Енди Ташкент метросы жолаўшылары кассаларда жетон сатып алыў ушын гезекте турыў шәрт емес, деп хабар бермекте aniq.uz сайты.

Онда айтылыўынша, 7-октябрден баслап Humo картасы арқалы жол ҳақысын аңсат ғана төлеў мүмкин.

Буюк ипак йўли (кириў KFC тәрепинен автобус бекитилди)

Амир Темур  майданы (барлық кириў орынлары)

Мустақиллиқ майданы (барлық кириў орынлары)

Пахтакор (кириў Мәмлекетлик консерватория тәрепинен)

Бунёдкор (кириў Халықлар Дослығы сарайы тәрепинен)

Мирзо Улуғбек (кириў Ғ.Ғулам бағы тәрепинен)

Чилонзор (кириў 9 қабатлы имаратлар тәрепинен)

Беруний (кириў Өзбекстан Миллий университети ҳәм ЎзКўргазмаСавдо тәрепинен)

Минор (кириў Финанс иниститути тәрепинен)

Абдулла Қадирий (кириў Алай базары орайлық павильоны тәрепинен)

Төлемди әмелге асырыў ушын Humo валидаторына картаны тийгизиў керек.

Соның менен бирге, жақын күнлерде Humo валидаторын басқа метро бәндиргилерине жалғаў режелестирилген.

Еслетип өтемиз, Ташкент метросының барлық  станцияларында 7-октябрден баслап Wi-Fi интернеттен пайдаланыў имканияты пайда болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги