21-октябрь – «Өзбекстан Республикасының

                                       «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн     

                                               

Усы жыл 22-октябрь күни Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы «Progress» билимлендириў ҳәм раўажланыў орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мектепте «Өзбек тили – мәмлекетлик тил» пән айлығы шеңберинде, «Өзбек тили сабақларында мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардан пайдаланыў ҳәм инновациялық шеберлик сабақлары» атамасында семинар ҳәм ашық сабақлар өткерилди.

Ашық сабақлар мектептиң өзбек тили пәни муғаллимлери тәрепинен «Бағда», «Мийўелер», «Гг ҳәриби», «Өзбек тили бөлмесинде», «Китаплар дүньясы», «Уллы илимпазлар», «Инсаный пазыйлетлер» сыяқлы темаларда алып барылды. Оған Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Халық билимлендириў бөлими ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринен келген қәнигелер қатнасып, баҳалап барды.

Сабақларда берилген тапсырмалар оқыўшылардан соралғанында ҳәм оқыўшылардың муғаллим тәрепинен берилген сораўларға жуўап бериўинде, теманың түсиндирилиўинде заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардан кеңнен пайдаланылды. Муғаллим ҳәм оқыўшы арасындағы байланыс еркин түрде болыўына, сабақты түсиндириў пайытында көргизбели қураллар яки басқа да ҳәр қыйлы заманагөй усыллардан пайдаланыўға ҳәрекет етилди. Усы өткерилген ашық сабақлар қәнигелер тәрепинен терең талқыланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Соң мектептиң концерт залында «Ана тилим – қәлбимниң қуяшы» атамасында көркем-әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Онда шығып сөйлеген қәнигелер жыйналғанларды Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигиниң отыз жыллығы менен қызғын қутлықлап, оның әҳмийети, усы тилди еле де раўажландырыў бағдарында исленип атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Қатнасыўшыларға 1989-жыллардағы елимиздиң пидайы инсанлары тәрепинен өзбек тилиниң мәмлекетлик тил бийлигин алыў мақсетинде әмелге асырылған қыйын ҳәм машақатлы жумыслары сәўлелендирилген видеофильм қойып берилди.

Сондай-ақ, усы мектеп оқыўшыларының дөретпелери тийкарында таярланған көргизбе шөлкемлестирилди.

Илажда мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы, сахналық көринислер қойып берилип, уллы шайыр ҳәм жазыўшылардың усы тилде дөреткен шығармалары арқалы халық келешеги ушын өзбек тилиниң таза сақланыўының қандай дәрежеде әҳмийетке ийе екенлиги, оны қәстерлеп-сақлаў зәрүрлиги терең түсиндирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.