Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине депутатлыққа өткерилетуғын сайлаўларға жаңа идея, жаңа көзқараслар менен қызғын таярлық көрип атырған сиясий партиялардың ҳәр бири өз алдына үлкен мақсет қойған.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Мойнақ районлық кеңеси тәрепинен райондағы «Өнерментлер аллеясы»нда өткерилген ғалабалық үгит-нәсият илажы усы жылдың декабрь айында болып өтетуғын сайлаўларға арналды.

Партияның сайлаўалды бағдарламасын ҳәм мақсетлерин кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаўға бағышланған илажда партияның белсендилери, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдем-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелер, жаслар, көркем өнер ғайраткерлери, район ҳәкимлигиниң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда сайлаў елимизде биринши мәрте халықаралық стандартлар тийкарында қабыл етилген Сайлаў кодекси, усы тийкардағы Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамы бойынша өткерилетуғынлығы, бунда ҳәр бир пуқараның өзиниң ерк-ықрарын билдириўи ушын толық кепиллик берилгенлиги атап өтилди.

Ушырасыў соңында партияның белсенди ағзалары Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Партия қатарына жаңадан қабыл етилгенлерге ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги