USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 3 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ИМЗА ҚАҒАЗЛАРЫ ЭКСПЕРТЛЕР ТӘРЕПИНЕН БЕС КҮН МҮДДЕТТЕ ТЕКСЕРИЛЕДИ

Сайлаў – 2019

Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаўын өткеретуғын сайлаў округлерин ҳәм сиясий партиялар тәрепинен усынылған имза қағазларының дурыс толтырылғанын тексеретуғын эксперт топарларын дүзиў сыяқлы мәселелер көрип шығылды.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзо-Улуғбек Абудсаломовтың атап өтиўинше, Нызамшылық палатасының депутатлар сайлаўын өткериў ушын 150 аймақлық сайлаў округи дүзилди. Ҳәр бир сайлаў округинен бир депутат сайланады. Алдынғы сайлаўларда Экоҳәрекет депутатлар топарына 15 орын квоталанғаны себепли 135 сайлаў округи дүзилетуғын еди.

Нызамшылық палатасының депутатлар сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңесиниң усынысына бола Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.

Нызамшылық палатасының депутатлар сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлериниң шегаралары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының административлик-аймақлық структурасы есапқа алынған ҳалда, қағыйда тәризинде, Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында сайлаўшылардың саны тең ҳалда белгиленеди.

Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериў ушын 60 тан көп болмаған сайлаў округи, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериў ушын 30 дан көп болмаған сайлаў округи дүзиледи.

Сайлаў күнине шекем мәмлекетимизде даўыс бериў ҳуқықына ийе сайлаўшылардың улыўма саны шама менен 20 миллион 600 мың әтирапында болатуғынынан келип шығып, ҳәр бир сайлаў округинен орташа сайлаўшылардың саны 137 мың 279 ға туўра келмекте. Ҳәр бир сайлаў округи тең сайлаўшыларға бөлинип атыр. Алдынғы сайлаўларда айырым бир округлер 20-30 процент көп сайлаўшыларға ийе болатуғын еди.

Сайлаў кодексинде белгиленген нормалар шеңберинде жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын сайлаў округлериниң саны тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен халық, сайлаўшылардың саны, аймақ ҳәм басқа да жергиликли шараятлардан келип шыққан ҳалда белгиленеди.

Сайлаў округлерин дүзиўде сайлаў округлериндеги сайлаўшылар санының жол қойылатуғын ең көп шетке шығыўы, қағыйда тәризинде, 10 проценттен артпаўы керек.

Сайлаў округлериниң дизимлери олардың шегаралары, сайлаўшылардың саны ҳәм округлик сайлаў комиссияларының жайласқан жери көрсетилген ҳалда сайлаўдан кеминде 75 күн алдын тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланады.

Мәжилисте комиссия ағзалары сиясий партиялар тәрепинен усынылған имза қағазларының дурыс толтырылғанын тексеретуғын Эксперт топарларын дүзиў мәселесин де көрип шықты.

Сиясий партиялар усынған имза қағазларының дурыс толтырылғаны Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 5 күнлик мүддетте тексериледи. Сайлаўшылардың имзалары зәрүр санының 15 проценти ҳәм имза қағазларына қол қойған сайлаўшылар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар тексерилиўи керек.

Орайлық сайлаў комиссиясы имза қағазлары дурыс толтырылғанын тексеретуғын Эксперт топарын дүзиўи мүмкин. Эксперт топарының қурамына ишки ислер, әдиллик уйымларының қәнигелери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери тартылады. Имза қағазларын тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасады.

Егер Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен таңлап алынған имза қағазларының шерек бөлегинен көбирегин тексериў нәтийжесинде имза қағазлары сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине қайтарылады ҳәм оған кемшиликлерди сапластырыў ушын еки күнлик мүддет бериледи.

Қоллап-қуўатлаўшы шахслардың (сайлаўшылардың) имзалар санын белгиленген ең кем муғдарынан және аз болып шықса, бул имза қағазлары толық түрде ҳақыйқый емес, деп табылады. Бундай жағдайда Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияға сайлаўда қатнасыў ушын ҳуқықынан бас тартады.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы