Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Спорт мектеплериниң баслығы, тренер ҳәм инструктор-методистлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм оларды материаллық жақтан хошаметлеў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды. Бул ҳаққында kun.uz сайты хабар бермекте.
Ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги қарамағындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеби, спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген олимпиада резервлери балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, жоқары шеберлик спорт мектеби. жоқары спорт шеберлиги мектеби, республикалық жоқары спорт шеберлиги мектеплеринде спорт таярлығының сапасын жаңа басқышқа көтериў, көп жыллар даўамында жемисли мийнет етип, спорт билимлендириўиниң нәтийжелилигин арттырыўға үлкен үлес қосып киятырған пидайы қәнигелерди хошаметлеў, оларды социаллық жақтан қорғаў, сондай-ақ, спорт мектеплериниң директоры, директор орынбасарлары, тренер, методистлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеўди буннан былай да күшейтиў мақсетинде қабыл етиледи.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Қаржы министрлигиниң спорт мектеплери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларын 2019-жыл 1-октябрьден:
директор ҳәм директор орынбасарлары 2 есеге;
тренер, инструктор-методистлери ушын орташа 1,7 есеге арттырыў ҳаққындағы усынысы мақулланыўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасының Қаржы министрлиги бул қарарларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды 2019-жыл ушын ажыратады және 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери параметрлеринде нәзерде тутады.
Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине барлық спорт мектеплериниң жумысын сын көзқарастан үйренип шығып, спорт мектеплериниң нәтийжелилигин баҳалаўдың анық нормаларын енгизиў, бюджеттен тысқары дәраматларын арттырыўға қаратылған комплексли илажларды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги