жолын таңламақта.

-Үгит-нәсият илажларынан гөзленген мақсет-сайлаўалды бағдарламасының тийкарғы бағдарларын кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм болажақ сайлаўларға  халықтың, соның ишинде жасларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў,-дейди партия белсендиси Айша Матниязова.-Бунда тийкарғы итибар халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаслар ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, кем тәмийинленген шаңарақларды, жәрдемге мүтәж ҳәм майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылады.

Илаж барысында түрли викториналар, лоторея ойынлары шөлкемлестирилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.

Жыйналғанларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди. Бундай сайлаўалды үгит-нәсият илажларын республикамыздың барлық районларында өткериў режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги