Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен Аўыл хожалығы министрлигиниң 15-октябрь сәнесин «Халықаралық аўыл ҳаяллары күни» сыпатында кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы мақулланды. Соның менен бирге, Ҳүкимет тәрепинен агросанаат бағдарындағы министрликлер ҳәм уйымлар, соның ишинде, «Ўздавкарантин» инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлерине усы жылдың 15-октябрь күни сол күнге бағышланған мазмунлы илажларды шөлкемлестиреди.

Бул республикамызда ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий және өндиристеги үлесин арттырыў, олар ушын мүнәсип мийнет ҳәм жасаў шараятларын жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған системалы реформалардың нәтийжелеринен бири екенин атап өтиў керек.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги 62/136-санлы мәжилисинде 15-октябрь «Халықаралық аўыл ҳаяллары күни» деп рәсмий түрде жәрияланған. Бүгинги күнде дүньяның көплеген мәмлекетлеринде бул сәне халықаралық аўыл ҳаяллары күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги