«Имаратлардың ишинде ең уллысы мектеп болса, кәсиплердиң ишиндеги ең уллысы устазлық» деген еди ойшыллардың бири.

Елимизде 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы көтериңки руўхта белгиленбекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти де бул байрамды ҳәр жылдағыдай жоқары кейпиятта белгилемекте.

Институтта байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген көркем-әдебий кеше «Сизге тәжим, әзиз устазлар!» деп аталды.

Кешени институт ректоры Б.Отемуратов ашып берди ҳәм жыйналғанларды, институттың пидайы профессор-оқытыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде педагог хызметкерлер ушын қолайлы шараятларды жаратыў, жәмийетте муғаллимлердиң абырайын еле де арттырыў және оларды жасларға үлги ҳәм өрнек етип көрсетиў бойынша тарийхый жумыслар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап улыўма билим бериў мектеплериниң жоқарғы класс муғаллимлериниң мийнет ҳақылары 24 процентке, баслаўыш класс муғаллимлериниң айлық мийнет ҳақылары болса 10 процентке көбейтилди.

Билимлендириў мәкемелериниң оқыў-тәрбия процесине өз үлесин қосып атырған, өз кәсибине садық ҳәм басламашы, жоқары кәсип дәрежесин көрсетип атырған, оқыўшылары аймақлық, республикалық ҳәм халықаралық көлемдеги ҳәр қыйлы пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген педагог кадрларға ең кем мийнет ҳақының 3 есесинен 20 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик материаллық хошаметлеў тәртиби енгизилди.

Сондай-ақ, жоқары билимлендириў системасында жумыс ислеп киятырған педагог кадрлардың мийнет ҳақыларын көбейтиў, олардың жәмийеттеги абырайын арттырыў бағдарында да әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылмақта.

Илажда академик Ж.Базарбаев сөзге шығып, барлық муғаллим ҳәм устазларды кәсиплик байрамы менен қутлықлап, жумысларына табыслар тиледи.

Кеше институттың қәбилетли жаслары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.