Пайтахттағы мектептиң тоғызыншы класс оқыўшысы жәнжел ўақтында оныншы класс оқыўшысын пышақлады.

Бул ҳаққындағы хабар 21-октябрь күни саат 10:00 де  102 қысқа нөмерине келип тускен. Басқарманың берген мағлыўматына қарағанда 15 жасар мектеп оқыўшысы 16 жасар А.Г менен өз-ара жәнжеллесип, оның арқасына пышақ тыққан.

Ўақыя Алмазар районындағы 146-мектепте жүз берген. Бул ҳаққында ИИББ баспасөз хызмети хабар берди деп жазады gazeta.uz сайты.

Дене жарақатын алған өспирим емлеўханаға жатқарылған. Тергеўге щекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги