Усы жыл 27-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Вьетнам аўыл хожалығы министрлигиниң эксперти, профессор Тран Кван Куанг Чжиуди қабыллаў мәресими болды.
Қарақалпақстан Республикалары Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығы тараўын әмелге асырылып атырған реформаларға, аймақлардың ықлым шараятына бейимлескен егинлерди егиў, соның ишинде салыгершиликти раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Бунда сырт еллердиң алдыңғы технологияларын кеңнен ен жайдырыў, солай етип, зүрәәтлиликти арттырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады. Бунда вьетнамлы қәнигелер менен бирге ислесиў жақсы нәтийже берери сөзсиз.
Өз гезегинде мийман жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын ушын миннетдаршылық билдирип, келешекте бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Қабыллаўда салыгершилик тараўына Вьетнам технологиясын енгизиў, жергиликли қәнигелер менен тәжирийбе алмасыў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў, ирригация тармақларынын жақсылаў арқалы жоқары зүрәәт мәселелери бойынша өз-ара пикир алысыўлар болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.