2-октябрь күни «Nexia»ның салонында жалғыз қалдырылған 2017-жылы туўылған қыз автомобильдиң жанып кетиўи ақыбетинде қайтыс болды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметиниң баспасөз хызмети хабар берди, деп жазбақта togri.uz  сайты.

Үргениш қаласы Шадлық көшесиниң турғыны пуқара Д.Ғ 2017-жылы туўылған қыз ақлығы А.Р менен «Alfa-omega transservis» ЖШЖ не тийисли болған «Nexia» автомобилинде танысының үйине барған ҳәм ақлығын автомобильде жалғыз қалдырып, танысының үйине кирип кеткен.

Шама менен 10 минуттан кейин қайтқан пуқара Д.Ғ автомобильде өрт келип шыққанын көрген. Арқа орынлықта қалған ақлығы  А.Р Үргениш қаласындағы Балалар емлеўханасына алып барылған ҳәм алған кўйиў жарақаты себепли емлеўханада қайтыс болған.

Хабарда айтылыўынша автомобильдиң арқа орынлығының 0,5 кВ.метр майданы жанған.

Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеплери анықланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги