Усы жылдың 30-сентябрь – 6-октябрь күнлери Нөкис қаласында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша Өзбекстан – Түркменстан ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясы жумысшы топарларының гезектеги ушырасыўы болып өтти.

Сыртқы ислер министрлигиниң хабары бойынша, ушырасыў шеңберинде тәреплер демаркацияның нормативлик-техникалық ҳүжжетлерин салыстырып шықты және оларды Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы Мәмлекетлик шегараны делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша Өзбекстан – Түркменстан ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясы тәрепинен тастыйықлаўға киргизиўине келисти.

Ушырасыўда, сондай-ақ, өз-ара шегарада аймақты аэрофотосүўретке алыў бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўлер жуўмағында делегациялардың басшылары – Өзбекстан Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары Тўлқин Абдуллаев ҳәм Түркменстан Қорғаныў министрлигиниң 5-санлы кәрханасының баслығы Мамед Маммедов тийисли Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Ушырасыў жыллы жүзлилик ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА