Президентимиздиң усы жылы 27-сентябрьдеги «Устазлар ҳәм муғаллимлер күни мүнәсибети менен тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек болған хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық пайтахтлы 19 устаз ҳәм муғаллимлер де ўатанымыздың ҳүрметли атақлары менен сыйлықланды.

Ташкент қаласы ҳәкимлигинде устаз ҳәм муғаллимлерди усы мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў мәресими болып өтти. Оған устазлар ҳәм муғаллимлер, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, жәмийетшилик ўәкиллери, пайтахттан белсендилер мирәт етилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан устазлары ҳәм муғаллимлерине байрам қутлықлаўын Ташкент  қаласының ҳәкими Жаҳонгир Ортиқхўжаев оқып еситтирди.

Ҳақыйқатында да, Президентимиз қутлықлаўында атап өткениндей, өзиниң көз нурын, жүрек жылыўын, пүткил барлығын жас әўладтың тәрбиясына бағышлайтуғын устазлар ҳәм муғаллимлердиң мийнети, мәртлиги ҳәр қандай жоқары баҳаларға ылайық.

Салтанатлы илажда атап өтилгениндей, мәмәлекетимизде тәлим-тәрбия тараўына көрсетилип атырған үлкен итибар устазлар ҳәм муғаллимлер, кең педагогикалық жәмийетшиликтиң жумысында айқын сәўлеленбекте. Олардың  мийнетин қәдирлеў, социаллық қорғаў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай ийгиликли ислердиң  барлығы оқытыў, жаслардың  мәнәўиятын раўажландырыў, олардың миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, ўатансүйиўшилик, пидайылық сезимлерин беккемлеўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Илажда сөзге шыққанлар оқытыўшыларды ҳүрметлеў, жәмийетте бул кәсиптиң абырайын арттырыў бағдарындағы жоқары итибары ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Сол күни пайтахтымыздағы «Наврўз» мәденият ҳәм дем алыў бағында Ташкент қаласында мийнет етип атырған устаз ҳәм муғаллимлер ушын сейил шөлкемлестирилди.

-Реформалар билимлендириўдиң барлық буўынларын қамтып алып атырғаны жас әўладтың келешеги, оның раўажланыўы жолында көрсетилип атырған шын мәнисиндеги ғамхорлықтың әмелий көриниси болып табылады,-деди Ташкент қаласы Алмазар районындағы жеңил санаат кәсип-өнер колледжиниң өндирислик билимлендириў мастери, «Шухрат» медалының ийеси Гулсарахон Аҳмеджонова. -Азы-кем мийнетлеримниң усындай жоқары қәдир ҳәм итибарға ылайық көрилгенинен кеўлим толқынланып, руўхый дүньям аспанларға пәрўаз етти. Мениңше бүгин ҳәр бир педагогтың кеўлинен усындай сезимлер өтпекте, десек асыра айтқан болмайман. Оқытыўшыдай әпиўайы, мийзамкеш ҳәм соның менен бирге жуўапкершиликли кәсип ийелерине көрсетилип атырған жоқары итибары ушын Президентимизден шексиз миннетдармыз.

Сейилде оқытыўшылардың сөйлесиўи, өз ара пикир ҳәм тәжирийбе алысыўы ушын барлық шараятлар жаратылды. Балалар көркем дөретиўшилик орайларының жумысына бағышланған көргизбе шөлкемлестирилди. Көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы музыкалы бағдарлама устазлар ҳәм муғаллимлерге көтеринки кейпият бағышлады.

Усы сыяқлы илажлар Ташкент қаласындағы көплеген мәденият ҳәм дем алыў бағларында болып өтти. Меҳрийбан устазларға бағышланған байрам кейпияты мәмлекетимиз бойлап даўам етпекте.

1.jpg

5.jpg

11.jpg

29.jpg

Назокат Усмонова,

ӨзАның хабаршысы