Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи.

 

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар!

Әзиз дослар!

Бәринен бурын, мине усы қуўанышлы байрамда бәршеңизди әзим пайтахтымыздың орайында қурылған, күни кеше иске түсирилген саўлатлы ҳәм көркем сарайда жақсы кейпиятта көрип, қутлықлап турғанымнан жүдә қуўанышлыман.

Сиз әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды тарийхый сәне – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгениниң отыз жыллығы менен қызғын қутлықлайман.

Бизге белгили, Өзбекстанның заманагөй көринисин айқын сәўлелендиретуғын көплеген жаңа имарат ҳәм объектлер бүгин барлық қала ҳәм ўәлаятларымызда бой тиклемекте.

Әлбетте, олардың арасында «Ташкент-Сити» исбилерменлик орайы айрықша ажыралып турады.

Гүўасы болып турғаныңыздай, «Ташкент-Сити» орайы өзиниң архитектуралық көринисинде қала қурылысы өнериниң ең соңғы жетискенликлерин, архитектура, инженерлик ҳәм дизайнерлик бағдарындағы бийбаҳа ҳәм үлкен потенциалды айқын сәўлелендиреди.

Майданы 80 гектардан ибарат бул орайды қурыўдан тийкарғы мақсет – заманагөй, «ақыллы қала» қурыў, халықаралық, сырт ел ҳәм жергиликли банк-финанс структуралары ҳәм инвесторлар ушын жанажан Ўатанымыздың, биринши гезекте, гөззал пайтахтымыздың тартымлылығын арттырыўдан ибарат.

Биз Өзбекстанның раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде ислеп шығылған Ҳәрекетлер стратегиясын избе-из әмелге асырып атырғанымздан халқымыз ҳәм халықаралық жәмийетшилик жақсы хабардар әлбетте. «Ташкент-Сити» орайын қурыў идеясы да әне усы стратегия менен бир ўақытта туўылған еди.

Өзбекстан тәжирийбесинде биринши болған бундай үлкен көлемдеги ҳәм бийбаҳа жойбарды әмелге асырыў ушын көп нәрсени жаңадан үйрениўимизге, тынымсыз излениўге туўра келди.

Қурылыс майданы 1 миллион 600 мың квадрат метрге тең болған жаңа орайдың 30 проценти турақ-жайлар, 30 проценти офислер ушын имаратлар, және 30 проценти саўда комплекслери, 10 процентин мийманханалар фонды қурайды.

Бәршеңиз көрип турсыз, бүгин бул аймақта дөретиўшилик жумыслары ылғаллы даўам етпекте. Несип етсе, 2021-жылда қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, бул орай халқымызға ҳәм пайтахтымыздың мийманларына хызмет етиўди баслайды.

Қысқаша етип айтқанда, «Ташкент- Сити» орайы Өзбекстанда қурылыс ҳәм архитектура тараўында раўажланыўдың жаңа дәўириниң басланғаны, бул тараўда биз көп нәрсеге ерисе алатуғынымызды көрсетеди, десек, әйне ҳақықыйқатты айтқан боламыз.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан өзиниң ашық ҳәм конструктивлик сиясаты менен регионамыздағы ири сиясий, экономикалық ҳәм мәдений орайға айланып бармақта. Жәҳәндеги белгили халықаралық шөлкем ҳәм структуралар, финанс институтлары, исбилермен топарлар тәрепинен Өзбекстанда бир қатар илажлар, әнжуман ҳәм ушырасыўлар өткерилмекте. Бул процесслер келешекте және де күшейеди, Өзбекстан және көплеген үлкен халықаралық саммитлерге, форум ҳәм симпозиумларға басшылық етеди.

Усы мәниде, бул   салтанатлы комплекс тек ғана мәмлекетимиз ушын емес, ал халықаралық әҳмийетке ийе болған жаңа идея ҳәм басламалар туўылатуғын әҳмийетли тарийхый ҳүжжетлер қабыл етилетуғын орайға айланады, деп исенемиз.

Пурсаттан пайдаланып, мине усындай саўлатлы сарайдың қурылысшыларына – шебер архитектор ҳәм жойбарлаўшыларға, жумысшы-инженерлерге, сырт ел қәнигелерине, барлық қатнасыўшыларға өзимниң атымнан, халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

Мәмлекетимизде жаратылып атырған жаңа тарийх, жаңа раўажланыў дәўириниң, халқымыздың дөретиўшилик потенциалының әмелий көриниси болған мине усы гөззал комплексте биринши болып ана тилимизге – мәмлекетлик тилге бағышланған салтанатлы мәресимди өткерип атырғанымыз да тосыннан емес.

Бүгин бул салтанатлы комплекске биринши әзиз мийманлар сыпатында келген сиз, қәдирли ўатанласларымызды, ҳүрметли ветеранларымызды ана тилимиздиң жанкүйерлери болған зиялыларымызды, депутат ҳәм сенаторларымызды, белсенди жасларымызды, дипломатиялық корпус ўәкиллерин шын қәлбимнен қутлықлаў маған үлкен қуўаныш бағышлайды.

Бул саўлатлы сарай бәршемизге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын! Хош келипсиз, әзиз дослар!

Қәдирли ўатанласлар!

Дүньядағы әййемги ҳәм бай тиллерден бир болған өзбек тили халқымыз ушын миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиздиң тымсалы, бийбаҳа мәнаўий байлық, уллы қәдирият есапланады.

Кимде-ким өзбек тилиниң бар сулыўлығын, тартымлылығын ҳәм тәсир күшин, шексиз имканиятларын сезинбекши болса, аналарымыздың ҳәййиўлерин, мың жыллық дәстанларымызды мәңги жасайтуғын мақамларымызды тыңласын, бақсы ҳәм жыраўларымыздың сыйқырлы қосықларына қулақ түрсин.

Түркий тиллердиң үлкен шаңарағына тийисли болған өзбек тилиниң тарийхы халқымыздың көп әсирлик өтмиши, оның арзыў-умтылыслары, арзу ҳәм әрманлары, жеңислери менен тығыз байланыслы.

Ата-бабаларымыз әйне ана тилимиз арқалы дүньяға өз сөзин айтып келген. Усы тилде уллы мәденият үлгилери, үлкен илимий ойлап табыўлар, көркем дүрданалар жартылған.

Өтмиште үлкемизди басып алған түрли жаўыз күшлер бизди бәринен бурын өз тилимизден, тарийхымыз ҳәм мәдениятымыздан, динимиз ҳәм исенимимизден айырыўға қайта-қайта ҳәрекет етти. Олар ел журтымыздың басына азап-ақыретлер, қаншадан-қанша қара күнлерди салғаны тарийхтан жақсы белгили.

Бирақ мәрт ҳәм  шыдамлы халқымыз ҳәр қандай аўыр сынақларда да өз еркинлиги ҳәм азатлығы ушын жан берип гүрести. Бул жолда қанша қурбанларды берди. Ҳәр қандай зулым ҳәм зорабанлықларға қарамай, өз ана тилин – миллий өзлигин сақлап қалды. Тек ғана сақлап қалмай, ал оны ҳәр тәреплеме раўажландырып, бүгинги әўладларға мүлтиксиз жеткерип берди.

Бул бағдарда мәнаўий мәртлик ҳәм пидайылық көрсеткен уллы ғайраткерлеримиз, жазыўшы ҳәм илимпазларымыз, уламаларымыз, уллы көркем өнер ғайраткерлериниң естелигин бүгин ҳүрмет-иззет пенен ядқа аламыз.

Бул қутлы сәнени байрамлап, бәринен бурын 1989-жыл 21-октябрь сәнесин – «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген күнди еске алыўымыз орынлы болып табылады.

Елимизде тоталитарлық дүзим еле өз ҳүкимин өткерип турған оғада аўыр шараятта халқымыздың тәғдири ҳәм келешегин белгилейтуғын бул нызамды қабыл етиў биз ушын аңсат болған жоқ.

Нызам жойбары еки мәрте улыўма халықлық додалаўға қойылған еди. Оның әтирапында қандай қызғын пикир-таласлар ҳәм тартысыўлардың болып өткенин, көпшилик ўатанласларымыз жүдә жақсы еслейди, деп ойлайман. Мен де сол ўақытта бул тарийхый процесслердиң тиккелей гүўасы ҳәм қатнасыўышысы болғанман.

Бул әҳмийетли ҳүжжеттиң қабыл етилиўинде пидайы ҳәм ўатанды сүйетуғын зиялыларымыздың, кең жәмийетшиликтиң исенимли ерк-ықрары және Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың сиясий күш-жигери үлкен әҳмийетке ийе болды.

Өзбек тили мәмлекетлик тил сыпатында халқымызды бирлестиретуғын, жәмийетимизди уллы мақсетлерге қарай ийтермелейтуғын қүдиретли күш болып майданға шықты. Сол ўақытта ол Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлигине қарай қойылған биринши исенимли қәдем еди.

Бул нызам халқымыздың өз тәғдирин өзи белгилеў жолындағы қарарының айқын көриниси болды. Арадан еки жыл өтип, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәресизлиги ана тилимизде дүньяға жәрияланды.

Мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамын – Конституциямыздың өзбек тилинде жаратылыўы оның абырайын және де жоқарылатты.

Елимиз бойлап ҳәм халықаралық майданларда ана тилимзде жаңлап атырған Мәмлекетлик гимн де кеўиллеримизде Ўатан сезимин оятады.

Өзбек тили өткен жыллар даўамында мәмлекетимиздеги жүзден аслам миллет ҳәм халық ўәкиллерин өз-ара байланыстыратуғын меҳир-мириўбет тилине айланды.

Буннан бес әсир бурын ҳәзирети Әлийшер Наўайы:

«Түркий тилде қолға алып қәлемди,

Қәлем менен бойсындырдым әлемди», деп жазған еди. Яғный, ол инсан ана тилиниң байрағын бәлентке көтерип пүткил ел-улысты, журтларды усы байрақ астында бирлестирдим, деп мақтаныш еткен.

Бәршемизге жақсы белгили, ана тили – миллет мәнаўиятының беккем тийкары болып табылады. Уллы ойшыл бабамыз Абдулла Авлоний айтқанындай, ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин көрсететуғын турмыс айнасы – бул оның миллий тили ҳәм әдебияты болып табылады.

Усы мәнисте дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеўди мақсет етип қойған ҳәр қайсы мәмлекет ең дәслеп өз халқының миллий тили ҳәм мәдениятын қәстерлеп-сақлаўға, раўажландырыўға умтылады.

Ғәрезсизлик жылларында ана тилимизди шын мәнисинде мәмлекетлик тилге айландырыў жолында үлкен илажлар әмелге асырылды.

Усы орында бир пикирге итибарыңызды қаратпақшыман. Ҳәзирги күнде Жер жүзинде 7 мыңнан аслам тил бар болса, олардың тек ғана 200 ге шамаласы мәмлекетлик тил ямаса рәсмий тил статусына ийе.

Усы көзқарастан қарағанда, өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигин ҳуқықый жақтан беккемлеп берген бул нызамның халқымыз турмысындағы орны ҳәм әҳмийети оғада үлкен.

Бул тарийхый ўақыядан соң латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин енгизиў ҳаққында және бир әҳмийетли нызам қабыл етилди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгин жанажан Өзбекстанымыз «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген баслы идея тийкарында өз раўажланыўының жаңа басқышына исеним менен қәдем қоймақта. барлық тараўлар менен бирге мәмлекетлик тилдиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде өзбек тили  мәмлекетлик тил сыпатында сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, мәнаўий-ағартыўышылық турмысымызда белсене қолланылмақта, халықаралық минберлерден жаңламақта.

Мәмлектимиз тәрепинен мәнаўий турмысымызды буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, тәлим-тәрбия жумысларын заман  талаплары тийкарында шөлкемлестириў, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларын жетилистириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў бойынша қабыл етилген онлаған пәрман ҳәм қарарлар өзбек тилиниң раўажланыўына тиккелей хызмет етпекте.

Бул ҳаққында айтқанда, кейинги жылларда ана тилимизде жумыс алып баратуғын жүзлеген бақшалар, мектеплер, жоқары оқыў орынлары, жаңа газета ҳәм журналлар, теле-радио каналлар, типографиялар, мәдений-ағартыўшылық мәкемелери, китапханалардың шөлкемлестирилип атырғанын атап өтиў керек.

Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң жумысы жолға қойылды. Бул жерде фольклор таныўшылық, диалектология, тюркология, текстология сыяқлы бағдарлары ашылды.

Бул бойынша жаңа оқыў бағдарламаларының жаратылып атырғаны, сабақлық ҳәм қолланбалар, китапша ҳәм монографиялардың баспадан шығаралып атырғаны, илимий әнжуманлар, ғалаба хабар қуралларында өзбек тилиниң бүгинги күни ҳәм келешеги ҳаққында әмелий усыныслар ҳәм басламалардың билдирилип атырғаны оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Хабарыңыз бар, әзиз пайтахтымыз орайындағы Миллий бағ аймағында Жазыўшылардың дем алыў орайы қурылмақта. Бул гөззал орайда қурылып атырған естелик комплекслери әдебиятымыздың белгили ғайраткерлери, өзбек тилиниң шын мәнисиндеги жанкүйерлери естелигине бағышланғаны айрықша итибарлы болып табылады.

Ана тилимиз ҳәм миллий әдебиятымызды көтермелеў, оның бай ғәзийнесин, гөззаллығы ҳәм тартымлылығын жас әўладқа жеткериў мақсетинде елимизде белгили шайыр ҳәм жазыўшылардың атындағы дөретиўшилик мектеплерин шөлкемлестирдик. Муҳаммед Риза Агаҳий, Исҳақхан Ибрат, Абдулла Қадирий, Ҳамид Әлимжон ҳәм Зульфия, Эркин Воҳидов, Абдула Арипов, Ибрайым Юсупов, Ҳалима Худойбердиева, Муҳаммад Юсуф атындағы дөретиўшилик мектеплеринде бәринен бурын өзбек тили ҳәм әдебиятын, көркем дөретиўшилик сырларын терең үйрениў ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта өзбек тилинде сөйлесетуғынлардың саны дүнья көлеминде 50 миллион адамға шамаласып қалды. Бул ана тилимиздиң дүньядағы үлкен тиллерден бирине айланып атырғанынан дәрек береди.

Бүгинги күнде халықаралық майдандағы абырайы барған сайын жоқарылап баратырған Өзбекстанымызды дүньяға танытыўда ана тилимизде үлкен үлес қоспақта.

Өзбек тили Америка Қурама Штатлары, Уллы Британия, Германия, Франция, Швеция, Россия, Украина, Қытай, Япония, Қубла Корея, Ҳиндстан, Түркия, Аўғанстан, Әзербайжан, Тәжикстан, Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлердиң 60 ға шамалас университети ҳәм 100 ден аслам мектебинде үйренилмекте. Өзбек тили ҳәм әдебияты бойынша илимий излениўлер алып барып атырған сырт елли илимпаз ҳәм изертлеўшилердиң саны жыл сайын көбеймекте.

Усы бағдарда мәмлекетимиздиң сырт елдеги елшиханалары ҳәм дипломатиялық ўәкилханалары жанында «Өзбек тилиниң дослары»  клублары шөлкемлестирилгенин биз ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги қуўанышымызға шерик болып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, хаалықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине олардың еллеринде өзбек тилине көрсетилип атырған ҳүрмет ҳәм итибар ушын миннетдаршылық билдиремен. Әсиресе, Өзбекстандағы хызмет ўазыйпасы даўамында өзбек тилин үйренип, жақсы сөйлесип атырған сырт елли дипломатларға айрықша миннетдаршылық  билдирмекшимен.

