Келеси жылы кириў имтиханларына 5 пәннен тест тапсырылыўы мүмкин. Оған байланыслы жойбар додалаў ушын қойылды. Имтиханда 3 мәжбүрий пәнлерден ҳәм 2 билимлендириў бағдарына сәәйкес пәнлерден тест алынады.

Мәмлекетлик тест орайы келеси жылғы кириў имтиханларында 5 пәннен тест тапсырыўға байланыслы жойбарды додалаў ушын жәриялады. Бул ҳаққында togri.uz сайты хабар бермекте.

Оған бола, тәртип төмендегише болыўы режелестирилмекте:

Мәжбүрий пәнлер:

Ана тили-15 сораў, ҳәр бири ушын 2.1 баллдан;

Математика- 15 сораў, ҳәр бири ушын 2.1 баллдан;

Өзбекстан тарийхы- 15 сораў, ҳәр бири ушын 2.1 баллдан.

Жәми топлаў мүмкин болған балл – 94.5 балл.

Билимлендириў бағдарына сәйкес пәнлер:

1-пән 30 сораў, ҳәр бири ушын 3.1 баллдан;

2-пән 30 сораў, ҳәр бири ушын 3.1 баллдан.

Жәми топлаў мүмкин болған балл – 186 балл.

Мәжбүрий пәнлер бойынша абитуриентлерге берилетуғын сораўлар биринши қурамалылық дәрежесиндеги сораўлар болып (яғный, ең аңсат сораўлар), оларға жуўап ушын – ана тили ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлеринен 1 минутқа шекем, математика пәнинен – 1,5 минутқа шекем ўақыт ажыратылыўы мөлшерленген.

Тест тапсырмаларына жуўап бериў ҳәм жуўапларды жуўаплар қағазына көшириў менен бирге тест сынақларына жәми 3 саат ўақыт ажыратылыўы усыныс етилмекте. Тийкарғы блоктағы 2 пән ушын жәми 2 саат ўақыт бериледи.

Мәмлекетлик тест орайы бул жойбар бойынша пикир-усынысларды @dtmga_murojaat_bot арқалы жибериўди сорамақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги