Бажыхана хызметкерлери республикамызға сапасы кепилленбеген товар-материаллық байлықларды нызамсыз алып кириў жағдайларына өз ўақтында шек қоймақта.
Атап айтқанда, «Даўыт-ата» шегара бажыхана постына кирип келген «Сетра» маркалы жолаўшы тасыў автобусы бажыхана хызметкерлери тәрепинен белгиленген тәртипте қадағалаўдан өткерилди.
Нәтийжеде, айдаўшы пуқара Н.А. автобустың қупыя жерлерине улыўма баҳасы 31,2 миллион сумлық, 738 дана парфюмерия өнимлерин жасырған ҳалда мәмлекетимизге кириўге урынғанлығы анықланды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайты мәлим етти.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги