Ташкентте 26-сентябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң сыртқы экономикалық ҳәм сыртқы саўда жумысы ушын жуўапкер министрлериниң он сегизинши мәжилиси болып өтти.
Илажда ШБШ Бас хаткериниң орынбасары Шерали Жонон, Исбилерменлер кеңесиниң ўәкили, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердиң делегациялары қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сырқы саўда министри Сардор Умурзоқов мәмлекетимизде бул шөлкемге турақлы раўажланыў менен байланыслы кең көлемли мәселелерди додалаў ҳәм шешиў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, Орайлық Азия ҳәм дүньяда қәўипсизлик, турақлылықты тәмийинлеўде абырайлы ҳәм күшли тәсир майданына ийе структура сыпатында қаралатуғынын атап өтти.
Конструктивлик ҳәм дослық руўхында өткен сөйлесиўде регионаллық экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды. ШБШ шеңбериндеги саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды.
ШБШ секретариятының шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы ҳәр тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының орынланыўы ҳаққындағы есабының жойбары көрип шығылды. Бул жойбарды Ташкент қаласында усы жылы ноябрь айында өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ўақтында тастыйықлаў ушын усыныс етилди.
Арнаўлы жумысшы топарларға ШБШның экономикалық мәселелерге байланыслы бағдарламалық ҳәм режелестириў ҳүжжетлерин таярлаў бойынша жумысларды жеделлестириў тапсырылды. ШБШ Исбилерменлер кеңеси ўәәкилиниң 2018-2019-жылларда структураның жумысы ҳәм 2020-жылға мөлшерленген әҳмийетли ўазыйпалары ҳаққындағы мағлыўматы тыңланды.
Сондай-ақ, Ташкентте өтетуғын ШБШға ағза мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық жумыслары бойынша мәлимлеме усынылды. Саўда, инвестиция, транспорт, логистика, туризм, аўыл хожалығы, санаат, энергетика, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, космослық раўажланыў, илим, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте ШБШға ағза мәмлекетлердиң санлы технологиялар дәўиринде алыс ҳәм аўыллық аймақларды раўажландырыў бойынша бирге ислесиў концепциясының жойбары мақулланды. Концепцияны әмелге асырыў механизми бойынша усынысларды белгиленген тәртипте бериўге келисип алынды.
Делегация басшылары ШБШ Экономикалық таллаўлар орайы консорциумы регламентиниң жойбарын мақуллады, илаж жуўмағы бойынша протоколға қол қойылды.
Ғ. Хонназаров,
ӨзАның хабаршысы