Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўда Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалындағы «Арал» спорт клубы «Дене тәрбия ҳәм спортты кең ен жайдырыў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў» атамасындағы жойбары менен қатнасты.
Усы мүнәсибет пенен филиалда грант жойбары шеңберинде Баспасөз конференциясы өткерилди. Оған филиалдың профессор-оқытыўшылары, студентлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Онда филиал директоры Б.Мамбетов, усы жойбар баслығы М.Айтымбетов, филиал оқытыўшысы, биология илимлериниң кандидаты Р.Реймбаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, грант жойбарының әҳмийети бойынша кең түрде мағлыўмат берди.
Жаслар арасында зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў, дене шынығыўларының инсан саламатлығындағы тутқан орны, қала ҳәм аўыллық жерлердеги мәҳәллелерде халықтың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, балалар, жаслар, ҳаял-қызларды денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен қамтып алыў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириўге бағдарланған жумысларды әмелге асырыў бойынша пикир-усынысларын билдирилди.
– Жойбардың тийкарғы ўазыйпасы, мәҳәллелерде дене тәрбия ҳәм спорт арқалы зыянлы тәсирлерден қорғаўға қаратылған илажларды (пикир алысыўлар, семинар-тренинглер, шеберлик сабақлары) әмелге асырыў,-дейди «Арал» спорт клубының баслығы М.Рамазанов. – Сондай-ақ, халықтың, әсиресе балалар, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға бағдарланған спорт шынығыўлары ҳәм жарысларын шөлкемлестириў, ғалаба хабар қураллары арқалы халықты, әсиресе жасларды нәшебентлик ҳәм басқа да зыянлы тәсирден қорғаўда денетәрбия ҳәм спорттың әҳмийетин үгит-нәсиятлаўшы материалларды жәриялаў болып есапланады.
Сондай-ақ, конференцияда нәшебентлик, спиртли ишимликлерди ишиў, наркотикалық затларды қабыл етиў ҳәм басқа да усындай унамсыз иллетлер ҳәм олардың ақыбетлери туўралы мағлыўматлар берилип, жасларымызды усындай иллетлерден сақлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Соң клубтың кишкене ағзаларының қатнасыўында шахмат-шашка жарыслары шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги