Усы жыл 25-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жаңадан шөлкемлестирилген Бозатаў районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери, бул бойынша алда турған ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, үлкен жойбарлардың орынланыўы менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде усы жылдың 20-21-август күнлери республикамызға сапары ўақтындағы басламасы менен шарўашылыққа қәнигелестирилген Бозатаў районы шөлкемлестирилген еди. Районды 2019-2021-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў ушын барлық дәреклер есабынан 309 миллиард 142 миллион сум қаржы талап етилиўи күтилмекте.
Атап айтқанда, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында улыўма баҳасы 45 миллиард 132 миллион сумлық 57 жойбарды әмелге асырыў арқалы 289 жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, 2019-2021-жылларда 118 миллиард 89 миллион сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў арқалы районның инженерлик-коммуникация тармақларын раўажландырыў, 17 ирригация ҳәм мелиорация объектинде реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумысларын алып барыў, 28 социаллық инфраструктура объектлеринде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумысларын әмелге асырыў назерде тутылмақта.
Мәжилисте бир қатар министрликлер менен уйымлардың жуўапкер басшылары шығып сөйлеп, бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.