26-сентябрь күни пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде өзбекстанлы студентлер арасында «mGovAward»  мәмлекетлик мобиль қосымшаларды ислеп шығыў бойынша республикалық таңлаўдың рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкимет ҳәм келешек ислери бойынша министри Муҳаммад ибн Абдулла ал-Қарқавий басшылығындағы делегация қатнасты.

Өзбекстан Республикасының бас министри Абдулла Арипов Өзбекстан ҳәм БАӘ арасында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, жаңа жоқары технологиялық жойбарларды әмелге асырыў тараўларында бирге ислесиў раўажланып баратырғанын атап өтти.

Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў Өзбекстанда  мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады. Бул таңлаў болса олардың ең жақсы идеяларын жүзеге шығарыў ушын және бир имканият болып есапланады.

Бирлескен Араб Әмирликлеринен келген шериклер менен биргеликте  өткерилип атырған таңлаў студентлердиң программаластырыў ҳәм мобиль қосымшаларды ислеп шығыў бағдарындағы имканиятын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған.

-Өзбекстанның Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы ески қалалары илим ҳәм ағартыўшылықтың тарийхый орайы есапланады,-деди БАӘниң ҳүкимет ҳәм келешек ислери бойынша министри Муҳаммад ибн Абдулла ал-Қарқавий. -Өзбекстан Ибн Сино, Хорезмий, Бухарий, Беруний сыяқлы уламалары менен мақтанса арзыйды.

Таңлаўда жоқары билимлендириў мәкемелериниң бағдарына қарамастан барлық студентлер қатнасыўы мүмкин. Оның ушын қатнасыўшы үш ҳәм оннан көп адамнан ибарат команда топлап, таңлаўдың рәсмий веб-сайтында мобиль қосымшаның мазмун-мәнисин ашып беретуғын видеокөринис ҳәм мағлыўмат қосымша етилген арза бериўи керек. Қатнасыўшыларға толық дөретиўшилик еркинлик берилген болса да, таңлаў шөлкемлестириўшилери мобиль қосымшаларды ислеп шығыў ушын бир қанша бағдарларды таңлап алды. Таңлаў қатнасыўшылары бес бағдардан бири – билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм ҳәм мәденият, исбилерменлик, транспорт ҳәм логистика бойынша қосымша жаратыўы керек болады.

Таңлаўдың ақшалай сыйлығы 100 мың долларды қурайды. Бул қаржы таңлаў лауреатлары арасында бөлистириледи. Жеңимпаз 50 мың долларды қолға киргизеди, екинши орын ийесине 30 мың доллар, үшинши орынға болса 20 мың доллар муғдарындағы сыйлық берилиўи нәзерде тутылған.

Көширмешиликке жол қоймаў мақсетинде қатнасыўшылар өз қосымшаларының басланғыш кодын ҳеш кимнен өзлестирмегенин анықлаў ушын эксперт тексериўине усыныўы керек болады.

Жеңмпазларды ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими 2020-жыл 14-март күни болып өтеди.

 

Роман Бандарчук

ӨзАның хабаршысы