Ана тили – бул миллеттиң руўҳыдур. Мәлим болғанындай өзликти аңлаў, миллий сана ҳәм түсиниктиң белгиси, әўладлар ортасындағы руўҳый – ағартыўшылық байланыс тил арқалы көринеди. Инсан қәлбиндеги бәрше пазыйлетлер, ең дәслеп, ана ҳәййиўи, ана тилиниң өзгеше сулыўлығы менен сиңеди.

Ана тилимиздиң, әсирлер даўамында ысылып, бүгинги дәўирге шекем мәдениятымыздың, мәнаўятымыздың раўажланып, жәнеде жоқары дәрежеге ерисиўдеги орны, әҳмийети жүдә үлкен. Өзбек тилине “Мәмлекетлик тил” бийлигиниң берилгенине 30 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен республикамыздың бәрше орынларында байрам кешелери, түрли ушырасыўлар, әдебий кешелер, түрли таңлаўлар өткерилмекте. Усы сәнени жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде Нөкис қаласы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде ҳәм  “Өзбек тилим – мақтанышым” атлы әдебий кеше өткерилди. Кешеде мектеп оқытыўшылары, оқыўшылардан тысқары мәҳәлле белсендилери, ата- аналар қатнасты.

Кешеде мектеп оқыўшылары өзбек тили пән дөгереклеринде үйренген қосық ҳәм ғәзеллерди, әдебийят қаҳарманлар өмири менен байланыслы ўақыялар көрсетилген, тилимизди, мәнаўятымызды улығлаўшы жоқары идеялар сиңдирилген сахналық көринислерди, қосық ҳәм ойынларды атқарды. Буннан тысқары 5-11 класслар ортасында “Өзбек тили”, 9-11 класслар арасында “Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең- ана тилим” темаларында баян жумысы таңлаўы өткерилди. Таңлаўдың жуўмағына бола, баян жумысының көркемлиги, мазмуны, шырайлы жазыўына  қарап 1-2-3 орын ийелери анықланды. Усы күни таңлаў жеңимпазлары мақтаў жарлықлары менен сыйлықланды.

  Вазира АЛЛАМБЕРГЕНОВА,

Нөкис қаласы 17- санлы улыўма билим

бериў мектебиниң өзбек тили пәни оқытыўшысы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги