USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНДА

Усы жыл 5-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров ашты ҳәм алып барды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлар сайлаўын өткериўши сайлаў округлерин дүзиў, сиясий партиялардың сайлаўға қатнасыў ҳуқықын алыў ушын жыйналған сайлаўшылар имзаларының дурыс толтырылғанлығын тексериўши Экспертлик комиссиясын дүзиў ҳаққындағы мәселелер қаралды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары С.Қудайбергенов, комиссия ағзалары А.Икматова,  М.Юсупов ҳәм П.Жубановалар шығып сөйлеп, өзлериниң пикир және усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының  9-статьясы ҳәм 14 -статьяларына муўапық, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң усынысларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлар сайлаўын өткериўши 65 округ дүзилди. Сондай-ақ мәжилисте Экспертлик комиссияны дүзиў ҳаққындағы қарар қабыл етилди.

Сайлаў округлериниң дизими жергиликли баспасөзде жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.