Америка Қурама Штатларының «John Deere» компаниясында ислеп шығарылған ең соңғы модельдеги алты қатарлы пахта териўши машина алып келинди.
Бул инновациялық пахта териўши машиналар Сингапурдиң «Индорама» компаниясы тәрепинен Сырдәрья ўәлаятының Ақ алтын районындағы пахта майданларында республика көлеминде бириши мәрте сынақтан өткерилди.
Ол терилген пахтаны биратола пресслепте береди. Ҳәр бир пресс 2,5 тоннадан 2,7 тоннаға шекемги салмаққа ийе. Сондай-ақ, кем қәрежет жумсалыўы менен бирге жумыс өнимдарлығы да жоқары. «John Deere 7760» пахта териўши машина күнине 40-50 гектар жерден 80-100 тоннаға шекемги пахтаны терип алыў қуўатлылығына ийе.
Салыстырмалы түрде қарағанда, «John Deere 7760» пахта териўши машина күнине орташа 90 тонна пахта терсе, бул қол териминдеги 1400 адамның мийнетине тең дегени.
Ең әҳмийетлиси, «John Deere 7760» басқа пахта териўши машиналардан парқлы түрде пахтаны таза тереди.
Ҳәзирги ўақытта ўәлаятқа 15 дана жоқары өнимдарлы әне сондай терим машинасы алып келинди. Олардың жәрдеминде орташа 1400 тонналы пахта қырманы жаратылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги