Парламенттиң жоқары палатасында Олий Мажлис Сенатының Регламент ҳәм әдеп комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Мәжилисте Ферғана ўәлаятының ҳәкими, сенатор Шуҳрат Ғаниевтиң социаллық тармақларда тарқалған сөзи наразылықларға себеп болғаны додаланды.
Алдын Ферғана ўәлаятының ҳәкими сақал, орамал ҳәм жумыс орынларында намазға қарсы шығып, оған бойсынбағанларды қамаў менен қорқытқаны жазылған аудио тарқалған еди. Усы пикирлер социаллық тармақларда, ҳәр қыйлы сайтларда халықтың наразылықларына себеп болды. Комиссия ағзалары тәрепинен Шуҳрат Ғаниевтиң бул ис-ҳәрекети кескин сынға алынып, қараланды. Қатаң илажлар көриў соралды.
– Халқымызда ойнап сөйлесең де ойлап сөйле, деген нақыл бар. Ферғана ўәлаятының ҳәкими, сенатор Ш.Ғаниев жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшылары ҳәм белсендилериниң қатнасыўында өткерилген мәжилисте пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерине зыян келтиретуғын, абырайы және қәдир-қымбатын кемситетуғын сөзлерден пайдаланғанлығы социаллық тармақларда кең тарқалып, халықтың орынлы наразылықларына себеп болмақта, – деди сенатор Мақсуда Варисова. – Оны сенатор сыпатында қатты қаралайман. Себеби, гәп орамал ҳаққында болса, аналарымыз, гөззал ҳаял-қызларымыз, келинлеримиз бәрқулла орамал байлап жүрген. Инсанның қәдир-қымбаты, ҳуқық ҳәм еркинликлери тәмийинленип атырған бундай заманда бул пикирлерди ақлап болмайды.
«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенат ағзасының статусы ҳаққында»ғы нызамның 11-статьясында депутат, сенатор әдеп қағыйдаларына қатаң әмел етиўи керек екенлиги белгиленген.
Соның менен бирге Сенаттың 2017-жыл 28-марттағы тийисли қарары менен тастыйықланған Сенат ағзаларының әдеп қағыйдаларына бола сенатор өз жумысында жәмийетте улыўма қабыл етилген минез-қулық принциплерине қатаң әмел етиўи, пуқаралардың, лаўазымлы шахслардың ҳуқықлары, абырайы, қәдир-қымбатын ямаса искерлик абырайын ҳүрмет етиўи, сондай-ақ, сенатор деген атқа дақ түсеретуғын ис-ҳәрекетлерден өзин тийыўы керек.
– Бул пикирлер мени ҳаял сыпатында ләрзеге салды, – деди сенатор Гавҳар Алимова. – Бүгинги күнде мәмлекетимизде миллий қәдириятларымызды, үрп-әдетлеримизди, дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, жас әўладқа жеткериў бағдарында системалы жумыслар исленбекте. Оған мысал сыпатында Қоқанд қаласында өткерилген Халықаралық өнерментшилик фестивалын айтыў мүмкин. Онда апа-сиңиллеримиз шырайлы миллий липасларда, қәдириятымызды алып шыққаны қәншелли заўық бағышлайды. Ҳаял-қызларға қаратылып атырған итибар болса ҳәр қашанғыдан да күшли. Усындай ўақытта бул пикирлерди билдирген сенаторымыздың ис-ҳәрекетин улыўма ақламайман.
Ферғана ўәлаятының ҳәкими Шуҳрат Ғаниев оған төмендегише түсиник берди:
– Бүгинги дәўирде инсанның қәдир-қымбаты, оның ҳуқық ҳәм еркинлиги ҳәмме нәрседен үстин. Социаллық тармақларда дурыс додаланған, айбымды тән аламан. Ата-анам, апа-сиңиллерим, перзентлерим де миллий липаста кийинеди. Менда үйде миллий липаста жүремен. Сол мәжилисте шегарадан шығып кеткенмен. Имканият берсеңиз, жуўмақ шығарып, мийнет етемен.
Сенат комиссиясы мәжилисте Ферғана ўәлаятының ҳәкими Шуҳрат Ғаниевке қатаң ескертиў ҳәм 3 ай сынақ мүддети берилди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы