Жақында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласындағы «Мега Нукус» саўда орайында «Биргеликте биз күшпиз!» ураны астында «Жарқын келешекке ӨзЛиДеП пенен бирге қәдем таслаймыз!» үгит-нәсият акциясы болып өтти.
Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық, қала ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, депутатлар, исбилерменлер, мәденият тараўы хызметкерлери, эстрада қосықшылары, партияның белсенди жаслары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, усы жылғы сайлаўлар жаңаша орталықта, жаңаша ҳуқықый шараятта өтиўи, бул бағдарда республикамызда ҳәрекет етип атырған сиясий партиялар қатарында ӨзЛиДеП партиясы да сиясий процесске жуўапкершиликти сезинген ҳалда пухта таярлық көрип атырғанлығын айтып өтти.
Партияның жаңа Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген тийкарғы идея ҳәм ўазыйпалар ҳаққында қатнасыўшыларға қысқаша мағлыўматлар берилди.
Болажақ сайлаўлар мәмлекетимиз тарийхында ең биринши мәрте Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи. Бул болса сайлаўдың нызамлы түрде, ашық-айдынлық принципинде өтиўиниң және бир айқын көриниси болып есапланады.
Илажды өткериўден мақсет – партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кең жәмийетшиликке, әсиресе, жаслардың санасына сиңдириў, халықтың бос ўакытларын мазмунлы өткериўден ибарат.
Акция даўамында партияның белсенди исбилерменлери сөзге шығып, болажақ сайлаўларда ҳәммени белсенди болыўға шақырып қалды.
Илаж даўамында жаслардың сиясий процестеги белсендилигин, олардың ҳуқықый ҳәм сиясий саўатлылығын және де арттырыў мақсетинде интерактив ойынлар, көргизбели шығыўлар өткерилип, концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.