Өзбекстан Республикасының Бельгиядағы елшиханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Европаның бир қатар мәмлекетлеринде елимиздиң ҳәр қыйлы тараўлардағы имканиятларын таныстырыў мақсетинде ушырасыў, қабыллаў ҳәм мәдений илажлар өткерилмекте.
Усындай илажлар Нидерландияның Гаага қаласында, Люксембург герцоглигинде, Европа Парламентинде, Бельгияның пайтахты Брюссельде шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасының Бельгиядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Д.Ҳакимов, Европа Парламентиниң Орайлық Азия бойынша делегациясы баслығы Ф.Мартишелли, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили П.Бурман сөзге шығып, илаждың шөлкемлестирилиўи менен қутлықлады.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойының бүгинги раўажланыў басқышлары, бул жерде алып барылып атырған қурылыс жумыслары, инвесторлар ушын жаратылған имканиятлар, туристлик потенциалы менен таныстырылды.
Болып өткен илажларда Өзбекстан Республикасы филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң хызметкерлери өзлериниң қосықлары ҳәм аяқ ойынлары менен жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.