Өзбекстанда жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси буннан былай да көбейтиледи. Бул ҳаққында Президент Ш.Мирзиёев Өзбекстанның муғаллимлер ҳәм устазларына байрам қутлықлаўында айтып өтти, деп жазбақта Kun.uz.
Атап өтилиўинше, соңғы еки жылда елимизде 35, соның ишинде, 13 сырт ел жоқары оқыў орны шөлкемлестирилди. Жүзден аслам жаңа бакалавриат билимлендириў бағдарлары және 94 магистратура қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылды.
«Усындай илажлар нәтийжесинде жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси үш жыл алдынғы 9 проценттен 20 процентке көбейди. Биз жақын келешекте бул көрсеткишти 25 процентке жеткериўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз», – деп жазылған қутлықлаў текстинде.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.