Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатында 2-октябрь күни Сенаттың Баслығы Танзила Норбоеваның Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен ушырасыўы болып өтти.
Валентина Матвиенко дәслеп Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды. Оннан кейин тәреплер арасында сөйлесиўлер басланды.
Онда соңғы жылларда Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимли ҳәрекетлери себепли Өзбекстан – Россия стратегиялық аўқамлас қатнасықлары беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди.
Еки тәреплеме сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланыслар үзликсиз пәт пенен артып бармақта. Бул еки мәмлекеттиң мәплерине толық жуўап береди.
Ушырасыўда парламентлераралық байланыслардың жеделлескени атап өтилди. Тек ғана өткен жылы парламентлер дәрежесинде 10 нан аслам сапар етиўлер әмелге асырылды. Парламентлер арасындағы нәтийжели сөйлесиў халықаралық парламент структуралары шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етиўине итибар қаратылды.
Мәмлекетлеримиздиң парламентлери арасында Бирге ислесиў бойынша комиссия табыслы жумыс алып барылмақта. Тәреплер комиссияның өткен дәўирдеги жумысының жуўмақларына унамлы баҳа берди. Ҳәзирги ўақытта аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда Парламентлераралық комиссияның ролин арттырыў бойынша анық илажлар әмелге асырылмақта.
Сөйлесиў ўақтында Т.Норбоева быйыл 22-декабрьде болып өтетуғын парламент сайлаўлары ҳаққында Федерация Кеңеси ҳәм ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының ўәкиллерине мәлим етти. Буннан тысқары, Сенат ҳәм Федерация Кеңеси өз-ара қатнасықлар шеңберинде бирге ислесиўдиң бир қатар бағдарларын раўажландырыў бойынша пикир алысылды. Мәмлекет басшыларының сөйлесиўлеринде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда парламент ресурсларынан пайдаланыў, еки тәреплеме бирге ислесиўди және де жеделлестириў жолындағы тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған ҳуқықый базаны жедел қәлиплестириў усылардың қатарына киреди.
Илажда Өзбекстан менен Россия арасында үзликсиз парламентлераралық сөйлесиўди буннан былай да тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, социаллық-экономикалық раўажландырыў, еки тәреплеме шәртнама ҳәм келисимлерди ратификациялаў мәселелерин жеделлестириў тараўында тәжирийбе алмасыў бағдарламаларын әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң аппараты арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.
Буннан кейин еки мәмлекет парламентлери палаталарының баслықлары ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң алдына шығып сөйледи.
– Президентлеримиздиң басламасы менен кейинги жылларда барлық тараўлардағы байланысларды раўажландырыў бойынша жедел ҳәм нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Бизлер бүгин регионаллық бирге ислесиўге итибар қаратқан ҳалда, парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыўға келисип алдық, – деди Танзила Норбоева.
– Өзбекстан Россияның ең жақын стратегиялық шериги ҳәм аўқамласы. Соңғы жылларда товар алмасыў көлеми артты, саўда-экономикалық бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Россиядан Өзбекстанға киргизилип атырған инвестициялардың көлеми бүгинги күнде жоқары орынға шықты. АЭС қурылысы бойынша жойбар әмелге асырылмақта. Мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиўинде парламентлераралық қатнасықлар айрықша орын ийелейди. Олий Мажлистиң Парламентлераралық ассамблея шаңарағына қайтқаны қуўанышлы, – деди Валентина Матвиенко.
Валентина Матвиенконың басшылығындағы Россия Федерациясының делегациясы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов пенен ушырасты.
Онда Өзбекстан – Россия парламентлераралық қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм раўажландырыў перспективалары додаланды. Нурдинжон Исмоилов жоқары мәртебели мийманға мәмлекетимизде Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Валентина Матвиенко парламентлераралық бирге ислесиўди келешекте беккемлеўде турақлы ушырасыўлардың әҳмийетли екенлигин билдирди. Еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымларының бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўге байланыслы пикир-усынысларды билдирди.
Конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында өткен ушырасыўда саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўди келешекте раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Мағлыўматларға бола, усы жылдың биринши ярымында өз-ара саўда көлеми 12 процентке өсти ҳәм 3 миллиард долларға жетти. Келешекте саўда көлемин және де кеңейтиў, оның ушын барлық имканиятты иске қосыў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Тәреплер бул ушырасыў парламентлераралық қатнасықларда жаңа бет ашыўға ҳәм Өзбекстан – Россия бирге ислесиў шеңберин және де кеңейтетуғынына исеним билдирди.
Сол күни Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси Бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссиясының төртинши мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте еки мәмлекет парламентлери жоқары палаталарының басшылары кейинги жылларда Өзбекстан менен Россия арасындағы өз-ара исенимге тийкарланған сиясий сөйлесиў тез пәтлер менен раўажланып атырғаны, соның ишинде, Россия Президентиниң 2018-жыл октябрь айында мәмлекетимизге еткен сапары ўақтында көплеген тараўлар бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылғанын атап өтти. Бул келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында комиссияның ис-ҳәрекетлерин муўапықластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте 2019-жылы Олий Мажлис Сенаты ҳәм Федерал Мәжлис Федерация Кеңеси арасында парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режесиниң орынланыўы ҳәм 2020-жылғы илажлардың режеси көрип шығылды. Комиссия ағзалары ҳәр қыйлы дәрежедеги өз-ара сапарлар арқалы парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириў бойынша анық усыныслар билдирди. 2020-жыл ушын қоспа илажлардың режеси – «Жол картасы» тастыйықланды.
Өзбекстан ҳәм Россия аймақларының форумын даўам еттириў, атап айтқанда, Россияда болып өтетуғын екинши аймақлараралық форумда ҳәр еки тәрептиң белсене қатнасыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регламентке муўапық, комиссияның гезектеги мәжилисин 2020-жылдың екинши ярымында Россия Федерациясында өткериўге келисип алынды.
Россия делегациясы, сондай-ақ, пайтахтымыздың Сергели районындағы «Бахытлы балалық» атлы 44-мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, пайтахтымыздағы Президент мектеби, Өзбекстан Республикасы Президентиниң халық қабыллаўханаларының жумысы менен де танысты.
Валентина Матвиенко Өзбекстан Республикасы Денсаўлық сақлаў министрлигине алыс районларда жасайтуғын халыққа медициналық хызмет көрсетиўге мөлшерленген заманагөй медициналық платформаны тапсырды.
Россия Федерация делегациясының мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.
ӨзА