ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ЖЕТИНШИ СЕССИЯСЫ
I БАП. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Усы Нызам менен тәртипке салынатуғын қатнасықлар
Усы Нызам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси (буннан былай текстте – Жоқарғы Кеңес деп жүритиледи) депутатлары, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң (буннан былай текстте – жергиликли Кеңеслер деп жүритиледи) депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қатнасықларды тәртипке салады ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы пуқараларының ерк-ықрары еркин билдирилиўин тәмийинлеўши кепилликлерди белгилейди.
2-статья. Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери
Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы, усы Нызам ҳәм Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат.
3-статья. Қарақалпақстан Республикасында сайлаў
өткериўдиң тийкарғы принциплери
Қарақалпақстан Республикасында сайлаў улыўмалық, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи.
Сайлаў ашық ҳәм жәриялы түрде өткериледи.
4-статья. Улыўма сайлаў ҳуқықы
Жоқарғы Кеңес депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўлары улыўмалық болып есапланады.
Сайлаў күни он сегиз жасқа толған Қарақалпақстан Республикасы пуқаралары (буннан былай текстте – пуқаралар деп жүритиледи) сайлаў ҳуқықына ийе.
Пуқаралар жынысы, расасы ҳәм миллети, тили, динге қатнасы, социаллық шығысы, исеними, жеке ҳәм социаллық жағдайы, мағлыўматы, жумысының түри ҳәм өзгешелигине қарамастан, тең сайлаў ҳуқықына ийе.
5-статья. Тең сайлаў ҳуқықы
Сайлаўда қатнасыўшы ҳәр бир пуқара бир даўысқа ийе.
Суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайланыўы мүмкин емес.
Суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегени ушын суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды.
6-статья. Тиккелей сайлаў ҳуқықы
Жоқарғы Кеңес депутатлары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары пуқаралар тәрепинен тиккелей сайланады.
7-статья. Жасырын даўыс бериў
Сайлаўда еркин ҳәм жасырын даўыс бериледи. Сайлаўшылардың ерк-ықрарын қадағалаўға жол қойылмайды.
Жасырын даўыс бериў сайлаўшының ерк-ықрары үстинен ҳәр қандай түрде қадағалаў имканиятын болдырмайтуғын тийисли шараятлар жаратыў арқалы тәмийинленеди.
8-статья. Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны
өткериўдеги ашықлық ҳәм жәриялылық
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди сайлаў комиссиялары ашық ҳәм жәриялы түрде әмелге асырады.
Сайлаў комиссиялары пуқараларды өз жумыслары ҳаққында, сайлаў округлары, участкаларының дүзилгенлиги ҳаққында, сайлаў комиссияларының қурамы, олардың жайласқан орны ҳәм жумыс ўақты ҳаққында хабардар етеди, сайлаўшылардың дизимлери, сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими менен таныстырады, Жоқарғы Кеңес депутатлығына, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар ҳаққындағы, сондай-ақ, даўыс бериў ҳәм сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды мәлим етеди.
Ғалаба хабар қураллары сайлаўға таярлықтың барысын ҳәм сайлаў қалай өтип атырғанын жәриялап барады.
Сайлаў комиссияларының мәжилислери ашық өткериледи. Сайлаў комиссияларының қарарлары ғалаба хабар қуралларында жәрияланады яки усы Нызамда белгиленген тәртипте ҳәммеге мәлимленеди.
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериў бөлмелеринде ҳәм даўысларды санап шығыўда Жоқарғы Кеңес депутатлығына, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усынған сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасыў ҳуқықына ийе.
II БАП. САЙЛАЎ ОКРУГЛАРЫ ҲӘМ УЧАСТКАЛАРЫ
9-статья. Сайлаў округларын дүзиў
Жоқарғы Кеңес депутатларының сайлаўын өткериў ушын алпыс бес аймақлық сайлаў округы дүзиледи. Ҳәр бир сайлаў округынан бир депутат сайланады.
Жоқарғы Кеңес депутатларының сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлары, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң усынысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы (буннан былай текстте – Орайлық сайлаў комиссиясы деп жүритиледи) тәрепинен дүзиледи.
Жоқарғы Кеңес депутатларының сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округларының шегаралары қала ҳәм районлардың ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисин есапқа алған ҳалда, әдетте, Қарақалпақстан Республикасының пүткил аймағында сайлаўшылар саны тең болған ҳалда белгиленеди.
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын отыздан көп болмаған сайлаў округлары дүзиледи. Ҳәр бир сайлаў округынан бир депутат сайланады.
Усы Нызамда белгиленген нормалар шеңберинде жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын сайлаў округларының саны тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен халықтың, сайлаўшылардың саны, аймақ ҳәм басқа да жергиликли шараятлардан келип шыққан ҳалда белгиленеди.
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша сайлаў округлары тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен, әдетте, сайлаўшылар саны тең ҳалда дүзиледи. Сайлаў округларының шегаралары районлар ҳәм қалалардың ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисин есапқа алған ҳалда белгиленеди.
Сайлаў округларын дүзиўде сайлаў округларындағы сайлаўшылар санының жол қойылатуғын ең көп шетке шығыўы, әдетте, он проценттен аспаўы керек.
Сайлаў округларының дизимлери олардың шегаралары, сайлаўшылар саны ҳәм округлық сайлаў комиссияларының жайласқан орны көрсетилген ҳалда сайлаўдан кеминде жетпис бес күн алдын тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланады.
10-статья. Сайлаў участкаларын дүзиў тәртиби ҳәм нормасы
Жоқарғы Кеңес депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары район ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усынысы бойынша округлық сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи.
Сайлаўшыларға мүмкиншилиги болғанынша көбирек қолайлылық жаратыў мақсетинде сайлаў участкалары районлардың, қалалардың шегараларын есапқа алған ҳалда дүзиледи. Участкалар әскерий бөлимлерде де дүзиледи ҳәм бөлимлер жайласқан жердеги округларға киреди. Сайлаў участкаларының шегаралары басқа сайлаў округларының шегараларын кесип өтпеўи тийис.
Санаторийларда, дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкин.
Әскерий бөлимлерде сайлаў участкалары бөлимлер яки әскерий бирлеспелер командирлериниң усынысы бойынша округлық комиссиялар тәрепинен дүзиледи.
Сайлаў участкалары сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанда, әдетте, сайлаўшылар саны жигирмадан кем болмаған ҳәм үш мыңнан көп болмаған ҳалда дүзиледи. Әскерий бөлимлерде, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары әне усы мүддетте, айырым жағдайларда болса сайлаўға кеминде жети күн қалғанда дүзиледи.
Сайлаў участкаларының саны округлар санынан кем болыўы мүмкин емес.
Округлық сайлаў комиссиясы сайлаў участкаларының тәртип санын белгилейди ҳәм тийисли участка комиссиясының телефон номерлерин, жайласқан орнын ҳәм даўыс бериў имаратын көрсеткен ҳалда сайлаўшыларды ҳәр бир участканың шегаралары ҳаққында хабардар етиўди шөлкемлестиреди.
Жоқарғы Кеңес, жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы бир ўақытта өткерилген жағдайда Жоқарғы Кеңес депутатларының сайлаўын өткериў бойынша округлық сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкалары дүзиледи.
III БАП. САЙЛАЎ КОМИССИЯЛАРЫ
11-статья. Сайлаў комиссиялары системасы
Сайлаў комиссиялары системасына төмендегилер киреди:
Орайлық сайлаў комиссиясы;
районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары;
округлық сайлаў комиссиялары;
участкалық сайлаў комиссиялары.
Сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез ҳалда әмелге асырады.
Сайлаў комиссияларының жумысына араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
Сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысында Өзбекстан Республикасы Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына, усы Нызамға ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине бойсынады.
Мәселелерди көрип шығыў ҳәм қарарлар қабыл етиў сайлаў комиссиясы тәрепинен коллегиал тәризде әмелге асырылады.
Сайлаў комиссиялары өз жумысын ашық ҳәм жәриялы түрде әмелге асырады.
Сайлаў комиссиясының мәжилислеринде сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасыўы мүмкин.
Сайлаў комиссиялары талабанларға, сиясий партияларға сайлаў кампаниясын өткериў ушын тең шараятларды, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын ажыратылған бюджет қаржыларының әдиллик пенен бөлистирилиўин, даўыс бериўдиң ҳәм сайлаў жуўмақларын шығарыўдың ҳақыйқый болыўын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көреди.
12-статья. Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў
Орайлық сайлаў комиссиясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен кеминде он бес ағзадан ибарат қурамда дүзиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң усынысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы бойынша комиссия ағзалары арасынан комиссия мәжилисинде сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары ҳәм комиссия хаткери комиссия ағзалары арасынан комиссия мәжилисинде сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы тийисли гүўалыққа ийе болады.
Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы ҳәм ағзаларының гүўалығы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен имзаланады.
13-статья. Орайлық сайлаў комиссиясына ағзалық
Жигирма бес жасқа толған, әдетте, жоқары мағлыўматқа, сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ис тәжирийбесине ийе болған, жәмийетшилик арасында абыройға ийе ҳәм кеминде кейинги бес жыл Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы жасап турған пуқара Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин.
Аўыр яки жүдә аўыр жынаятлар ислегени ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар, әскерий хызметкерлер, мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, басқа да әскерийлестирилген бөлимшелердиң хызметкерлери, диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметшилери Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы басқа сайлаў комиссиясының яки сиясий партияның ағзасы болыўы мүмкин емес.
Орайлық сайлаў комиссиясының Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабан яки исенимли ўәкил етип дизимге алынған ағзасы комиссия қурамынан шығып кеткен деп есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасының ўәкилликлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тиккелей яки оны ағзалыққа усынған уйымның усынысы бойынша төмендеги жағдайларда тоқтатылыўы мүмкин:
ол өз ўәкилликлерин тоқтатыў туўралы жазба арза бергенде;
ол суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылғанда;
оған байланыслы судтың айыплаў ҳүкими нызамлы күшке киргенде;
ол өз ўазыйпаларын турақлы түрде орынламай келгенде;
нызамға муўапық ол Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасының ўәкилликлерин әмелге асырыў менен бир ўақытта шуғылланып болмайтуғын лаўазымға сайланғанда яки тайынланғанда;
ол судтың нызамлы күшке кирген қарары тийкарында бийдәрек жоғалған деп табылғанда яки қайтыс болған деп жәрияланғанда;
ол Өзбекстан Республикасы пуқаралығын жоғалтқанда;
ол қайтыс болғанда.
Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа ағзасы усы Нызамда белгиленген тәртипте сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының турақлы тийкарда ислеўши ағзалары илимий ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.
Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларына Жоқарғы Кеңес депутатларына байланыслы қолланылатуғын қол қатылмаслық ҳаққындағы қағыйдалар қолланылады.
14-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Орайлық сайлаў комиссиясы:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўды өткериў ушын дүзилетуғын сайлаў комиссиялары системасына басшылық етеди, Қарақалпақстан Республикасының пүткил аймағында усы Нызамның орынланыўы үстинен бақлаўды әмелге асырады, оның бирдей тәризде қолланылыўын тәмийинлейди;
Жоқарғы Кеңес депутатлары, жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығын жәриялайды;
сайлаў комиссияларының жумысын методикалық жақтан тәмийинлеўди әмелге асырады, сайлаўды шөлкемлестириў мәселелери бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде қарарлар қабыл етеди, инструкциялар менен режелерди тастыйықлайды, түсиндириўлер береди;
Сайлаў процессин басқарыўдың мәлимлеме системасын енгизиў ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы сайлаўшыларының бирден-бир электрон дизиминен (буннан былай текстте Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими деп жүритиледи) пайдаланыў бойынша улыўмалық басшылықты ҳәм муўапықластырыўды әмелге асырады;
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округларды дүзеди, оларға атама ҳәм тәртип санын береди ҳәмде усы округлардың жайласқан жери ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлық сайлаў комиссияларын дүзеди, сондай-ақ, олардың жайласқан жери ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
сайлаў комиссиялары қурамына өзгерислер киргизиў тәртибин белгилейди;
егер округлық сайлаў комиссияларының қарарлары усы Нызамға қайшы келсе, усы қарарларды өз бетинше яки Қарақалпақстан Республикасы прокурорының усынысына муўапық бийкарлайды;
сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли қәрежетлер сметасын ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды, пул қаржыларын сайлаў комиссияларына бөлистиреди, соның ишинде сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын бөлистиреди, сайлаў комиссияларының имаратлар, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлениўин қадағалайды, сайлаўды материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеўге байланыслы басқа да мәселелерди көрип шығады;
сиясий партиялардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының бақлаўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын мандат үлгисин белгилейди;
усынылған ҳүжжетлер тийкарында сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына руқсат бериў ҳаққында қарар қабыл етеди;
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабанлар усынған сиясий партиялардан тийисли ҳүжжетлерди қабыл етип алады;
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабанларды дизимге алады, дизимге алынған талабанлардың дизимлери менен олар ҳаққындағы мағлыўматлардың баспасөзде жәрияланыўын және оларға гүўалықлар бериўди шөлкемлестиреди;
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабанларға сайлаўда қатнасыўы ушын тең шараятларды тәмийинлейди;
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўына байланыслы сайлаў бюллетенлериниң, сайлаўшылар дизимлериниң, имза қағазларының, сайлаў комиссиялары баянламаларының ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң, сайлаў қутыларының ҳәм сайлаў комиссиялары мөрлериниң үлгилери менен формаларын, оларды сақлаў тәртибин белгилейди;
сайлаў бюллетенлерин таярлаў ҳәм сайлаў участкаларына жеткериў тәртибин белгилейди;
сайлаў комиссиялары, сиясий партиялар, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар менен жәмийетлик бирлеспелер ўәкиллериниң сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлайды;
сайлаўдың жуўмақларын шығарады, Қарақалпақстан Республикасы бойынша даўыс бериўдиң улыўма нәтийжелерин анықлайды ҳәм даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар саны, ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар саны ҳаққындағы хабарды баспасөзде жәриялайды;
усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда қайта даўыс бериў, Жоқарғы Кеңес депутатларының қайта сайлаўын ҳәм босап қалған орынларға сайлаў өткерилиўин шөлкемлестиреди;
сайланған Жоқарғы Кеңес депутатларын дизимге алады, сондай-ақ, олардың дизимин баспасөзде ҳәм басқа да дәреклерде жәриялайды;
сайлаўдан кейин Жоқарғы Кеңестиң биринши мәжилисин шақырады;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатына Жоқарғы Кеңес депутатының гүўалығы менен өңир белгисин береди;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди;
усы Нызам талаплары бузылғанлығы ҳаққындағы материалларды судқа яки ҳуқық қорғаў уйымларына тапсырады;
басқа мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм шет еллердиң ўәкиллери менен халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырады, ушырасыўлар шөлкемлестиреди, келисимлер ҳәм меморандумлар дүзеди;
шет еллердеги сайлаўларды бақлаўда қатнасады, соның ишинде халықаралық шөлкемлердиң миссиялары қурамында қатнасады;
халықаралық шөлкемлерди, шет еллердиң сайлаў уйымларын ҳәм ўәкиллерин сайлаўларды бақлаў ушын мирәт етеди;
сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы ҳүжжетлердиң ведомстволық архивлерге тапсырылыўын тәмийинлейди;
Орайлық сайлаў комиссиясының Регламентин тастыйықлайды;
жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары менен байланысларды беккемлейди ҳәм раўажландырады.
15-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы:
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысына басшылықты әмелге асырады;
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислерин шақырады, оларда басшылық етеди, комиссия ағзалары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди;
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде қатнасыў ушын мәмлекетлик уйымлардың, сиясий партиялардың ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелердиң, шөлкемлердиң ўәкиллерин ҳәм лаўазымлы шахсларын мирәт етеди;
мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер менен қатнасықларда Орайлық сайлаў комиссиясы атынан ис жүргизеди;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў жуўмақлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине мәлимлеме береди;
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерин имзалайды;
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен ажыратылған қаржыларды бөлистиреди ҳәм олардан мақсетли пайдаланылыўын қадағалайды;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши мәжилисин ашады ҳәм Жоқарғы Кеңестиң Баслығы сайланғанға шекем онда басшылық етеди.
Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының өз ўәкилликлерин әмелге асырыў имканы болмағанда, сондай-ақ, баслық болмаған жағдайда оның ўазыйпалары баслықтың орынбасарына яки Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен комиссия ағзаларынан биреўине жүкленеди.
16-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының
мәжилислери ҳәм қарарлары
Орайлық сайлаў комиссиясы жумысының шөлкемлестириў формасы оның мәжилислери болып, олар зәрүрликке қарап өткериледи. Егер мәжилисте комиссия ағзалары улыўма санының кеминде үштен еки бөлеги қатнасса, мәжилис ўәкилликли болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары ашық даўыс бериў арқалы, комиссия ағзалары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабылланады. Даўыслар тең бөлинип қалған жағдайда Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының даўысы шешиўши болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде баянлама жүргизилип, ол басшылық етиўши ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери тәрепинен имзаланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары айырықша пикир билдириўге ҳақылы болып, бул пикир жазба түрде баянламаға қосымша етиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясы өз ўәкилликлери шеңберинде қарарлар қабыл етеди, қарарлар Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы тәрепинен имзаланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары қабыл етилген ўақыттан баслап күшке киреди ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында сол күнниң өзинде, сондай-ақ, зәрүр болған жағдайларда басқа дәреклерде жәрияланыўы тийис.
Орайлық сайлаў комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл ететуғын қарарлары округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары, мәмлекетлик уйымлар, сиясий партиялар ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер ушын мәжбүрий болып есапланады.
17-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының
жумысын тәмийинлеў
Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы өз жумысын турақлы тийкарда, ағзалары жәмийетлик басламада әмелге асырады.
18-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының Регламенти
Орайлық сайлаў комиссиясы жумыс тәртиби Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде қабыл етилетуғын Регламент пенен белгиленеди.
19-статья. Районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларын дүзиў
Жергиликли Кеңеслерге сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын:
халық депутатлары районлық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша районлық сайлаў комиссиясы;
халық депутатлары қалалық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша қалалық сайлаў комиссиясы дүзиледи.
Районлық, қалалық сайлаў комиссиялары тийисли жергиликли Кеңеслер тәрепинен сайлаўға кеминде сексен күн қалғанда комиссияның жети – он бес ағзасынан ибарат қурамда дүзиледи ҳәм өз ўәкилликлерин кейинги сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғанға шекем әмелге асырады.
Районлық, қалалық сайлаў комиссияларының баслықлары усы комиссия ағзалары арасынан сайлаў комиссиясы мәжилисинде тийисли жергиликли Кеңестиң усынысына муўапық сайланады.
Комиссия баслығының орынбасары ҳәм комиссия хаткери комиссия мәжилисинде оның ағзалары арасынан сайланады. Районлық, қалалық сайлаў комиссиялары рәсмий веб-сайтларында ҳәм баспасөз басылымларында өз қурамы, мәнзили ҳәм комиссияның телефон номерлери ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды.
20-статья. Районлық, қалалық сайлаў
комиссиясының ўәкилликлери
Районлық, қалалық сайлаў комиссиясы:
тийисли аймақта усы Нызамның орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, оның бирдей тәризде қолланылыўын тәмийинлейди ҳәмде сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелери бойынша түсиниклер береди;
тийисли жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша сайлаў округларын дүзеди, оларға атама ҳәм номер береди ҳәмде усы округ комиссиясы жайласқан жер ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
тийисли жергиликли Кеңеске сайлаў өткериў бойынша округлық сайлаў комиссияларын дүзеди ҳәм комиссия қурамы ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
тийисли сайлаў комиссияларының жумысын бағдарлап барады, олардың қурамына өзгерислер киргизиў тәртибин белгилейди, егер округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының қарарлары усы Нызамға қайшы келсе, усы қарарларды өз бетинше яки район, қала прокурорының усынысына муўапық бийкарлаўы мүмкин;
депутатлыққа талабанлар усынған сиясий партиялардан тийисли ҳүжжетлерди қабыл етип алады;
депутатлыққа талабанларды дизимге алады ҳәм оларға гүўалықлар береди;
депутатлыққа талабанлар сайлаў кампаниясында қатнасыўы ушын тең шараятларды тәмийинлейди;
пул қаржыларын тийисли сайлаў комиссиялары арасында бөлистиреди, сайлаў комиссияларының имаратлар, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлениўин қадағалайды, сайлаўды материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў бойынша басқа да мәселелерди көрип шығады;
тийисли жергиликли Кеңеске сайлаў бойынша сайлаў бюллетенлериниң, сайлаўшылар дизимлериниң, сайлаў комиссиялары баянламаларының, өз мөриниң, сайлаўға тийисли басқа да ҳүжжетлердиң формаларын тастыйықлайды ҳәм таярланыўын тәмийинлейди;
сиясий партиялар, басқа жәмийетлик бирлеспелер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллериниң ҳәмде кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемелерин тыңлайды;
тийисли жергиликли Кеңеске өткерилген сайлаў жуўмақларын шығарады, сайланған депутатларды дизимге алады, сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм сайланған депутатлардың дизимлерин баспасөзде жәриялайды (ҳәммеге мәлимлейди);
депутатларға тийисли жергиликли Кеңес депутаты гүўалығын ҳәм өңир белгисин береди;
қайта сайлаў өткериўге байланыслы мәселелерди шешеди;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди;
усы Нызам талаплары бузылғанлығы ҳаққындағы материалларды судқа яки тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына тапсырады;
сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы ҳүжжетлердиң архивлерге ҳәм ведомстволық архивлерге тапсырылыўын тәмийинлейди.
21-статья. Округлық сайлаў комиссияларын дүзиў
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлық сайлаў комиссиясы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен, жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша округлық сайлаў комиссиясы болса тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда комиссия баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери ҳәм комиссияның басқа алты – сегиз ағзасынан ибарат қурамда дүзиледи.
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлық сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлар халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде додаланады ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықлаў ушын усынылады.
Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша округлық сайлаў комиссияларының ағзалары пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының усынысына муўапық тастыйықланады.
Округлық сайлаў комиссиясының ағзалары жәмийетшиликтиң абыройлы ўәкиллери арасынан тастыйықланады.
