7-октябрь күни Шавкат Мирзиёев сырт елли шериклер менен ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, жаңа инвестициялық ҳәм социаллық-экономикалық жойбарларды додалаў бойынша мәжилис өткерди. Мәжилисте Президент Япония менен биргеликте жаңа электр автобусларды ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында айтып өтти.

Буннан тысқары Японияға сапары даўамында химиялық өнимлерди ислеп шығарыў, Япония технологияларынан пайдаланған ҳалда электр станциясын қурыў, суў тәмийнаты системасын модернизациялаў бойынша сөйлесиўлер алып барылады.

Президентимиздиң Японияға сапары усы жылдың декабрь айына белгиленген.

Сондай-ақ, жақында Ташкентке Беларусьтан жаңа электробус алып келинген еди. Буннан тысқары Өзбекстан ҳәм Японияның «Itochu» компаниясы жаңа автомобильлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў имканиятларын көрип шықпақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги