Ўақыя төмендегише болған:
Судланыўшы анасының үйинде болған өмирлик жолдасына барады ҳәм бир кесе чай бериўин илтимас етеди. Усы ўақытта ол өз перзентин алып қашады ҳәм Арқа Ферғана каналына алып барып суўға таслайды, деп жазбақта gazeta.uz сайты.
Алып барылған оператив сорастырыў ҳәрекетлериниң жуўмағына бола, әке 2018-жылы туўылған баласы Рустамов Билолхонды материаллық жақтан тәмийинлеўы ушын пуқаралық ислер бойынша Наманган районлараралық судының шешиўши қарарына муўапық апрель айында ҳәр тапқан дәраматының 70 процентин төлеп барыўы шәрт еди. Ол бул алиментти төлемеў ушын жоқарыдағы ғәрезли нийетин әмелге асырады, яғный еки жасқа толмаған өз перзентин Арқа Ферғана каналына таслайды ҳәм баласы суўға батып кеткенге шекем қарап турады.
Жүз берген ҳәдийсе бойынша жынаят иси ашылып, барлық дәлиллер өз тастыйығын тапты. 25-сентябрь күни болып өткен суд мәжилисинде өз перзентин өлтирген әке Өзбекстан Рсеспубликасы Жынаят кодексиниң 97-статьясы 2-бөлими (жуўапкершиликти аўырластыратуғын ҳалатларда қастан адам өлтириў) «в», «и» бәнтлеринде нәзерде тутылған жынаятларды ислегенликте айыпланып, 18 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги