Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде билимлендириў тараўын халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, оқыў-тәрбия процесине алдынғы сырт ел тәжирийбелери, инновациялық педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды кеңнен енгизиў, илимниң жетискенликлерин әмелиятқа енгизиў, терең билим ҳәм кәсип-өнерге ийе, еркин пикирлейтуғын, қәбилетли, саламат әўладты камалға келтириў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларымызды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен

Баубекова Калжамал Бегдуллаевна – Мийнет ветераны

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Ким Идея Алексеевна – Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайының стилисти

Раманова Гүлпаршын Жолдасбаевна – Шымбай районындағы 14-улыўма орта билим бериў мектебиниң химия ҳәм биология пәнлери оқытыўшысы

«Дўстлик» ордени менен

Чашемов Мансурбек Халбаевич – Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң аўыр атлетика бойынша тренери

«Шуҳрат» медалы менен

Арзымбетова Бибисара Атамуратовна – Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының үлкен оқытыўшысы

Ешимбетова Камила Шамильевна – Нөкис қаласындағы 46-қәнигелестирилген улыўма орта билимлендириў мектебиниң инглис тили пәни оқытыўшысы

Ешмуратов Расул Махсудович – Тахтакөпир районындағы 5-улыўма орта билимлендириў мектебиниң денетәрбия пәни оқытыўшысы

Юсупова Гүлистан Жамалатдиновна – Қараөзек районындағы 8-улыўма орта билим бериў мектебиниң физика пәни оқытыўшысы

Юсупова Муяссар Халлиевна – Беруний районындағы 36-улыўма орта билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 27-сентябрь