Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң шөлкемлестириўинде бир топар сырт ел ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Қарақалпақстанда газ-химия ҳәм электр энергиясының санаат зоналарына барды. Мийманлар дәслеп Сүргил газ кәнинде болды.

– Сүргил газ кәнинде биринши рет, яғный 1998-жылы «Өзбекнефтьгаз» АЖ басқармасына қараслы Үстирт излеў-бураўлаў экспедициясы жумыс баслаған ҳәм газ кәни сапатында қазық қағылып, бураўлаў жумыслары алып барылған. 2002-жылы кән ашылып, 2007-жылы эксплуатацияға қосылды ҳәм газ алынып баслады. 2013-жылы «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасының басқарыўына өткеннен кейин кәнде халықаралық тендердиң баслығы «ERIELL» компаниясы өз жумысын баслады ҳәм ҳәзирги ўақытта да 100 эксплуатациялық қудықларда ири оңлаў жумыслары алып барылмақта, – дейди «ERIELL» компаниясы Үстирт аймағының бас геологы Жақабай Бухарбаев. – «ERIELL» компаниясы 2013-жылдан берли Сүргил кәнлериндеги қудықларды қурыў ҳәм газ жыйнаў пунктлерин қурыў бойынша жумысларды әмелге асырмақта.

6.jpg

10.jpg

Бураўлаў ҳәм қудықларды қазыў жумыслары жуўмақланғаннан кейин қудықты үскенелеў бойынша жумыслар алып барылмақта. Қудық үскенеленгенде, газди ислеп шығарыў режимин, қәўипсиз ислеўин, техникалық хызмет көрсетилиўин ҳәм қудықты кейин ала оңланыўын тәмийинлеў ушын ислеп шығылған жойбар ҳүжжетлерине муўапық жумыс алып барылады. 2013-жылдан 2015-жылға шекем биринши басқыштағы бураўлаў жумысларында 35 қудықты бураўлаў жуўмақланды ҳәм өзлестирилди. 2,950 метр тереңликтеги бир қудықты бураўлаў ушын орташа ўақыт 60 күнди қурады, бул шәртнама бойынша белгиленген мүддеттен 20 күн алдын әмелге асырылды.

Екинши шәртнамаға бола, 2016-жылдан ҳәзирги күнге шекем бураўлаў бойынша 50 қудықта бураўлаў жумыслары жуўмақланды ҳәм өзлестирилди. 2 950 метр тереңликтеги бир қудықты бураўлаў ушын орташа ўақыт 59 күнди қурады ҳәм шәртнама шәртлеринен 21 күнге тез жуўмақланды.

Сүргил газ кәнлеринде бураўлаў жумыслары алты көшпели бураўлаў қурылмалары жәрдеминде әмелге асырылды. Қудықты қурыў ҳәм ири оңлаўдан шығарыў төрт көтериў үскенеси тәрепинен әмелге асырылды. Барлық қурылмалар «ERIELL» компаниясының мүлки болып есапланады.

11.jpg

14.jpg

Сүргил газ кәни Мойнақ районында, яғный Арал теңизиниң қурыған ултанында жайласқан. «Сүргил» атамасы «шор көл» сөзинен келип шыққан. Аймақлық климат шараяты аўыр болып, бул жерде температура жазда +60 градусқа көтерилиўи, қыста болса – 40 дәрежеге шекем түсиўи мүмкин.

2015-жыл сентябрь айынан баслап газ қудықларынан бураўлаў ҳәм ири оңлаўдан шығарғаннан соң пайда болған барлық өнимлер «uz-kor gaz chemical» қк ҳәм «Өзбекнефтьгаз» ОАЖ тәрепинен қурылған үстирт газ-химия комплексине жеткерип берилди. Бул комплекс 5 заводтан ибарат: газ ажыратыў станциясы, этилен заводы, полиэтилен ислеп шығарыў заводы (комплекстиң жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 387 мың тонна полиэтиленди қурайды), полипропилен заводы (комплекстиң жыллық ислеп шығарыў қуўатлылығы 83 мың тонна полипропиленди қурайды) ҳәм энергия тәмийнаты станциясы (кейин қайта ислеў ҳәм жанылғы алыў ушын Бухара нефтьти қайта ислеў заводына жиберилетуғын пиролиз дистиллаты ҳәм пиролиз майы).

Сырт ел ҳәм жергиликли журналистлер Сүргил газ кәнинен усы комплекске жол алды.

Е.Қанаатов, М.Ҳабибуллаев (сүўрет), ӨзА