Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң структурасында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында Президентимиздиң 21-октябрь күни қабыл етилген «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында көрсетип өтилди.

Төмендегилер Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

-мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мониторингди әмелге асырыў, бул тараўға жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў;

-мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша жумысын муўапықластырыў;

-мәмлекетлик тилдиң әмел етиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша, сондай-ақ, оны раўаажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў бойынша усыныслар таярлаў;

-өзбек тилиниң жазыў нормалары ҳәм қағыйдаларын ислеп шығыў бойынша және латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин толық енгизиў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў;

-мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў;

-мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламлар ҳәм «жол карталарын» ислеп шығыў, олардың әмелге асырылыўын қадағалаў, сондай-ақ, «Өзбек тили байрамы күнин» белгилеў жумысларын муўапықластырыў;

-илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды айланысқа енгизиў, заманагөй атамалардың өзбек тилиндеги сыңарларын жаратыў ҳәм бир түрде қолланылыўын тәмийинлеў, географиялық ҳәм басқа да топонимикалық объектлерге нызам ҳүжжетлерине муўапық атама бериў бағдарындағы жумысты мониторинг етиў ҳәм муўапықластырыў;

-мәмлекетлик тилди раўажландырыўға байланыслы илимий-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў, бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги