Мәденият ҳәм дем алыў бағындағы қурылысы жуўмақланбаған аттракционды сынаў ўақтында бағ жумысшысы қайтыс болды.

Шама менен саат 15:40 ларда сынаў тийкарында ҳәрекетке келтирилип атырған «Spin block» аттракционына  руқсатсыз минген Эля Халикова өзиниң итибарсызлығы себепли усы аттракционның темир труба бөлегине урылып кетиўи нәтийжесинде ўақыя орнында қайтыс болған. Бул ҳаққында Өзбекстан Бас прокуратурасының баспасөз хызмети хабар берди деп жазады gazeta.uz сайты.

Наманганда жүз берген бул кеўилсиз жағдай бойынша Наманган қаласы прокуратурасы тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлеринде Эля Халикова «Наманган Истиқлол боғи» ЖШЖға караслы болған кеўил ашар бағында 1-августтан берли қутқарыўшы ўазыйпасында ислеп келгенлиги ҳәм оның тийкарғы жумыс орны «Аква парк» суў бассейнинде болғанлығы анықланған.

Ҳәзирги ўақытта тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги