«Халық жасаў орынларында ийтлер ҳәм пышықларды сақлаў қағыйдалары» 2011-жыл Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған. Усы қағыйдаларға муўапық:
– ийтлер ҳәм пышықларды улыўмалық аўқатланыў кәрханаларына, азық-аўқат дүканлары ҳәм басқа дүканлардың саўда және өндирислик залларына алып кириў;
– ийтлер ҳәм пышықларды көпшилик баратуғын орынларда (пляж, бассейн, фонтанларда ҳәм т.б.) шомылдырыў ямаса жуўыў;
– ийтлер ҳәм пышықларды улыўмалық пайдаланатуғын орынлар, подъездлер, шертеклер, жертөлелерде, сондай-ақ, асханалар, балконлар ҳәм улыўма пайдаланыўдағы басқа да орынларда сақлаў;
– қорғаўшы ийтлерди билимлендириў ҳәм медициналық мәкемелерде сақлаў;
– мәс ҳалдағы адамлар ҳәм 14 жастан киши болған балалардың ийтлерди сейилге алып шығыўы мүмкин емес.
Сондай-ақ, егер де ийттиң тумсықбаўы болса 2 метрге шекемги, ал тумсықбаўы болмаса 1 метрге шекемги арқан арқалы жетеклеп жүриўге рухсат берилген, деп жазбақта Togri.uz.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.