22-статья. Округлық сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Округлық сайлаў комиссиясы:
тийисли аймақта усы Нызамның орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады;
сайлаў участкаларын дүзеди, округ бойынша олардың тәртип санын белгилейди, мәнзилин көрсеткен ҳалда олардың дизимин жәриялайды;
участкалық сайлаў комиссияларының жумысын муўапықластырады;
сайлаў участкаларының жайласқан орны ҳаққында сайлаўшыларды хабардар етеди;
участкалық сайлаў комиссияларын дүзеди ҳәм олардың қурамы ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
талабанларға сайлаў кампаниясында қатнасыў ушын тең шараятларды тәмийинлейди;
талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларын шөлкемлестириўге көмеклеседи;
депутатлыққа талабанлардың исенимли ўәкиллерин дизимге алады ҳәм оларға тийисли гүўалықлар береди;
сиясий партиялар, басқа жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллериниң, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин еситеди;
сайлаўшылар дизимлериниң дүзилиўин ҳәм олардың ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылыўын бақлап барады;
сайлаў округы бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлайды ҳәм оларды тийислисинше Орайлық сайлаў комиссиясына, районлық, қалалық сайлаў комиссиясына усынады;
қайта даўыс бериў ҳәм қайта сайлаў, сондай-ақ, босап қалған орынларға депутатлар сайлаўы өткерилиўин шөлкемлестиреди;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди.
23-статья. Участкалық сайлаў комиссиясын дүзиў
Участкалық сайлаў комиссиясы округлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде қырқ күн қалғанда бес – он тоғыз ағзадан, соның ишинде, баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерден ибарат қурамда дүзиледи.
Егер комиссия жети ағзаға шекемги қурамда дүзилсе, баслық ҳәм хаткер сайланады.
Зәрүр болған жағдайларда участкалық сайлаў комиссиясының сан қурамы өзгертилиўи мүмкин.
Участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен усынылып, бул талабанлар халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслердиң мәжилислеринде додаланады ҳәм тийисли округлық сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усынылады.
24-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Участкалық сайлаў комиссиясы:
участка бойынша сайлаўшылардың дизимин дүзеди;
сайлаўшыларды сайлаўшылардың дизими менен таныстырады, дизимде жол қойылған қәтелер ҳәм анықсызлықлар ҳаққындағы арзаларды қабыл етеди ҳәм көрип шығады және дизимге тийисли өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени шешеди;
сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў ҳәм даўыс бериўде қатнасыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылардан толтырылған сайлаў бюллетенлерин жабық конвертлерде қабыл етип алады;
халықты сайлаў күни ҳәм даўыс бериў орны ҳаққында хабардар етеди;
имараттың жасырын даўыс бериў кабиналары яки бөлмелери ҳәм сайлаў қутылары, сондай-ақ, басқа да үскенелер менен таярлап қойылыўын тәмийинлейди;
сайлаў күни участкада даўыс бериўди шөлкемлестиреди;
даўысларды санап шығады;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди.
25-статья. Сайлаў комиссиясы ағзаларына
қойылатуғын талаплар
Жигирма бир жасқа толған, орта яки жоқары мағлыўматқа, әдетте, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша ис тәжирийбесине ийе болған, халық арасында абыройға ийе пуқаралар районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясының, округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин.
Басқа сайлаў комиссиясының ағзалары, сиясий партиялардың ағзалары, район ҳәм қала ҳәкимлери, прокуратура уйымларының, судлардың лаўазымлы шахслары, талабанлардың жақын туўысқанлары ҳәм исенимли ўәкиллери, сондай-ақ, талабанларға тиккелей бойсыныўшы шахслар сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының ярымынан көби бир шөлкемнен усыныс етилиўи мүмкин емес.
Комиссия ағзасы жеке арзасы бойынша, сондай-ақ, ўәкилликлеринен айырылған жағдайда өз ўазыйпаларын атқарыўдан азат етилиўи мүмкин.
Комиссия ағзасы усы Нызам талапларын бузған яки өз ўазыйпаларына турақлы түрде итибарсызлық қылған жағдайда оны ўәкилликлеринен айырыў ҳуқықы комиссияны дүзген уйымға тийисли болады.
Зәрүр болған жағдайда усы Нызамда белгиленген тәртипте сайлаў комиссиясының жаңа ағзасы сайланады.
26-статья. Сайлаў комиссияларының жумысын
шөлкемлестириў ҳәм олардың ўәкилликлери мүддети
Сайлаў комиссиясының мәжилиси, егер онда мәжилис өткерилип атырған күндеги комиссия ағзалары санының кеминде үштен еки бөлеги қатнасып атырған болса, ўәкилликли болады. Комиссия қарары ашық даўыс бериў арқалы комиссия ағзалары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи. Қарарға наразы болған комиссия ағзалары айырықша пикирин баян етиўге ҳақылы болып, бул пикир жазба түрде баянламаға қосымша етиледи. Даўыслар тең болып қалған жағдайда басшылық етиўшиниң даўысы шешиўши болып есапланады.
Сайлаў комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен қарары төменги сайлаў комиссиялары, сондай-ақ, барлық мәмлекетлик уйымлар, сиясий партиялар ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелер, мийнет жәмәәтлери менен әскерий бөлимлер, кәрханалардың, мәкемелердиң ҳәм шөлкемлердиң басшылары орынлаўы ушын мәжбүрий болып есапланады.
Сайлаў комиссиясының қарарына муўапық комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери яки басқа ағзасы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өндирислик яки хызмет ўазыйпаларын орынлаўдан сайлаў өткериў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан орташа айлық ис ҳақысы сақланған ҳалда азат етилиўи мүмкин.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар сайлаў комиссияларына өз ўәкилликлерин әмелге асырыўында көмеклесиўи, олардың жумысы ушын зәрүр мағлыўматларды бериўи шәрт.
Мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын керекли болған имаратлар ҳәм үскенелерди сайлаў комиссиялары ықтыярына бийпул берип турыўы шәрт.
Сайлаў комиссиясы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәмлекетлик уйымларға ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң уйымларына, кәрханаларға, мәкемелерге, шөлкемлерге, лаўазымлы шахсларға мүрәжат етиў ҳуқықына ийе, олар қойылған мәселени көби менен үш күнлик мүддетте көрип шығыўы ҳәм сайлаў комиссиясына жуўап қайтарыўы шәрт.
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тийисли сайлаў округларынан сайланған депутатлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан кейин өз жумысын тоқтатады.
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тийисли сайлаў округларының сайланған депутатлар районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан кейин өз жумысын тоқтатады.
IV БАП. САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ ДИЗИМЛЕРИН ДҮЗИЎ
27-статья. Сайлаўшылардың дизимлери
Сайлаў күнине шекем яки сайлаў күни он сегиз жасқа толған, дизим дүзилип атырған ўақытта усы сайлаў участкасы аймағында турақлы яки ўақытша жасап атырған пуқаралардың фамилиялары сайлаўшылар дизимине киргизиледи.
Ҳәр бир сайлаўшы тек ғана бир сайлаўшылар дизимине киргизилиўи мүмкин.
Сайлаўшылар дизимине ҳәр бир сайлаўшының фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси ҳәм жасайтуғын мәнзили киргизиледи.
Сайлаўшылар дизимлери Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириў бойынша информациялық системаның мағлыўматлары тийкарында дүзиледи.
Әскерий бөлимлердеги әскерий хызметкерлердиң, сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының ҳәм басқа сайлаўшылардың дизимлери, егер олар әскерий бөлимлер жайласқан аймақларда жасаса, әскерий бөлимлердиң командирлери усынатуғын мағлыўматлар тийкарында дүзиледи. Әскерий бөлимлерден тысқарыда жасайтуғын әскерий хызметкерлер жасайтуғын орынлары бойынша улыўма тийкарларда сайлаўшылар дизимине киргизиледи.
Санаторийларда ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкалар бойынша сайлаўшылар дизимлери усы мәкемелердиң басшылары тәрепинен усынылатуғын мағлыўматлар тийкарында дүзиледи.
28-статья. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими
Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме базаларына муўапық сайлаўшы пуқаралар, олардың турақлы ҳәм ўақытша жасайтуғын мәнзиллери ҳаққындағы мәлилемени өз ишине алған мәмлекетлик мәлимлеме ресурсы болып есапланады.
Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен усынылатуғын мәлимлеме негизинде қәлиплестириледи ҳәм жаңаланып турылады, сайлаў кампаниясы дәўиринде болса тийисли участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен анықластырылады.
Ҳәр бир участкалық сайлаў комиссиясы дүзилгеннен кейин үш күн ишинде Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминде бөлистирилген усы участка сайлаўшыларының дәслепки дизимин алады.
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылардың дәслепки дизимин алғаннан кейин оны усы участка аймағында жасаўшы халықты үйме-үй айланып шығыў жолы менен анықластырыў илажларын көреди.
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылар дизимин анықластырыў бойынша жумыста қатнасыў ушын жәмийетшилик ўәкиллерин тартыўы мүмкин. Районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери сайлаўшылардың дизимлерин анықластырыў ислерине көмеклеседи.
Сайлаў комиссиялары халықты үйме-үй айланып шығыў нәтийжелери бойынша сайлаўшының Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминдеги фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси ҳәм жасайтуғын мәнзилин дүзетип, сайлаўшылар дизимлерине өзгерислер киргизиўи мүмкин.
Сайлаўшылардың дизими ҳәр бир сайлаў участкасы бойынша участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи ҳәм оның баслығы ҳәмде хаткери тәрепинен имзаланады.
Сайлаў күни сайлаў участкаларында Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминен алынған сайлаўшылар дизимлеринен пайдаланылады.
29-статья. Пуқараларды сайлаўшылардың
дизимлери менен таныстырыў
Пуқараларға участкалық сайлаў комиссиясы имаратында сайлаўшылар дизими менен танысыў, сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайты арқалы сайлаўшылар дизиминен өзлерине тийисли мағлыўматлар менен танысыў имканияты тәмийинленеди.
Сайлаўшылардың дизимлери сайлаўға он бес күн қалғанда, санаторийларда ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкаларда болса сайлаўға үш күн қалғанда ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылады.
Участкалық сайлаў комиссиясы дизим менен танысыў орны ҳәм ўақты ҳаққында хабардар етеди.
Сайлаў комиссиялары сайлаўшылардың дизимлери ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылғаннан кейин де оларға өзгерислер киргизиўи мүмкин.
Сайлаўшылардың дизимлерине өзгерислер киргизиў сайлаўға үш күн қалғанда тоқтатылады.
30-статья. Сайлаўшылардың дизимлери бойынша тартысыў
Ҳәр бир пуқара сайлаўшылардың дизимлериндеги қәтелик яки анықсызлық ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясына мүрәжат етиўи мүмкин. Участкалық сайлаў комиссиясы 24 саат ишинде мүрәжатты тексериўи ҳәм қәтеликти яки анықсызлықты сапластырыўы ямаса мүрәжат етиўшиге оның мүрәжатын көрип шығыўдан бас тартылғанлығы ҳаққында тийкарланған жуўап бериўи шәрт.
Участкалық сайлаў комиссиясының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин.
V БАП. САЙЛАЎ БЮЛЛЕТЕНИ
31-статья. Сайлаў бюллетениниң мазмуны
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.
Жергиликли Кеңеслер сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен тастыйықланады.
Талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты сайлаў бюллетенине оның туўылған жылы, ийелеп турған лаўазымы (жумысының түри), жумыс орны ҳәм оны талабан етип усынған сиясий партия көрсетилген ҳалда әлипбе тәртибинде киргизиледи.
Сайлаў бюллетенинде оны толтырыў тәртиби ҳаққындағы түсиндирме болыўы керек.
Сайлаў бюллетенлери мәмлекетлик тилде, сондай-ақ, округлық сайлаў комиссиясының қарарына муўапық тийисли округ халқының көпшилиги сөйлесетуғын тиллерде басып шығарылады.
Сайлаў бюллетенлери Брайль әлипбеси тийкарында таярланыўы мүмкин.
32-статья. Сайлаў бюллетенлерин таярлаў ҳәм жеткерип бериў
Участкалық сайлаў комиссиялары сайлаў бюллетенлерин даўыс бериў күнине, соның ишинде мүддетинен алдын даўыс бериў күнине кеминде үш күн қалғанда округлық сайлаў комиссияларынан алады. Сайлаў бюллетенлериниң тапсырылғанлығын ҳәм қабыл етилгенлигин округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары ямаса хаткери тийисли ҳүжжетте өз имзасы менен тастыйықлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясы алатуғын сайлаў бюллетенлериниң саны участка бойынша дизимлерге киргизилген пуқаралар санына салыстырғанда ярым проценттен артық болыўы мүмкин емес. Сайлаў бюллетени оң тәрепиниң жоқарғы мүйешине участкалық сайлаў комиссиясының еки ағзасы имза қояды, имзалар участкалық комиссияның мөри менен тастыйықланады. Участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланбаған сайлаў бюллетенлери даўысларды санап шығыўда есапқа алынбайды.
VI БАП. БАҚЛАЎШЫЛАРДЫҢ, СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАР ЎӘКИЛЛИКЛИ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ, ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ
33-статья. Сиясий партиялардан, пуқаралардың
өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлаўшылар
Сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, сондай-ақ басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар өз жумысын тийисли комиссиялар тәрепинен берилген мандатлар тийкарында әмелге асырады.
Мәпдар шөлкемлер өз бақлаўшылары ҳаққында сайлаў комиссияларына сайлаўдан кеминде он бес күн алдын арза менен мәлим етеди.
Мәпдар шөлкемнен арза алынғаннан кейин бес күн ишинде сайлаў комиссиясы бақлаўшы ушын мандат береди.
Бақлаўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:
сайлаў комиссияларының мәжилислеринде қатнасыў;
талабанларды усыныўға шақырылған жыйналысларда, талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларында қатнасыў;
сайлаў участкасында болыў, таярлық ислериниң барысын, жасырын даўыс бериў кабиналарының яки бөлмелериниң жайластырылыўын ҳәм сайлаў қутыларының мөрлениўин, пуқаралардың дизимге алыныўын, сайлаў бюллетенлериниң оларға берилиўин бақлаў;
даўыслар саналып атырғанда ҳәм сайлаў комиссиясының баянламасы дүзилип атырғанда қатнасыў;
сайлаў нәтийжелери ҳаққындағы ҳүжжетлердиң тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған көширме нусқаларын сораў ҳәм алыў;
егер тийисли сайлаў участкасында усы Нызамның талаплары бузылыўына жол қойылған деп есаплаў ушын тийкарлар болса, өз бақлаўлары ҳаққында тийисли сайлаў комиссиясына мәлим етиў.
Бақлаўшыларға төмендегилер қадаған етиледи:
сайлаўшы сайлаў бюллетенине өз белгисин қойып атырған ўақытта жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде болыў;
пуқараларға тәсир өткериў, қандай да бир үгитлеў материалын яки әдебиятын тарқатыў;
сайлаўшылардан олар қалай даўыс бергенлигин сорастырыў яки сайлаўшыларға сайлаў бюллетенине белги қойыўда қандай да бир түрде жәрдем көрсетиў;
сайлаў комиссиясының жумысына, соның ишинде сайлаў қутыларын мөрлеўге, оларды ашыўға, даўысларды санап шығыўға араласыў.
34-статья. Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабанлар, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усынған сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ушын ўәкилликли ўәкил тайынлаўға ҳақылы.
Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, сиясий партия тәрепинен берилген ҳүжжетти ҳәм тийисли сайлаў комиссиясының мандатын жанында алып жүриўи шәрт.
35-статья. Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларды сәўлелендириў, сайлаў күни даўыс бериў имаратларында, соның ишинде даўысларды санап шығыў ўақтында қатнасыў ҳуқықына ийе.
Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ўәкилликлери Орайлық сайлаў комиссиясы, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен берилген ҳүжжетлер менен тастыйықланған болыўы керек.
Басқа мәмлекетлердиң ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы аккредитациядан өткереди.
VII БАП. САЙЛАЎ КАМПАНИЯСЫ БАСЛАНҒАНЛЫҒЫН ЖӘРИЯЛАЎ, СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАРДЫҢ САЙЛАЎДА ҚАТНАСЫЎЫ
36-статья. Сайлаў кампаниясы басланғанлығын жәриялаў
Жоқарғы Кеңес депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығы олардың ўәкилликлери мүддети тамамланыўынан кеминде үш ай алдын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
37-статья. Талабанлар усыныў ҳуқықы
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабан, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан усыныў ҳуқықына сиясий партиялар ийе.
38-статья. Имзаларды топлаў тәртиби
Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўы бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партияларға белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклери бериледи.
Сайлаўшылар бир яки бирнеше сиясий партияны қоллап-қуўатлап имза қойыўға ҳақылы. Бунда сайлаўшы өз фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын (жасы он сегизде болса, қосымша рәўиште туўылған күни ҳәм айын), жасайтуғын мәнзилин, паспортының сериясы ҳәм номерин, сондай-ақ, имза қойылған сәнени көрсетеди. Усы мағлыўматлар қолдан жазып киргизиледи. Имза қағазына өз имзасын қоятуғын сайлаўшы ҳаққындағы мағлыўматлар сайлаўшының илтимасы бойынша имза топлаўды әмелге асырып атырған шахс тәрепинен киргизилиўи мүмкин.
Имза қағазы имзаны топлаған шахс тәрепинен өз фамилиясы, аты, әкесиниң аты көрсетилген ҳалда имзаланады, сондай-ақ, тийисли сиясий партияның районлық, қалалық дүзилмеси басшысы тәрепинен мөр басып тастыйықланады.
Сайлаўшылардың имзасын топлаў жумыс, хызмет, оқыў, жасаў орнында, сайлаў алды илажларында, сондай-ақ, үгит-нәсият жүргизиў ҳәм имза топлаў нызам менен қадаған етилмеген басқа да орынларда әмелге асырылады. Имза топлап атырған шахс тәрепинен сайлаўшыларды мәжбүрлеў ҳәм өзине қаратып алыўдың ҳәрқандай формасы нызамда белгиленген жуўапкерликти келтирип шығарады.
Имза топлаў тамамланғаннан соң сиясий партияның ўәкилликли ўәкили район ҳәм қалалар бойынша өз алдына топлап тигилген имза қағазларын Орайлық сайлаў комиссиясына тапсырады.
39-статья. Имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын
Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тексериў
Сиясий партиялар усынған имза қағазларының дурыс толтырылғанлығы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бес күнлик мүддетте тексериледи. Сайлаўшылар имзалары зәрүр санының кеминде он бес проценти ҳәм имза қағазларына имзаларын қойған сайлаўшылар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар тексерилиўи тийис.
Тексериў ушын сайлаўшылардың ҳәр бир сиясий партияны қоллап-қуўатлап берилген имзалары бирдей муғдарда, ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық дүзилмеден (район, қаладан) тең қатнаста таңлап алынады.
Орайлық сайлаў комиссиясы имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын тексериўши Эксперт топарын дүзиўи мүмкин. Эксперт топары қурамына ишки ислер уйымларының, әдиллик уйымларының қәнигелери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери тартылады. Имза қағазларын тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасады.
Егер Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен таңлап алынған имза қағазларының шерек бөлегинен көбирегин тексериў нәтийжесинде имза қағазлары нызам бузылған ҳалда дүзилгенлиги анықланса, усы имза қағазлары сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине қайтарылады ҳәм оған кемшиликлерди сапластырыў ушын еки күнлик мүддет бериледи. Егер қоллап-қуўатлаўшы шахслардың (сайлаўшылардың) имзалары саны белгиленген ең кем муғдардан да аз болып шықса, усы имза қағазлары толығы менен ҳақыйқый емес деп табылады. Бул жағдайда Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияға сайлаўда қатнасыў ҳуқықын бериўден бас тартады.
VIII БАП. ТАЛАБАНЛАРДЫ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛЛЕРИН ДИЗИМГЕ АЛЫЎ, ОЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ СТАТУСЫ
40-статья. Талабанларды дизимге алыў тәртиби
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабанлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынады, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды дизимге алыўды болса тийисли районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясы әмелге асырады.
Талабан етип дизимге алынған шахсқа дизимге алынғанлық гүўалығы бериледи.
Талабанларды дизимге алыў сайлаўға отыз бес күн қалғанда тамамланады.
Талабанлар дизимге алынғаннан кейин бес күнлик мүддетте тийисли сайлаў комиссиясы дизимге алынғанлығы ҳаққындағы хабарды талабанның фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын, партиялылығын, ийелеп турған лаўазымын (жумысының түрин), жумыс ҳәм жасаў орнын, сондай-ақ, оны талабан етип усынған сиясий партияны көрсеткен ҳалда жәриялайды.
41-статья. Талабанлар жумысының кепилликлери
Дизимге алынған барлық талабанлар тең ҳуқықларға ийе болады.
Талабанлар сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў, сайлаў алды жыйналысларында, телевидение ҳәм радио арқалы сөзге шығыў ўақтында өндирислик яки хызмет ўазыйпаларын атқарыўдан сайлаўды өткериў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан орташа айлық ис ҳақысы сақланған ҳалда азат болыў ҳуқықына ийе.
Талабанлар дизимге алынғаннан кейин сайлаў округы шеңберинде, мәмлекетлик жолаўшылар транспортының барлық түрлеринде (буған қалалық жолаўшы транспорты, такси ҳәм басқа транспорт түрлериниң буйыртпа жөнелислери кирмейди) бийпул жүриў ҳуқықына ийе. Сайлаў округынан тысқарыда жасаўшы депутатлыққа талабан сайлаў округына барыў ҳәм жасаў орнына қайтыў ушын оларда бийпул жүриў ҳуқықынан пайдаланады.
Талабанлардың хызмет сапары ҳәм басқа қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан төленеди.
42-статья. Талабанлық статусынан айырыў.
Талабанның талабанлықтан ўаз кешиўи
Сиясий партия ол яки бул шахсты талабан етип көрсетиў ҳаққындағы өз қарарын сайлаўға кеминде он бес күн қалғанда бийкар етиў ҳуқықына ийе, бул шахс тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен талабанлық статусынан айырылыўы мүмкин. Сиясий партия талабанлар усыныў мүддети тамамланғанға шекем тийисли сайлаў комиссиясына жаңа талабанды дизимге алыў ҳаққында усыныс киргизиўи мүмкин.
Сиясий партия жумысының тоқтатылғанлығы талабанды усы партиядан сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан айырады.
Талабан сайлаўға шекем қәлеген ўақытта талабанлықтан ўаз кешиўи мүмкин. Буның ушын ол тийисли сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди.
43-статья. Талабанның исенимли ўәкиллери
Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабан он адамға шекем, районлық ҳәм қалалық Кеңес депутатлығына талабан үш адамға шекем исенимли ўәкилге ийе болыўға ҳақылы, исенимли ўәкиллер талабанға сайлаў кампаниясын өткериўде жәрдем береди, сайлаў ушын үгит-нәсият жүргизеди, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелер, сайлаў комиссиялары менен болатуғын қатнасықларда талабанның мәплерин билдиреди.
Депутатлыққа талабан дизимге алынғаннан кейин исенимли ўәкиллерин өз қәлеўи бойынша белгилейди ҳәм олар туўралы тийисли сайлаў комиссиясына мәлим етеди. Сайлаў комиссиясы исенимли ўәкиллерди дизимге алады ҳәм оларға гүўалықлар береди.
Талабан сайлаўға шекем өз исенимли ўәкилин тийисли сайлаў комиссиясына мәлим еткен ҳалда қәлеген ўақытта ўәкиллигинен айырыўы ҳәм оны басқасы менен алмастырыўы мүмкин. Исенимли ўәкил қәлеген ўақытта өз ўәкилликлеринен ўаз кешиўге ҳақылы.
Исенимли ўәкил сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Талабанлардың исенимли ўәкиллериниң Қарақалпақстан Республикасы аймағы шеңбериндеги сапар қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан төленеди.
IX БАП. САЙЛАЎ АЛДЫ ҮГИТ-НӘСИЯТЫ
44-статья. Сайлаў алды үгит-нәсиятын жүргизиў
Сайлаў алды үгит-нәсияты – сайлаў кампаниясы дәўиринде әмелге асырылатуғын ҳәм сайлаўшыларды талабан яки сиясий партияны жақлап даўыс бериўге шақырыўға қаратылған жумыс болып есапланады.
Сайлаў алды үгит-нәсияты (буннан былай текстте – үгит-нәсият деп жүритиледи) талабанларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертеңине басланады. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанда үгит-нәсиятқа жол қойылмайды.
Үгит-нәсиятты сайлаўшыларға бийпул яки имтиязлы шәртлерде товарлар бериў, хызметлер көрсетиў (мәлимлеме хызметлеринен басқа), сондай-ақ, пул қаржыларын төлеў менен қосып жүргизиў қадаған етиледи.
Надурыс мәлимлемени, сондай-ақ, талабанлардың абыройына ҳәм қәдир-қымбатына зыян келтиретуғын мағлыўматларды тарқатыў қадаған етиледи.
45-статья. Үгит-нәсият жүргизиў түрлери,
формалары ҳәм усыллары
Үгит-нәсият төмендегише түрде жүргизиледи:
сиясий партияның бағдарламасы ҳәм (яки) сайлаў алды платформасы ҳаққындағы мәлимлемени өзиниң депутатлыққа талабанларын жақлап даўыс бериўге шақырған ҳалда тарқатыў;
талабан ҳаққындағы мәлимлемени оны жақлап даўыс бериўге шақырған ҳалда тарқатыў.
Үгит-нәсият көпшилик алдында ашық дебатлар, дискуссиялар, баспасөз конференциялары, пуқаралардың жыйналыслары, интервьюлер, ғалаба хабар қуралларында шығыўлар, роликлерди жайластырыў түринде жүргизилиўи мүмкин.
Үгит-нәсият:
ғалаба хабар қураллары, телекоммуникация тармақлары, сондай-ақ, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы;
баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын (плакатлар, листовкалар ҳәм басқа материалларды) шығарыў ҳәм тарқатыў арқалы;
сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы әмелге асырылады.
Үгит-нәсият дәўиринде оны жүргизиўдиң усы Нызамда қадаған етилмеген басқа түрлери, формалары ҳәм усылларынан да пайдаланылыўы мүмкин.
46-статья. Үгит-нәсиятты ғалаба хабар қураллары арқалы жүргизиў
Үгит-нәсият жүргизилип атырғанда мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўда көлеми бойынша бирдей болған эфир ўақтын ҳәм баспа майданын бийпул бериў жолы менен тең шараятлар тәмийинленеди.
Мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларында төлемли тийкарда да эфир ўақты яки баспа майданы ажыратылыўы мүмкин.
Мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларында нызам ҳүжжетлерине муўапық эфир ўақты яки баспа майданы ажыратылыўы мүмкин.
Ғалаба хабар қураллары тәрепинен эфир ўақты, баспа майданы ушын белгиленетуғын төлем шәртлери ҳәм басқа да талаплар ҳәмме ушын тең ҳәм бирдей болыўы керек.
Үгит-нәсият мақсетинде ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў тәртиби, көлеми ҳәм ўақты сиясий партиялар менен келисилген ҳалда тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленеди.
47-статья. Үгит-нәсиятты баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм
басқа да үгит-нәсият материалларын шығарыў ҳәм
тарқатыў арқалы жүргизиў
Талабанлар менен сиясий партияларға баспа, көргизбели, аудиовизуал материалларды, фонограммаларды, баспа өнимлериниң электрон версияларын ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын иркинишсиз шығарыў ҳәм тарқатыў ушын тең шараятлар жаратылады. Үгит-нәсият материаллары Өзбекстан Республикасы аймағында таярланыўы керек.
Баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларында төмендегилер көрсетилиўи керек:
үгит-нәсият материалларын таярлаған юридикалық шахстың атамасы (физикалық шахстың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты), жайласқан жери (почта мәнзили) ҳәм ол ҳаққындағы басқа да мағлыўматлар;
үгит-нәсият материалларына буйыртпа берген юридикалық шахстың атамасы (физикалық шахстың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты);
үгит-нәсият материалларының тиражы, шығарылған сәнеси ҳаққындағы мәлимлеме.
48-статья. Сайлаўшылар менен ушырасыўлар
өткериў арқалы үгит-нәсият жүргизиў
Талабанларға ҳәм сиясий партияларға сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы үгит-нәсият ушын тең шараятлар жаратылады.
Сайлаўшылар менен ушырасыўлар депутатлыққа талабанлар, сиясий партиялар тәрепинен өз бетинше өткериледи. Сайлаўшылар менен ушырасыўларды өткериў орны ҳәм ўақты ҳаққында округлық яки участкалық комиссияға хабар бериледи, усы комиссиялар бул ҳаққында сайлаўшыларды алдын-ала хабардар етеди.
Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, сондай-ақ пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ушырасыўлар өткериў ушын үскенеленген бөлмелерди бийпул ажыратыўы, зәрүр мағлыўмат ҳәм мәлимлеме материалларын алыўда жәрдем көрсетиўи шәрт.
Талабан яки оның исенимли ўәкили басқа талабан яки оның исенимли ўәкили менен биргеликте сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериўге ямаса басқа талабан тәрепинен шөлкемлестирилген сайлаўшылар менен ушырасыўларда қатнасыўға ҳақылы.
X БАП. ДАЎЫС БЕРИЎДИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ ӨТКЕРИЎ
49-статья. Даўыс бериў имаратлары ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының имаратлары
Даўыс бериў имаратлары арнаўлы ажыратылған орынлар болып, оларда жасырын даўыс бериў ушын жетерли муғдарда кабиналар яки бөлмелер үскенелениўи, сайлаў бюллетенлерин бериў ушын орынлар ажыратылыўы ҳәмде сайлаў қутылары орнатылыўы керек. Сайлаў қутылары даўыс бериўшилер олардың жанына әлбетте жасырын даўыс бериў кабиналары яки бөлмелери арқалы өтип келетуғын етип орнатылады. Даўыс бериў жайында басқа ҳеш қандай сиясий илажлар өткерилиўине руқсат етилмейди. Имаратларды үскенелеў ҳәм оларда зәрүр тәртипти сақлап турыў жуўапкершилиги участкалық сайлаў комиссиясының мойнында болады.
Мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын зәрүр имаратлар ҳәм үскенелерди сайлаў комиссияларының ықтыярына бийпул берип турыўы шәрт.
Тийисли дәрежеде үскенеленген даўыс бериў имаратлары сайлаў комиссияларына сайлаўдан кеминде он бир күн алдын берилиўи керек.
Тутас аймақларды абаданластырыў, пуқаралар, әсиресе физикалық имканияты шекленген шахслар ушын зәрүр шараятлар жаратыў, сайлаў комиссияларын техникалық қураллар, мебель, инвентарь, офис техникасы қураллары, транспорт пенен тәмийинлеў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, ал байланыс қураллары менен тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасына жүкленеди.
Жәмийетлик тәртипти сақлаў, сайлаў өткерилетуғын имаратлар ҳәм орынларды қорықлаў, сондай-ақ, сайлаў нәтийжелерине тийисли ҳүжжетлерди тасыў ўақтында участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларын гүзетип барыў тийисли ўәкилликли уйымларға жүкленеди.
50-статья. Участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларды, бөлмелерди ҳәм даўыс бериў бөлмелерин үскенелеўге қойылатуғын талаплар
Участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратлар тийисли түрде үскенелениўи ҳәм төмендегилерге ийе болыўы керек:
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақлары (имараттың үстинде ҳәм ишинде);
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герблери (имарат ишинде);
сайлаў участкасының номери көрсетилген маңлайша;
жасырын даўыс бериў кабиналары яки бөлмелери;
зәрүрлик болса, физикалық имканияты шекленген шахслар ушын арнаўлы үскенеленген жасырын даўыс бериў кабиналары;
бақлаўшылар ушын өз алдына орынлар;
сайлаў сәнесине бағышланған плакатлар;
сайлаў участкасының картасы;
участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының қурамы, ис жобасы, нәўбетшилик кестеси ҳаққындағы мәлимлеме;
сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша мағлыўматлар жайластырылатуғын арнаўлы стенд;
барлық дизимге алынған талабанлардың Орайлық сайлаў комиссиясы, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен басып шығарылған өмирбаяны ҳәм бағдарламасы;
зәрүр мебель, офис техникасы қураллары (телефон, принтер, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жалғанған ҳәм Сайлаў процесин басқарыў информациялық системасына кириў имканиятына ийе болған компьютерлер, сейф, канцелярия товарлары);
өртке қарсы қураллар.
Даўыс бериў бөлмелери жақты ҳәм кең болыўы, өз алдына кириў ҳәм шығыў орны болыўы, сондай-ақ, оларда физикалық имканияты шекленген шахслар ушын пандуслар нәзерде тутылған болыўы керек.
51-статья. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны
Даўыс бериў сайлаў күни саат 8.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде он күн алдын хабардар етеди.
Санаторийларда, дем алыс үйлеринде, емлеўханалар ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, әскерий бөлимлерде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларында участкалық сайлаў комиссиясы, егер дизимге киргизилген барлық пуқаралар даўыс берип болған болса, даўыс бериў тамамланғанын қәлеген ўақытта жәриялаўы мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан сайлаў участкаларында сайлаў қутыларын саат 20.00 ден бурын ашыўға ҳәм даўысларды санап шығыўға жол қойылмайды.
52-статья. Сайлаўшының шахсын анықлаў
Даўыс бериў жайына келип, сайлаўшы участкалық сайлаў комиссиясының ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетеди ҳәм сайлаўшылар дизимине имза қояды. Соннан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.
Қандай да бир себепке көре сайлаўшылар дизимине фамилиясы кирмей қалған сайлаўшылардың фамилиялары сайлаўшының шахсы, пуқаралығы ҳәм жасаў орнын тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында сайлаўшылар дизими қосымшасына киргизиледи.
53-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының
даўыс бериўден бурынғы жумысы
Сайлаў күни даўыс бериў имараты участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының кеминде үштен еки бөлеги бар болғанда ашылады.
Участкалық сайлаў комиссиялары:
жасырын даўыс бериў ушын имаратты даўыс бериў басланғанға шекем таяр ҳалатқа келтиреди;
участкалық сайлаў комиссиясы ағзалары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди;
комиссияның еки ағзасы тәрепинен имзаланған, мөр менен тастыйықланған сайлаў бюллетенлерин таярлайды.
