Мийнет кодексине тийкарланып мийнет ҳақы төленетуғын күн дем алыс ямаса байрам күнине туўра келип қалса, мийнет ҳақы сол күннен алдын төленеди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги еслетип өтти, деп жазады togri.uz сайты.
Өзбекстанда хызметкерлерге айлық мийнет ҳақысын бериў қандай да бир байрам ямаса дем алыс күнине туўра келип қалған жағдайда мийнет ҳақы хызметкерлерге сол күннен алдынырақ төлениўи тийис. Бул мийнет кодексиниң 161-статьясында белгилеп қойылған.
Кодекске муўапық, жәмәәт шәртнамасында жумыс бериўшиниң айыбы менен хызметкерге мийнет ҳақы төлеў белгиленген мүддетлерге салыстырғанда кешиккенлиги ушын жуўапкершилик нәәзерде тутылыўы мүмкин.
Соның менен бирге, байрам (ислемейтуғын) күнлер алдынан күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық хызметкерлер ушын ең кеминде бир саатқа қысқартылады.
Еслетип өтемиз, ертең 1-октябрь – «Устазлар ҳәм муғаллимлер күни» мүнәсибети менен Өзбекстанда дем алыс күни есапланады. Шөлкемлерде айлық мийнет ҳақылар тийкарынан айдың дәслепки күнлеринде бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги