Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-октябрь күни мәмлекетимизде сапар менен болып турған Ҳиндстан Республикасы Гужарат штатының бас министри Вижай Рупаний басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Президентимиз мийманларды қызғын қутлықлап, Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң раўажланып атырғанын, дослық ҳәм стратегиялық шерикликтиң беккемленип атырғанын айрықша атап өтти.

Турақлылықтағы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, соның ишинде, өткен жылдың октябрь айында Дели қаласында ҳәм усы жылдың январь айында Гандинагар қаласында (Гужарат штатының админстративлик орайы) әмелге асырылған ушырасыўлар еки тәреплеме көп қырлы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге хызмет еткени атап өтилди.

Вижай Рупани, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди және Ҳиндстан Бас министри Нарендра Модидиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Жоқары мәртебели мийман Гужарат штаты делегациясының сапары даўамында Әндижан, Самарқанд, Бухара ҳәм Ташкентте болып өткен ушырасыў ҳәм пикир алысыўлар, ең дәслеп, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди кең көлемде әмелге асырыўға жәрдем беретуғынына қаратылғанын атап өтти.

Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.

Биотехнологиялар ҳәм агрокластерлер, тоқымашылық, фармацевтика санааты, автомобильлер ушын комплектлеўши бөлеклер ҳәм косметика өнимлерин ислеп шығарыў, қурылыс, мийманхана инфраструктурасын басқарыў сыяқлы тараўларда ҳәм басқа да бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Быйыл Өзбекстанда биргеликте ашылған жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәм Ҳиндстанның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери тийкарында талап жоқары болған инженерлик-техникалық қәнигеликлер бойынша кадрлар таярлаў және билимлендириў тараўы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан есапланады.

Өзбекстан ҳәм Гужарат штатының жетекши компаниясы ҳәм шөлкемлери арасында нәтийжели шерикликти рааўажландырыў бойынша биргеликтеги «жол картасын» тез пурсатта ислеп шығыўға келисип алынды.

Ушырасыў соңында Вижай Рупани мәмлекетлеримиз арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм халықларымыздың дослығын беккемлеўде ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин атап өтти.

 

ӨзА