54-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының
даўыс бериў күниндеги жумысы
Даўыс бериў күни сайлаў участкасында саат 8.00 де Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнлери жаңлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы комиссия ағзалары, бақлаўшылар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында:
даўыс бериў басланғанлығын жәриялайды;
сайлаў қутыларының бос екенлигин тексереди ҳәм оларды бир мәрте ислетилетуғын пластмасса пломбалар менен пломбалайды, пломбалар номери көрсетилген ҳалда акт дүзиледи;
участкадағы дизим бойынша сайлаўшылардың саны, алынған сайлаў бюллетенлериниң саны ҳәм мүддетинен бурын даўыс бергенлер ҳаққында мәлим етеди. Усы мағлыўматлар жуўмақлаўшы баянламаға киргизиледи;
даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериўди муўапықластырып барады ҳәм қадағалайды, зәрүр болғанда комиссия ағзаларына жәрдем көрсетеди, олар ўақытша жоқ болған жағдайларда оларды басқа ағзалар менен алмастырады;
даўыс бериў тамамланғанлығын жәриялайды;
имаратта бар болған сайлаўшыларға даўыс бериўди тамамлаўы ушын имканият береди.
Участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары:
сайлаўшының шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети тийкарында оның сайлаўшылар дизиминдеги мағлыўматларын тексереди, оған даўыс бериў сайлаў бюллетенин имза қойдырып тапсырады;
бақлаўшыларға ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине сайлаў процесин бақлаў ушын шараятлар жаратады.
55-статья. Даўыс бериў тәртиби
Сайлаўшы сайлаў бюллетенин алғаннан кейин оны жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде толтырады. Сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында даўыс бериўши шахстан басқа шахслардың қатнасыўы қадаған етиледи. Сайлаў бюллетенин өз бетинше толтырыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы өз қәлеўи менен жасырын даўыс бериў кабинасына яки бөлмесине басқа шахсты шақырыўға ҳақылы, буған сайлаў комиссиясы қурамына киретуғын шахслар, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери кирмейди.
Сайлаўшы өзи жақлап даўыс берип атырған талабанның фамилиясы тусына, оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» яки «˅» ямаса «х» белгисин қояды.
Даўыс бериўши толтырылған сайлаў бюллетенин сайлаў қутысына таслайды.
Бузып қойылған сайлаў бюллетени сайлаўшының илтимасы бойынша тазасы менен алмастырылыўы мүмкин. Бузып қойылған сайлаў бюллетенлери есапқа алыныўы, бийкар етилиўи (жоқарғы шеп мүйешин кесиў жолы менен) шәрт ҳәм бөлек сақланады.
56-статья. Сайлаўшының турған орнында даўыс бериў
Айырым сайлаўшылар денсаўлығының жағдайына яки басқа себеплерге байланыслы даўыс бериў имаратына келе алмаған жағдайларда, тийисли участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериўди усы сайлаўшылардың илтимасы бойынша олар турған орында шөлкемлестиреди.
Тийисли комиссияның кеминде еки ағзасы көшпели сайлаў қутысы менен сайлаўшының турған орнына жибериледи, олар сайлаўшының ерк-ықрары сыр сақланыўын сақлаған ҳалда даўыс бериў әмелге асырылыўын тәмийинлейди. Бунда бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.
57-статья. Мүддетинен бурын даўыс бериў
Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықына ийе.
Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға он күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға үш күн қалғанда тамамланады. Мүддетинен бурын даўыс бериўди өткериў ўақты тийисли округлық сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленеди ҳәм сайлаўшылардың, бақлаўшылардың итибарына ғалаба хабар қураллары арқалы жеткериледи.
Мүддетинен бурын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет дем алысы, хызмет сапары, шет елге шығыў ҳәм ҳ. т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады. Сайлаўшы сайлаў бюллетенин алғанлығы ҳаққында тийисли участкалық комиссияның кеминде еки ағзасы қатнасыўында сайлаўшылар дизимине имза қояды.
Сайлаў бюллетени арнаўлы үскенеленген жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде сайлаўшы тәрепинен толтырылады.
Сайлаўшы шешим қабыл етеди ҳәм толтырылған сайлаў бюллетенин жабық конвертте қалдырады, конверт тийисли участкалық сайлаў комиссиясының сейфинде сақланады. Конверттиң желимленген жерине участкалық комиссияның еки ағзасының имзалары қойылып, олар комиссияның мөри ҳәм даўыс бериўшиниң имзасы менен тастыйықланады.
58-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының даўыс бериў тамамланғаннан кейинги жумысы
Даўыс бериў тамамланғаннан кейин участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары даўыс бериў тамамланғанлығын комиссияның барлық ағзалары, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында жәриялайды.
Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары комиссия ағзалары менен биргеликте:
пломбалардың номерлерин тийисли дәлалатнама менен салыстырады;
алдын-ала жазыў қуралларын жыйнастырып қойып, сайлаў бюллетенлерин санап шығыў ушын орын (стол) таярлайды;
пайдаланылмаған ҳәм бузылған сайлаў бюллетенлерин санап шығады ҳәм бийкар етеди, бул ҳаққында жуўмақлаўшы баянламаға тийисли жазыў киргизиледи;
мүддетинен бурын даўыс бериў бюллетенлери салынған жабық конвертлерди сайлаў қутысына таслайды;
стационар ҳәм көшпели сайлаў қутыларын ашады;
ҳәр бир талабан бойынша сайлаў бюллетенлерин оқып еситтирген ҳәм көрсеткен ҳалда бөлек-бөлек буўмаларға ажыратады;
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўысларды санап шығады;
ҳақықый емес деп табылған сайлаў бюллетенлерин анықлайды ҳәм санап шығады, бул ҳаққында жуўмақлаўшы баянламаға тийисли жазыў киргизиледи;
жуўмақлаўшы баянламаға даўыс бериў нәтийжелери ҳаққындағы жазыўды киргизеди.
Участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериў ҳәм даўысларды санап шығыў ўақтында келип түскен шағымларды (арзаларды) көрип шығады. Соннан кейин участкалық сайлаў комиссиясы даўысларды санап шығыў нәтийжелери бойынша мәжилис өткерип, онда даўыс бериў жуўмақлары ҳаққында қарар қабыл етеди.
Даўысларды санап шығыў нәтийжелери участкалық сайлаў комиссиясының мәжилисинде көрип шығылады ҳәм баслық, баслықтың орынбасары, хаткер, сайлаў комиссиясының басқа ағзалары тәрепинен имзаланатуғын баянламаға киргизиледи. Соннан кейин баянлама участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары тәрепинен оқып еситтириледи ҳәм усы баянламаның көширме нусқасы ҳәмме танысып шығыўы ушын участкалық сайлаў комиссиясы жайына кеминде қырқ сегиз саат мүддетке дәрҳал илдирип қойылады.
Даўысларды санап шығыў процессинде қатнасып атырған сиясий партияның ўәкилликли ўәкили, бақлаўшылар участкалық сайлаў комиссиясы баянламасының тастыйықланған көширме нусқасын алыўға ҳақылы.
Участкалық сайлаў комиссиясы баянламасының көширме нусқасы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда дәрҳал тийисли округлық сайлаў комиссиясына усынылады, түп нусқа болса баслық яки оның орынбасары тәрепинен ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң бақлаўында алып барып тапсырылады.
XI БАП. ҚАЙТА ДАЎЫС БЕРИЎ, ҚАЙТА САЙЛАЎ
59-статья. Қайта даўыс бериўди өткериў
тийкарлары ҳәм тәртиби
Егер Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўында сайлаў округы бойынша екеўден артық талабан қойылған болса ҳәм олардан ҳеш бири сайланбаса, округлық сайлаў комиссиясы ең көп даўыс алған еки талабан бойынша округта қайта даўыс бериўди өткериў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм бул ҳаққында тийисли сайлаў комиссиясын ҳәм округ сайлаўшыларын хабардар етеди. Қайта даўыс бериў усы Нызам талапларын басшылыққа алған ҳалда еки ҳәптелик мүддетте өткериледи.
Қайта даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың даўысын басқа талабанға салыстырғанда көбирек алған талабан сайланған деп есапланады.
Қайта даўыс бериўде сайлаўшылардың қатнасыў проценти есапқа алынбайды.
60-статья. Қайта сайлаўды өткериў
тийкарлары ҳәм тәртиби
Жоқарғы Кеңес депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының қайта сайлаўы төмендеги жағдайларда өткериледи:
егер сайлаў округы бойынша сайлаў өтпеген ямаса ҳақыйқый емес деп табылған болса;
егер қайта даўыс бериў сайланған депутатты анықлаў имканын бермеген болса;
егер сайлаў округы бойынша көби менен еки талабан қойылған болса ҳәм олардан ҳеш бири сайланбаған болса.
Жоқарғы Кеңес депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының қайта сайлаўы тийисли сайлаў комиссиясының тапсырмасына муўапық округлық сайлаў комиссиясы тәрепинен өткериледи. Бунда округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жумысында сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўы анықланған жағдайда, тийисли сайлаў комиссиясы қайта сайлаў жаңа қурамдағы округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен өткерилиўи зәрүрлиги ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. Даўыс бериў тийкарғы сайлаўды өткериў ушын дүзилген сол сайлаў участкаларында ҳәм сайлаўшылардың сол дизимлери бойынша өткериледи.
Жоқарғы Кеңес депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының қайта сайлаўы тийкарғы сайлаўдан кейин кеши менен бир айлық мүддет ишинде өткериледи. Сайлаў комиссияларын дүзиў, талабанларды дизимге алыў ҳәм басқа илажлар усы Нызамда белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
XII БАП. ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС ДЕПУТАТЛАРЫ САЙЛАЎЫНЫҢ
ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
61-статья. Жоқарғы Кеңес депутатлары сайлаўы
Жоқарғы Кеңес бес жыл мүддетке сайланатуғын алпыс бес депутаттан ибарат болады.
Жоқарғы Кеңес депутатлары аймақлық бир мандатлы сайлаў округлары бойынша көп партиялылық тийкарында сайланады.
62-статья. Депутатлыққа талабанлар усыныў ҳуқықы
Сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай алдын Әдиллик министрлиги тәрепинен дизимге алынған ҳәм өзиниң сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлаўшы кеминде үш мың еки жүз сайлаўшының имзасын топлаған жағдайда ғана депутатлыққа талабанлар усыныўы мүмкин.
Белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклери сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғаннан кейин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи.
Бир ҳәкимшилик-аймақлық дүзилмеде (районлық, қалалық) сиясий партия үш мың еки жүз сайлаўшының көби менен сегиз процентиниң имзасын топлаўы мүмкин.
63-статья. Сайлаўда қатнасыў ушын сиясий партиялар
тәрепинен усынылатуғын ҳүжжетлер
Депутатлыққа талабанлар усыныў ушын сиясий партия сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда Орайлық сайлаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
сайлаўда қатнасыў ҳаққында партия басшысы тәрепинен имзаланған арза;
Әдиллик министрлигиниң сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай алдын дизимге алынғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнамасы;
имза қағазлары.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлер усынылғаннан соң Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине ҳүжжет қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди. Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлер тийкарында бес күнлик мүддет ишинде сиясий партияның сайлаўда қатнасыўына рухсат бериў ҳаққында қарар қабыл етиледи. Сайлаўда қатнасыўшы партиялар дизими арзалардың келип түсиў нәўбети тәртибинде республикалық ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
64-статья. Сиясий партиялар тәрепинен
депутатлыққа талабанлар усыныў
Депутатлыққа талабанлар усыныў сайлаўға алпыс бес күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға қырқ бес күн қалғанда тамамланады.
Депутатлыққа талабанлар усыныў сиясий партиялардың тийисли уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Сиясий партиялар депутатлыққа алпыс бес талабан, яғный ҳәр бир сайлаў округынан биреўден депутатлыққа талабан усыныў ўәкиллигине ийе. Бир шахс тек бир сайлаў округынан депутатлыққа талабан етип усынылыўы мүмкин. Депутатлыққа талабанларды таңлаў тәртиби сиясий партиялар тәрепинен белгиленеди.
Ҳаял-қызлардың саны сиясий партиядан усынылған депутатлыққа талабанлардың улыўма санының кеминде отыз процентин қураўы керек.
Сиясий партиялар өз партиясы ағзаларын яки партиясызларды депутатлыққа талабан етип усыныў ўәкиллигине ийе. Депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққында баянлама дүзиледи.
65-статья. Жоқарғы Кеңес депутатлығына
талабанларға қойылатуғын талаплар
Жоқарғы Кеңеске сайланыў ҳуқықына сайлаў күни жигирма бес жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған пуқаралар ийе.
Төмендегилер:
ислеген аўыр яки жүдә аўыр жынаяты ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар;
сайлаў күнине шекем соңғы бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасамаған пуқаралар;
әскерий хызметкерлер, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, Миллий гвардиясының, Ишки ислер министрлигиниң, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң, басқа да әскерийлестирилген бөлимшелердиң хызметкерлери;
диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметшилери Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабан етип дизимге алынбайды.
Судьялар, прокуратура уйымларының ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының лаўазымлы шахслары (буған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, район ҳәм қала ҳәкимлери кирмейди) депутат етип сайланса, ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққында арза бериў шәрти менен жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан етип дизимге алынады.
66-статья. Жоқарғы Кенес депутатлығына талабанларды
дизимге алыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер
Сиясий партияның тийисли уйымының басшысы Жоқарғы Кеңес депутатлығына талабанларды дизимге алыўды илтимас етип, Орайлық сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди. Арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
сиясий партияның жоқары уйымының депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққындағы қарары;
сиясий партияның жоқары уйымы мәжилисиниң депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққындағы баянламасы, онда депутатлыққа талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, кәсиби, лаўазымы (жумысының түри), жумыс ҳәм жасаў мәнзили, партиялылығы, сондай-ақ, сайлаў округының атамасы ҳәм номери көрсетиледи;
депутатлыққа талабанның өз талабанлығын тийисли сайлаў округынан даўысқа қойылыўына разы екенлиги ҳаққындағы арзасы;
усы Нызамның 65-статьясының үшинши бөлиминде көрсетип өтилген шахслардың, егер олар Жоқарғы Кеңес депутатлары етип сайланған жағдайда ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққындағы арзасы.
Ҳүжжетлерди усынған шахсқа Орайлық сайлаў комиссиясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди.
Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардың тийисли уйымларынан депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддети тамамланыўына жети күн қалғанда жуўмақлайды.
Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Нызам талапларына муўапықлығы туўралы жуўмақ береди.
Орайлық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм усы Нызам талапларынан шетке шығыў жағдайлары ҳаққында сиясий партиялардың тийисли уйымларына мәлимлейди. Сиясий партия ҳүжжетлердеги анықланған муўапықсызлықлар ҳәм қәтелерди еки күнлик мүддетте дүзетиўге ҳәм оларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақылы.
67-статья. Жоқарғы Кеңеске сайланған
депутатларды дизимге алыў
Орайлық сайлаў комиссиясы округлық сайлаў комиссияларынан алынған баянламалар тийкарында Жоқарғы Кеңеске сайланған депутатларды дизимге алады.
Депутат етип сайланған шахслар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған ўақыттан баслап Жоқарғы Кеңес депутаты статусына ийе болады.
Жоқарғы Кеңес депутаты етип сайланған шахслар Орайлық сайлаў комиссиясына Жоқарғы Кеңес депутатының статусына сай келмейтуғын ўазыйпаларды өз мойнынан алып таслағаны ҳаққында жазба түрде мәлим етиўи шәрт.
Жоқарғы Кеңес депутатларына Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен он күн ишинде гүўалық ҳәм өңир белгиси бериледи.
68-статья. Босап қалған орынларға Жоқарғы Кеңес
депутатлары сайлаўын өткериў
Депутатлардың ўәкилликлери мүддетинен алдын тоқтатылған жағдайларда тийисли сайлаў округларында жаңа сайлаў өткериледи.
Сайлаў Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў өткерилиўине кеминде бир ай қалғанда белгиленеди ҳәм усы Нызам талапларын басшылыққа алған ҳалда шөлкемлестириледи. Бунда округлық сайлаў комиссиясы сайлаўға жигирма бес күн, участкалық сайлаў комиссиялары болса он бес күн қалғанда дүзиледи. Депутатлыққа талабанларды дизимге алыў сайлаўға он бес күн қалғанда тоқтатылады.
Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддетиниң тамамланыўына алты айдан кем ўақыт қалғанда Жоқарғы Кеңес депутатының орны босап қалған жағдайда, усы босап қалған орынға жаңа депутат сайлаўы өткерилмеўи мүмкин.
XIII БАП. ЖЕРГИЛИКЛИ КЕҢЕСЛЕРГЕ САЙЛАЎДЫҢ
ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
69-статья. Жергиликли Кеңеслерге сайлаў
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў аймақлық бир мандатлы сайлаў округлары бойынша көп партиялылық тийкарында бес жыл мүддетке өткериледи.
70-статья. Сайлаўда қатнасыў ушын сиясий партиялар тәрепинен усынылатуғын ҳүжжетлер
Депутатлыққа талабанлар усыныў ушын сиясий партия сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
сайлаўда қатнасыў ҳаққында сиясий партияның тийисли районлық, қалалық уйымының басшысы тәрепинен имзаланған арза;
сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай алдын дизимге алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлер усынылғаннан соң тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди. Сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлер тийкарында бес күнлик мүддетте партияның сайлаўда қатнасыўына рухсат бериў ҳаққында үзил-кесил қарар қабыл етеди. Сайлаўда қатнасыўшы партиялар дизими арзалардың келип түсиў нәўбети тәртибине қарап баспасөзде жәрияланады.
71-статья. Жергиликли Кеңеслер депутатлығына
талабанларға қойылатуғын талаплар
Сайлаў күни жигирма бир жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған пуқаралар жергиликли Кеңеслер депутатлығына сайланыў ҳуқықына ийе.
Төмендегилер:
ислеген аўыр яки жүдә аўыр жынаяты ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар;
сайлаў күнине шекем соңғы бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасамаған пуқаралар;
әскерий хызметкерлер, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, Миллий гвардиясының, Ишки ислер министрлигиниң, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң, басқа да әскерийлестирилген бөлимшелердиң хызметкерлери;
диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметшилери жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан етип дизимге алынбайды.
Судьялар, прокуратура уйымларының ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының лаўазымлы шахслары (буған район ҳәм қала ҳәкимлери кирмейди) депутат етип сайланған жағдайда, ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққында арза бериў шәрти менен жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан етип дизимге алынады.
72-статья. Жергиликли Кеңеслер депутатлығына
талабанлар усыныў тәртиби
Жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына талабанлар усыныў сайлаўға алпыс бес күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға қырқ бес күн қалғанда тамамланады.
Жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усыныў сиясий партиялардың тийисли уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Сиясий партиялар тийисли аймақта жайласқан ҳәр бир сайлаў округынан жергиликли Кеңеслер депутатлығына биреўден талабан усыныў ўәкиллигине ийе.
Бир шахс тийисли жергиликли Кеңеске сайлаў өткериў бойынша тек бир сайлаў округынан депутатлыққа талабан етип усынылыўы мүмкин. Депутатлыққа талабанлар таңлаў тәртиби сиясий партиялар тәрепинен белгиленеди.
Ҳаял-қызлардың саны сиясий партиядан усынылған жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлардың улыўма санының кеминде отыз процентин қураўы керек.
Сиясий партиялар тек өз партиясы ағзаларын яки партиясызларды депутатлыққа талабан етип усынады. Депутатлыққа талабанлар усынылғанлығы ҳаққында баянлама дүзиледи.
73-статья. Жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды
дизимге алыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер
Сиясий партия тийисли уйымның басшысы жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды дизимге алыўды илтимас етип тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди. Арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
сиясий партияның тийисли уйымының депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққындағы қарары;
сиясий партияның тийисли уйымы мәжилисиниң жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усыныў ҳаққындағы баянламасы, онда депутатлыққа талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, кәсиби, лаўазымы (жумысының түри), жумыс ҳәм жасаў мәнзили, партиялылығы, сондай-ақ, сайлаў округының атамасы ҳәм тәртип саны көрсетиледи;
жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанның өз кандидатурасы тийисли сайлаў округынан даўысқа қойылыўына разы екенлиги ҳаққындағы арзасы;
усы Нызамның 71-статьясының үшинши бөлиминде көрсетип өтилген шахслардың, егер олар жергиликли Кеңеслер депутатлары етип сайланған жағдайда ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққындағы арзасы.
Ҳүжжетлерди усынған шахсқа тийисли районлық, қалалық сайлаў комиссиясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди.
Районлық, қалалық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардан депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддети тамамланыўына жети күн қалғанда жуўмақлайды.
Районлық, қалалық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Нызам талапларына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ береди.
Районлық, қалалық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм усы Нызам талапларынан шетке шығыў жағдайлары ҳаққында тийисли сиясий партиялар басшыларына мәлимлейди. Сиясий партия ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм қәтеликлерди еки күнлик мүддетте дүзетиўге ҳәм оларды тийисли сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақылы.
74-статья. Босап қалған орынларға жергиликли
Кеңеслер депутатлары сайлаўын өткериў
Депутатлық ўәкилликлери мүддетинен бурын тоқтатылған жағдайларда тийисли сайлаў округларында жаңа сайлаў өткериледи.
Сайлаў тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен сайлаў өткерилиўине кеминде бир ай қалғанда белгиленеди ҳәм усы Нызамның талапларын сақлаған ҳалда шөлкемлестириледи. Бунда округлық сайлаў комиссиясы сайлаўға жигирма бес күн қалғанда, участкалық сайлаў комиссиялары болса он бес күн қалғанда дүзиледи.
Тийисли жергиликли Кеңестиң ўәкиллик мүддети тамамланыўына алты айдан кем ўақыт қалғанда депутаттың орны босап қалған жағдайда, босап қалған орынға жаңа депутат сайлаўы өткерилмеўи мүмкин.
XIV БАП. САЙЛАЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН АНЫҚЛАЎ ҲӘМ ЖӘРИЯЛАЎ
(ҲӘММЕГЕ МӘЛИМЛЕЎ)
75-статья. Сайлаў участкасында даўысларды санап шығыў
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылар дизимине киргизилген шахслардың улыўма санын, сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылар санын ҳәм сайлаў қутыларындағы сайлаў бюллетенлериниң санын анықлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаў участкасында ҳәр бир округ, ҳәр бир талабан бойынша берилген даўысларды өз алдына санап шығады.
Санап шығылған сайлаў бюллетенлери тийкарында участкалық сайлаў комиссиясы:
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын;
бузылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Сайлаў бюллетенлерине қосымша түрде жазып қойылған пуқаралардың фамилиялары ҳәм мәселелер бойынша берилген даўыслар есапқа алынбайды.
Белгиленбеген үлгидеги сайлаў бюллетенлери, сондай-ақ, даўыс бериў ўақтында биреўден артық квадратқа «+» яки «˅» ямаса «х» белгиси қойылған яки ҳеш бир квадратқа бундай белги қойылмаған сайлаў бюллетенлери ҳақыйқый емес деп табылады. Сайлаў бюллетениниң ҳақыйқыйлығы гүман туўдырғанда, мәселе участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен даўысқа қойыў арқалы шешиледи.
Даўыс бериўши тәрепинен бюллетенди толтырыў ўақтында қәтеге жол қойылған ҳәм оның орнына жаңа сайлаў бюллетени берилген, бул ҳаққында сайлаўшылар дизиминде ҳәм бийкар етилген бузылған сайлаў бюллетениниң арқа тәрепинде тийисли белги қойылған сайлаў бюллетени бузылған деп есапланады.
76-статья. Округ бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлаў
Округ бойынша сайлаў нәтийжелери тек участкалық сайлаў комиссияларының усынылған баянламалары тийкарында анықланады. Округлық сайлаў комиссиясы:
округ бойынша сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылардың улыўма санын;
сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылар санын;
даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар санын;
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясының баянламасында көрсетилген, даўысларды санап шығыў ўақтында муўапықсызлықлар анықланған жағдайда, округлық сайлаў комиссиясы өз мәжилисинде участкалық сайлаў комиссиясына усы муўапықсызлықларды сапластырыўды усыныс етиўге ҳақылы.
Округ бойынша сайлаў нәтийжелери округлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде анықланады ҳәм баянламаға киргизиледи. Баянлама комиссия баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери, басқа ағзалары тәрепинен имзаланады ҳәм тийисли сайлаў комиссиясына усынылады.
77-статья. Сайлаў нәтийжелерин белгилеў
Орайлық сайлаў комиссиясы, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясы округлық сайлаў комиссияларының өзине келип түскен баянламалары тийкарында:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша яки район ҳәм қала бойынша сайлаўшылардың улыўма санын;
сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылар санын;
даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар санын;
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Сайлаўда даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбиниң даўысын алған талабан сайланған деп есапланады.
Сайлаў, егер онда сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылардың отыз үш процентинен кеми қатнасқан болса, өтпеген деп табылады.
Сайлаў даўамында жол қойылған, даўыс бериў жуўмақларына тәсир еткен қағыйдабузарлықлар себепли сайлаў улыўма яки айырым сайлаў округлары бойынша ямаса айырым сайлаў участкалары бойынша ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Жоқарғы Кеңеске сайлаўды ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы қарар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен қабыл етиледи ҳәм сайлаў жуўмақлары жәрияланған күннен баслап он күн ишинде бул қарар үстинен тийисли суд уйымларына шағым етилиўи мүмкин.
Жергиликли Кеңеслерге өткерилген сайлаўды ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы қарар тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен қабыл етиледи ҳәм даўыс бериў жуўмақлары жәрияланған күннен баслап он күн ишинде бул қарар үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин.
Айырым сайлаў участкалары бойынша сайлаў ҳақыйқый емес деп табылған жағдайда, сондай участкалар (округлар) бойынша даўыс бериў нәтийжелери, егер бул нәтийжелерсиз де сайлаў улыўма болып өткен деп табылыўы мүмкин болса, тийисли комиссияның қарары менен сайлаўдың улыўма нәтийжелеринен шығарып тасланады.
Тийисли сайлаў комиссиясы даўыс бериў жуўмақлары бойынша баянлама дүзеди ҳәм қарар қабыл етеди.
78-статья. Сайлаў нәтийжелерин жәриялаў
(ҳәммеге мәлимлеў)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў жуўмақлары бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының қарары сайлаўдан кейин он күннен кешиктирместен қабыл етиледи, Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланады (ҳәммеге мәлимленеди).
Жергиликли Кеңеске өткерилген сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы қарар тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўдан кейин он күннен кешиктирместен қабыл етиледи ҳәм баспасөзде жәрияланады, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында ҳәммеге мәлимленеди.
XV БАП. САЙЛАЎДЫ ҚАРЖЫЛАНДЫРЫЎ
79-статья. Сайлаўды мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўға, жергиликли Кеңеслерге сайлаўға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қәрежетлер мәмлекетлик қаржылар есабынан әмелге асырылады.
Шет еллердиң, олардың физикалық ҳәм юридикалық шахсларының және халықаралық шөлкемлердиң қаржылары есабынан сайлаўды қаржыландырыў ҳәм талабанлар менен сиясий партияларды материаллық жақтан басқаша тәризде қоллап-қуўатлаў қадаған етиледи.
Сиясий партиялар, басқа да жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралар сайлаў өткериў ушын өз қаржыларын ықтыярлы түрде бериўи мүмкин. Бул қаржылар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў кампаниясы процессинде олардан пайдаланыў ушын қабыл етип алынады.
80-статья. Сайлаў комиссияларын қаржыландырыў
Орайлық сайлаў комиссиясын, районлық, қалалық сайлаў комиссияларын, округлық ҳәм участкалық сайлаў комиссияларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджеттен әмелге асырылады ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинде өз алдына қатарда нәзерде тутылады.
Сайлаў комиссиялары жумысына тартылатуғын шахслардың мийнетине ҳақы төлеў сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан әмелге асырылады.
81-статья. Сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў
Сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўда, жергиликли Кеңеслерге сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң мине усы мақсетлер ушын ажыратылатуғын қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын мәмлекетлик қаржылардың бир талабан есабына сәйкес келетуғын муғдары Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм басқа да тийисли сайлаў комиссиялары тәрепинен белгиленеди. Бул ҳаққындағы мәлимлеме Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда басқа дәреклерде жәрияланады.
Сиясий партияның сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын мәмлекетлик қаржылар усы партиядан усынылған талабанлар дизимге алынғаннан кейин дизимге алынған талабанлар санына муўапық көлемде сиясий партияның есап бетине өткериледи.
Сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын ажыратылған мәмлекетлик қаржылар:
үгит-нәсият жүргизиўге;
талабанлардың исенимли ўәкиллери ҳәм үгит-нәсият өткериў ушын тартылатуғын басқа да белсендилер жумысын шөлкемлестириўге;
сайлаў кампаниясын өткериўге байланыслы улыўма партиялық илажларға сарпланады.
Сиясий партиялар өзиниң сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлемени сайлаў жуўмақлары жәрияланғаннан кейин бир ай ишинде өз рәсмий веб-сайтларында ҳәм баспа басылымларда жәриялайды.
XVI БАП. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР
82-статья. Сайлаў комиссиялары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби
Сайлаў комиссиялары сайлаў кампаниясын өткериў дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың усы Нызам талаплары бузылғанлығы яки сайлаўды шөлкемлестириўдиң басқа мәселелери бойынша өзине келип түскен мүрәжатларын өз ўәкилликлери шеңберинде көрип шығыўы, усы мүрәжатлар бойынша тексериўлер өткериўи ҳәм үш күнлик мүддетте оларға жазба жуўаплар бериўи, сайлаўға кеминде алты күн қалғанда яки даўыс бериў күни келип түскен мүрәжатларды болса дәрҳал көрип шығып, жуўап қайтарыўы шәрт.
Мүрәжатлар жазып қойыў дәптеринде дизимге алыныўы тийис.
Сайлаў комиссиясының баслығы мүрәжатты көрип шығыў ҳәм ол бойынша қарар қабыл етиў ушын тийисли комиссияны усы Нызамда белгиленген мүддетлерде шақырады ҳәм оның мәжилисин өткереди. Мәжилиске мәпдар шахслар мирәт етилиўи мүмкин.
Қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллигине кирмейтуғын участкалық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжат үш күнлик мүддетте тийисли уйымларға мүрәжат жиберген шахс бул ҳаққында хабардар етилген ҳалда жибериледи.
Мүрәжатты көрип шыққан сайлаў комиссиялары ағзалары оны көрип шығыў нәтийжелери ҳәм қабыл етилген қарар ҳаққында мүрәжат жиберген шахсқа хабар бериўи шәрт.
83-статья. Сайлаў комиссияларының қарарлары
үстинен түскен шағымларды көрип шығыў
Депутатлыққа талабанлар усынған сиясий партиялар уйымлары, депутатлыққа талабанлар, исенимли ўәкиллер, бақлаўшылар ҳәм сайлаўшылар сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен усы қарарлар қабыл етилгеннен кейин он күн ишинде жоқары турыўшы сайлаў комиссиясына яки судқа шағым етиўи мүмкин. Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары үстинен қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ишинде тийисли судқа шағым етилиўи мүмкин. Шағым келип түскеннен кейин үш күн ишинде, сайлаўға кеминде алты күн қалғанда болса дәрҳал көрип шығылыўы керек. Шағым еткен шахслар шағымды көрип шығыўда тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе.
84-статья. Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин
бузғанлық ушын жуўапкерлик
Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан бир күн алдын жәмийетшилик пикири сораўлары нәтийжелерин, сайлаў нәтийжелери прогнозларын, өткерилип атырған сайлаўға байланыслы басқа да изертлеўлерди жәриялаў (ҳәммеге мәлим етиў), соның ишинде мәлимлеме тармақларына, сондай-ақ, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жайластырыў қадаған етиледи.
85-статья. Қарақалпақстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойтқан деп табыў
Төмендегилер өз күшин жойтқан деп табылсын:
1) Қарақалпақстан Республикасының 1998-жыл 9-июньда қабыл етилен «Қарақалпақстан Республикасының Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында»ғы 362/I-санлы Нызамы;
2) Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 29-май күни жаңа редакцияда қабыл етилен «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққында»ғы 262/II-санлы Нызамы;
3) Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 29-май күни жаңа редакцияда қабыл етилен «Халық депутатларының районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў ҳаққында»ғы 266/II-санлы Нызамы;
4) Қарақалпақстан Республикасының 1999-жыл 28-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 473/I-санлы Нызамының 4, 5 ҳәм
6-статьялары;
5) Қарақалпақстан Республикасының 2000-жыл 27-сентябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 50/II-санлы Нызамының 3, 4 ҳәм
5-статьялары;
6) Қарақалпақстан Республикасының 2002-жыл 7-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 164/II-санлы Нызамының 3-статьяcы;
7) Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 29-майда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 273/II-санлы Нызамының 1-статьяcы;
8) Қарақалпақстан Республикасының 2004-жыл 9-октябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 293/II-санлы Нызамының 14, 15 ҳәм
16-статьялары;
9) Қарақалпақстан Республикасының 2005-жыл 29-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 49/III-санлы Нызамының 1 ҳәм
2-статьялары;
10) Қарақалпақстан Республикасының 2009-жыл 25-апрельде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 240/III-санлы Нызамының 1, 2 ҳәм
3-статьялары;
11) Қарақалпақстан Республикасының 2013-жыл 28-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 187/XIV-санлы Нызамының 7 ҳәм
8-статьялары;
12) Қарақалпақстан Республикасының 2014-жыл 27-июньде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 209/XV-санлы Нызамының 24-статьясы;
13) Қарақалпақстан Республикасының 2014-жыл 30-cентябрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 229/XVI-санлы Нызамының 11 ҳәм
19-статьялары;
14) Қарақалпақстан Республикасының 2016-жыл 10-июньда қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 92/IX-санлы Нызамының 2, 3 ҳәм
4-статьялары;
15) Қарақалпақстан Республикасының 2018-жыл 26-декабрьде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 153/ХVII-санлы Нызамының 7 ҳәм
8-статьялары.
86-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов
Нөкис қаласы, 4-сентябрь 2019-жыл
№ 266/XXVII