Бас прокуратураның баспасөз хызмети берген мағлыўматқа қарағанда 5-октябрь күни саат шама менен 08:30 ларда 23-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1982-жылы туўылған пуқара ҳаялы ҳәм мектеп директорын пышақлады.

 Сурхандәрья ўәлаяты, Музработ районында 1982-жылы туўылған 37 жасар пуқара Б.Й (ҳәзирги ўақытта жумыссыз) Музработ районындағы 23-санлы улыўма билим бериў мектебинде ҳаялы менен өз-ара жәнжеллесип, асхана пышағы менен оның қарын бөлимине жарақат жеткерген. Оларды айырмақшы болған мектеп директорының денесиниң түрли жерлерине үш мәрте пышақ пенен жарақат жеткерген. Б.Й. оларды қастан өлтириўге урынған.

Жүз берген жағдай бойынша район прокуратурасы тәрепинен Б.Й.ға Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынайый ис ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақтсан хабар агентлиги