Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни мәмлекетимизде рәсмий сапар менен болып турған Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерациясы Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенконы қабыллады.
Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Валентина Матвиенконы Россия Федерациясы парламентиниң жоқары палатасы баслығы лаўазымына қайта сайланғаны менен қутлықлады ҳәм усы жуўапкершиликли жумысында табыслар тиледи.
Өзбекстан менен Россия арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары бүгин жоқары дәрежеге көтерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Турақлылық пенен болып өткен нәтийжели сөйлесиўлер, Россия Президентиниң өткен жылдың октябрь айындағы Өзбекстанға болған мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиздиң кең көлемли бирге ислесиўин кеңейтиўге күшли пәт бағышлап, оны анық мазмун менен байытты.
Валентина Матвиенко, өз гезегинде, шын жүректен қабыллағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Россия парламенти делегациясының бул сапар етиўи мәмлекетлеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге исенимли умтылып атырғанының гезектеги тастыйғы екени атап өтилди.
Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықлар, сондай-ақ, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда және саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық, транспорт-логистикалық, агросанаат, илимий-техникалық тараўларда перспективалы жойбарларды алға қойыўда, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиўде еки мәмлекет парламентлериниң белсенди қатнасыўына байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Ҳалықаралық парламентлераралық шөлкемлер шеңберинде бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылыды.
Федерация Кеңесиниң Баслығы көп қырлы Өзбекстан – Россия қатнасықларын ҳәр тәреплеме беккемлеў мақсетинде парламентлераралық байланысларды избе-из раўажландырыў бағдарындағы умтылысының исенимли екенлигин атап өтти.
Валентина Матвиенко быйыл Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли ўәкиллик ҳәкимият уйымларына болатуғын сайлаўлардың табыслы өтиўин тиледи.
ӨзА