Нөкистеги Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң шөлкемлестириўинде мәжилис болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.
Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы У.Мингбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен барлық тараўлардағы сыяқлы суд системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында суд системасын коррупциядан жырақ тараўға айландырыў ўазыйпасы белгилеп берилген. Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жақында Судьялар жоқарғы кеңесиниң Мүрәжатнамасы қабыл етилди.
Атап өтилгениндей, барлық судьялар ҳәм суд хызметкерлери ўәкиллиги шеңбериндеги жумыс барысында бул иллетке жол қоймаслығы, оған қарсы гүресиўде белсендилик көрсетиўи, солай етип, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы, перзентлеримиздиң бахытлы келешеги ушын шын кеўилден хызмет атқарыўы зәрүрлиги атап өтилди. Анығырақ айтқанда, «Судьяның санасында әдиллик, тилинде ҳақыйқат ҳәм жүрегинде пәклик үстин болыўы шәрт».
Илажда Өзбекстан Республикасы судьялар жоқарғы Кеңесиниң ағзасы Р.Исмаилов, Өзбекстан Судьялары ассоциациясының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы П.Айтниязов сөзге шығып, жоқарыда атап өтилген Мүрәжатнаманың мазмун-мәниси, оннан келип шығатуғын илажларға тоқтап өтти.
Илажда суд системасында коррупцияға қарсы гүресиўде алда турған ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.