Сизлерге жақсы белгили, жақында Өзбекстан Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағза болды. Бул, өз гезегинде, тек ғана өз-ара экономикалық бирге ислесиўди күшейтип қалмай, ал түркий тиллердиң, соның ишинде, өзбек  тилиниң халықаралық статусын раўажландырыўға хызмет етеди.

Кеңес саммитинде билдирген басламаларымыз, атап айтқанда туўысқан халықлар әдебиятының ең сайланды үлгилери жыйналған жүз томлық «Түркий әдебият ғәзийнеси» китаплар дүркинин ағза мәмлекетлердиң ана тиллеринде басып шығарыў усынымыз унамлы қабыл етилди.

Әзиз дослар!

Мәмлекетлик тилди раўажландырыўға қаратылған жумысларымыздың логикалық даўамы сыпатында бүгин мәмлекетимизде және бир әҳмийетли қәдем қойдық. Мен бүгин «Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайы ҳәм ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманға қол қойдым. Оған бола «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген күнниң үлкен тарийхый орны ҳәм әҳмийетинен келип шыққан ҳалда, 21-октябрь сәнеси елимизде «Өзбек тили байрамы күни» деп белгиленди.

Мен ойлайман, өзбек тили байрамының мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде кеңнен белгилениўи халқымыздың миллий руўхын ҳәм өзлигин раўажландырыў менен бирге, мәмлекетлик тилди турмысымызға толық енгизиўге хызмет етеди.

Бул пәрманда ана тилимиздиң келешектеги раўажланыўына байланыслы көплеген мәселелер қатарында Министрлер Кабинетинде Мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша өз алдына структураның шөлкемлестирилгенин де сизлерге мәлим етпекшимен.

Бул структура мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин, тараўға байланыслы машқалаларды таллап, бул бағдарда бирден-бир мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейди.

Ҳәзирги ўақытта дүньяда илим ҳәм технологиялар тезлик пенен раўажланып, мәмлекетимиздиң халықаралық бирге ислесиў байланыслары барған сайын кеңеймекте. Нәтийжеде турмысымызға сырттан көплеген жаңа түсиниклер, сөз ҳәм терминлер кирип келмекте.

Глобалласыў шараятында миллий тилимиздиң тазалығын сақлаў, оның сөз байлығын арттырыў, түрли тараўларда заманагөй атамалардың өзбекше сыңарларын жаратыў, олардың бирдей қолланылыўын тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып тур.

Ҳақықыйқатын айтыў керек, бул мәселеде де кемшилигимиз бар еди. Усы мүнәсибет пенен пәрманда жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бағдарындағы жумысларды тәртипке салатуғын Атамалар комиссиясын дүзиў мәселесин де нәзерде туттық.

Ана тилимиз –  миллий мәнаўиятымыздың таўсылмайтуғын булағы есапланады. Солай екен, оған мүнәсип ҳүрмет ҳәм иззет көрсетиў бәршемиздиң тек ғана ўазыйпамыз болып қалмай, ал муқаддес инсаныйлық ўазыйпамыз болып табылады.

Мәмлекетлик тилге болған турақлы итибар ҳәм ғамхорлық мәмлекетимизде буннан былай да үзликсиз даўам еттириледи.

Қәдирли ўатанласлар!

Бизге белгили, Ўатанымыз бир неше жүз жыллар даўамында уллы цивилизация ҳәм мәденият орайларынан бири болған. Әййемнен үлкемизде халқымыз бенен бирге түрли миллет ўәкилери ийинлес, татыў ҳәм аўызбиршиликте болып, тыныш ҳәм абадан орталықта жасап келеди.

Өз тилин ҳүрмет еткен билимли ел басқалардың ана тилине де терең ҳүрмет пенен қарайды. Өзбекстандағы кеңпейиллик сиясаты себепли, ҳәзирги күнде елимизде бир шаңарақ болып жасап атырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллерине өз ана тили, үрп-әдет ҳәм қәдириятларын раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Ташкент қаласы ҳәм орынларда жумыс алып барып атырған 140 қа шамалас миллий мәдений орай әне усы мақсетке хызмет етпекте.

Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия мәкемелери ҳәм ғалаба хабар қураллары өзбек тили менен биргеликте қарақалпақ, рус, қазақ, қызғыз, тәжик, түркмен тиллеринде жумыс алып барып атырғаны халықаралық жәмийетшилик тәрепинен унамлы ўақыя сыпатында тән алынбақта.

Дана халқымыз «Тил билген – ел биледи» дейди. Бул бағдарда уллы бабаларымыз өрнек ҳәм үлги болған. Атап айтқанда, Муса Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Абу Али Ибн Сина, Имам Бухарий, Аҳмад Ферғаний, Маҳмуд Замахшарий, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы бабаларымыз онлаған тиллерди жетик билгени ушын да  дүнья илиминиң жоқары шеклерин ийелеген.

Бүгинги күнде елимиздеги билимлендириў орайларында инглис, рус, немис, француз, испан, итальян, араб, парсы, түрк, қытай, япон, корейс, ҳинд ҳәм урду тиллериниң терең оқытылып атырғаны бул дәстүрлердиң даўам етип атырғанының айқын көриниси болып табылады.

Биз жасларымыздың жәҳән тиллерин ийелеўине болған үлкен қызығыўшылығы ҳәм умтылысларын барқулла қоллап-қуўатлаймыз.

Мен бүгин әзиз балаларымызға мүрәжат етип, уллы улама, ХХ әсир басында  алты тилли – өзбек, араб, парсы, ҳинд, түрк ҳәм рус тиллеринде сөзлик дүзген Исҳақхан Ибраттың мина ҳикметли сөзлерин еслетпекшимен: «Бизиң жасларымыз әлбетте басқа тилди билиў ушын ҳәрекет етсин, бирақ ең дәслеп өз ана тилин көзге сүрме етип, ҳүрмет көрсетсин. Өйткени өз тилине садықлық – бул ўатанға садықлық».

Мен, бул сөзлерге артықша түсиник бериўдиң кереги жоқ деп ойлайман.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Ана тилимиздиң мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы тәсири ҳәм ролин буннан былай да арттырыў бойынша алдымызда оғада әҳмийетли ўазыйпалар тур.

Бәринен бурын, буннан отыз жыл алдын қабыл етилген «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамды бүгинги күн талаплары көзқарасынан ҳәр тәреплеме терең таллап, жетилистириў зәрүрлиги сезилмекте.

Және бир әҳмийетли ўазыйпа фундаменталь изертлеўлер, заманагөй мәлимлеме ҳәм коммуникация технологиялары, санаат, банк-финанс системасы, юриспруденция, дипломатия, әскерий жумыс, медицина ҳәм басқа да тармақларда мәмлекетлик тилди толық қолланыў менен байланыслы.

Өзбек тилиниң қолланылыў шеңберин кеңейтиў, мәмлекетимизде жасап атырған түрли миллетлерге тийисли ўатанласларымыздың мәмлекетлик тилди үйрениўи ушын тийисли шараят жаратып бериў, елимизде ҳәм сырт елде өзбек тилин үйрететуғын оқыў орайларын көбейтиў керек.

Усы мақсетте жаңа сабақлықлар, салыстырмалы ҳәм түрли тараўларға байланыслы сөзликлер, ис жүргизиў ҳәм сөйлесиў қолланбаларын басып шығарыў, латын графикасына тийкарланған өзбек әлипбесин жетилистириў, бул системаға толық өтиў бойынша еле көп жумысларды ислеўимиз керек.

Сондай-ақ, өзбек тилиниң өзине тән өзгешеликлери, диалектлери, тарийхый раўажланыўы, оның келешеги менен байланыслы илимий-изертлеўлердиң нәтийжесин арттырыў, кадрлар таярлаўдың сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға ерисиўимиз керек. Бул жумыслар ушын финанслық ресурслар ҳәм қаржыларды аямай жумсаўымыз керек.

Өзиниң бийбаҳа шығарамалары менен ана тилимиздиң қәдирин ҳәм қәддин тиклеген уллы ойшыл Әлийшер Наўайы бабамыздың өмири ҳәм дөретиўшилигиниң ҳәр тәреплеме жетик энциклопедиясын жаратыў да алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.

Ҳәзирги ўақытта халық, әсиресе, жасларымыз түрли мағлыўматларды тийкарынан Интернет ҳәм социаллық тармақлардан алмақта. Сол ушын, ана тилимизди тартымлы ҳәм қызықлы етип көрсетиў, оның ушын өзбек тилиниң компьютер бағдарламаларын, онлайн сабақлықларды, электрон сөзликлерди жаратыў керек. Интернеттиң имканиятларынан толық пайдаланып, өзбек тилин кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы жумысларымызды күшейтиўимиз керек.

Мәмлекетлик тил мәселеси миллий идеямыздың тийкарғы принциплеринен бир болыўы зәрүр. Жас әўладтың қәлбине ана тилимизди балалықтан сиңдириў мақсетинде билимлендириўдиң барлық басқышларында өзбек тилин заманагөй ҳәм инновациялық технологиялар тийкарында ҳәр тәреплеме жетик үйретиўге айрықша итибар қаратыўымыз керек. Өйткени, балаларымыз өзбек тилинде еркин оқыйтуғын, раўан жазатуғын ҳәм терең пикирлейтуғын инсанлар болып жетисиўи керек.

Жәмийетимизде тил менен байланыслы ең көп додаланып атырған, ҳақылы түрдеги қарсылықларға себеп болып атырған тема – бул орын атамаларын белгилеў мәселеси, десек, қәте болмайды.

Тилекке қарсы жәмийетлик орынларда, көшелерде, имаратлардың маңлайшасында топонимикалық белгилер, түрли көринис ҳәм рекламалар көпшилик жағдайларда шет тиллеринде, мәниўиятымызға жат мазмун ҳәм көринислерде сәўлеленбекте. Бул мәмлекетлик тил талапларына, миллий мәденият ҳәм қәдириятларымызға болған менсинбеўшиликлерден, улыўма саўатлылық дәрежесиниң болса түсип кетип атырғанынан дәрек береди.

Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинети Атамалар комиссиясы менен биргеликте бул мәселелерди кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында ҳәр тәреплеме үйренип шығыўы ҳәм тәртипке салыўы керек.

Өйткени, жәмийетлик объектлерге ат қойыў – бул әпиўайы жеке ямаса жеке меншик ис емес. Бул бәршемиздиң ўатансүйиўшилик ҳәм мәнаўий дәрежемизди анық көрсететуғын өзине тән өлшем есапланады. Буны хеш ким хеш ўақытта умытпаўы керек.

Биз халқымыздың тәғдири, ертеңги күни ҳаққында ойлағанымызда, бәринен бурын, миллетимиздиң тийкарғы пазыйлетлери, гөззал үрп-әдетлеримиз, бийтәкирар көркем өнеримиз ҳәм әдебиятымызды, ана тилимизди көздиң қарашығындай етип сақлаўымыз керек.

Қысқаша етип айтқанда, ҳәр биримиз мәмлекетлик тилге болған итибарды ғәрезсизликке болған итибар деп, мәмлекетлик тилге ҳүрмет ҳәм садықлықты ана Ўатанға болған ҳүрмет ҳәм садықлық деп билииўимиз, сондай көзқарасты турмысымыздың қағыйдасына айландырыўымыз керек.

Бул жоқары инсаныйлық ҳәрекетти бәршемиз өзимизден, өз шаңарағымыз ҳәм жәмәәтимизден баслаўымыз, ана тилимизге, үрп-әдет ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет, Ўатанға меҳримизди әмелий жақтан көрсетиўимиз керек.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди ҳәм пүткил халқымызды өзбек тили байрамы менен және бир мәрте шын қәлбимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға татыўлық, бахыт тилеймен.

Өзбек тили – ана тилимиздиң мәртебеси, абырайы және де бәлент болсын.

Усындай бийбаҳа байлықтың ийеси болған, оны бәрқулла қәстерлеп-сақлап киятырған әзиз халқымыз аман болсын!

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА