Бүгинги күни Президентимиз тәрепинен жаратылып атырған имканият, қолайлық, жеңиллик ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўлар өнерли исбилермен инсанларға, жасларға кең жол ашпақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-апрельдеги ПҚ-2897-санлы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 8-августтағы 602-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен 2017-2018-жыллары ҳәр шеректе, календарь-реже тастыйықланып, тийисли министрлик хәм шөлкемлердиң қәнигелеринен лекторлар шақырылып, қала ҳәм районларда, оқыў орынларында исбилерменлер ушын оқыў курслары шөлкемлестирилип келинбекте. Орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери менен келисилген ҳалда регламент тийкарында 22 академиялық сааттан ибарат оқыў курслары шөлкемлестирилмекте.
Усы жыл 16-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде пилот тәризинде онлайн-оқыў курсы басланды.
– Усы жыл 24-май күнги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Бизнес Омбудсман, Саўда-санаат Палатасы, Исбилерменлик тийкарларын оқытыў орайы хәм оның филиаллары, хәкимликлер, мәмлекетлик басқармалар ҳәм қәрханалардың қатынасыўында өткерилген видеоселектордағы тапсырмаларға тийкарланып «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен», «Жаслар келешегимиз» мәмлекетлик Бағдарламаларының орынланыў барысы ҳаққында қала ҳәм районларда исбилерменлер, жаслар ушын оқыў семинарлар өткерилиўи тапсырылған еди,-дейди «Исбилерменлик жумыслары тийкарларын оқытыў» Республикалық орайы Қарақалпақстан Республикалық филиалының баслығы Г.Рзаева.
Сонлықтан, жоқарыда көрсетилген қарарлардың мазмун ҳәм мақсети бойынша кеңирек түсиниклер бериў ушын «Исбилерменлик тийкарларына оқытыў»дың гезектеги курслары Бердақ атындағы Қарақалпақ мамлекетлик университетинде де шөлкемлестирилип атыр.
Бул оқыў курсларына Исбилерменлик тийкарларын оқытыў Республикалық орайы Қарақалпақстан филиалы, Мәмлекетлик ҳызметлер орайы, Бажыхана басқармасы, Товар шийки зат биржасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Өрт қәўипсизлиги басқармасы, Жаслар аўқамы, Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы, Бәнтлик хәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Айрықша жағдайлар баскармасы, Халық банки, Жер дүзиў ҳәм мүлк кадастры басқармасы, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппаратының басшылары ҳәм қәнигелери өз тараўлары бойынша сабақ бермекте.
Исбилерменлик тийкарларын оқытыў Республикалық орайы Қарақалпақстан филиалы ҳәм Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен биргеликте календарь реже тийкарында оқыў семинарларын 2017-жылдың 5-июнинен баслап барлық қала ҳәм районларда өткерип келмекте.
Атап айтқанда, исбилерменлер, әсиресе, жаслар арасында қарарлардың әҳмийети ҳәм абзаллықлары ҳаққында кең түрде түсиник жумыслары алып барылып, өз бизнесин ашып, белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимлерден өтип, коммерциялық банклерден де кредит алыўшылардың саны күннен-күнге артып бармақта.
2017-2018–жыллары исбилерменлер ушын 93 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилди. Усы оқыў курсларында 2360 тыңлаўшы қатнасып, 1966 тыңлаўшы сертификатлар алды.
Усы жылдың январь-сентябрь айларында 36 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилип, оларға 928 тыңлаўшы қатнасты ҳәм 757 тыңлаўшы сертификатларға ийе болды. Булардан 144 тыңлаўшы өз бизнесине ийе болмаған пуқаралар, 336 тыңлаўшы Жаслар аўқамы ағзалары, 277 тыңлаўшы исбилерменлер болып есапланады.
Орай тәрепинен тыңлаўшылардың кейинги жумысларының да мониторинги жол қойылған болып, оның нәтийжелерине бола, өткен дәўирде шөлкемлестирилген оқыў курсларында исбилерменлик билимлерин алған 346 тыңлаўшы өз исбилерменлигин баслаған болып, 9,4 млрд. сум банк кредитлери алынды ҳәм заманагөй өндиристи шөлкемлестирип, 549 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Ал 172 тыңлаўшы өндирис жумысларын кеңейтип, кәрханаларын ҳәм бизнеслерин раўажландырыў жолы менен усы қолайлық ҳәм имканиятлардан пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына өз үлеслерин қосып келмекте.
Бул илажлардың жеке исбилерменлик субъектлери ушын абзаллығы сонда, мәмлекет тәрепинен үлкен жәрдем көрсетилип, исбилерменлерди көбейтип, таза кәрханаларды ашып, өндирис қуўатлығынан нәтийжели пайдаланыўға хәм кәрханаларды раўажландырыўға, ислеп шығарылған өнимлердиң бәсекилик дәрежесин тәмийинлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиўге жақыннан жәрдем береди.
2019-жыл 23-сентябрьге шекем 37 бийпул оқыў курсларында жәми 1025 тыңлаўшы қатнасты. Соның 852си сертификат алды. Олардың ярымына шамаласы (403и) ҳаяллар болып есапланады.
2019-жылы солардың 70 и исбилерменлик жумысын жаңадан баслаған болса, 11 исбилерменлик субъект өз жумысын және де кеңейтти. Жәми 6,5 миллиард сум муғдарындағы банк кредитлери алынып, 373 жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Өткерилген оқыў курслары даўамында тыңлаўшылар өзлери ушын әҳмийетли болған теориялық билим ҳәм көнликпелерди алыў менен бирге районлар кесиминде нәтийжели жумыс ислеп атырған, жоқары экономикалық нәтийжелерге ерискен ҳәм басқа исбилерменлик субъектлери тәрепинен жақсы тәреплери атап өтилген исбилерменлер менен ушырасыўлар ҳәм мастер класслар шөлкемлестирилмекте.
Бул бойынша орай ҳәм Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы арасында Меморандумға қол қойылған.
Тахтакөпир районындағы «Кемал Тахта» ЖШЖ (Еркеклер кийими ҳәм бас кийимлер тигиў), Тақыятас районындағы“ATIYAJ GULZAR” ЖШЖ (Дән өнимлерин қайта ислеў ҳәм ун өнимлерин ислеп шығарыў), Беруний районындағы “АСКАР АКФА” ЖК (акфа айна ҳәм есиклер, темир пәнжерелер ислеп шығарыў), Нөкис қаласындағы «Муратбек мебель», «Оралбай Нөкис» ОК (акфа айна, есик, темир пәнжерелер ислеп шығарыў) ҳәм “EVRO STROY” ЖШЖ (жергиликли шийки заттан экспортқа мөлшерленген қурылыс материалларын ислеп шығарыў), Нөкис районындағы «Элбек Аллаяр ата» (нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм тигиў цехы) ҳәм басқа да кәрханалар буған мысал бола алады. Кәрхана басшылары ҳәм қәнигелери мастер класс даўамында тыңлаўшыларға тәжирийбелери туўралы мағлыўматлар, исбилерменлик бойынша мәсләҳәтлерин берди.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 16-август күнги 669-санлы қарары менен, Орай тәрепинен «Жаслар келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў ушын «Норма» профессионал раўажландырыў орайы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылған болып, жасларды исбилерменликке қызықтырыў ҳәм оларды исбилерменликке кеңирек тартыў мақсетинде, www.direktor.uz (www.biznes.uz) порталында қаржы бойынша саўатлылығын арттырыў бойынша «Он-лайн» тәризиндеги курслар шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, оқыў курслары барысына инновациялар енгизилип, жоқары технологияларды қолланған ҳалда «Он-лайн» тәризинде аралықтан, үзликсиз оқытыўды шөлкемлестириў мақсетинде 2018-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 9 мәрте, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 3 мәрте «Он-лайн» тәризинде оқыў алып барылды. Оларға 281 тыңлаўшы қатнасып, солардың 184ине сертификат берилди. 2019-жыл 16-сентябрьге шекем болса, усындай курсларда 263 тыңлаўшы қатнасып, солардың 176сы сертификат алды.
Сондай-ақ, коммерциялық банклердиң қарыйдарлары болған исбилерменлик субъектлерин исбилерменлик ҳәм қаржы бойынша саўатлылық тийкарларына оқытыў, бизнес жүргизиў, бизнес режелер дүзиўге үйретиў бойынша 22 сааттан ибарат оқыў курслары шөлкемлестирилип, оларда 29 исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери оқыў курсларына тартылып, олардан 21и Орайдың арнаўлы сертификатларын алды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-январьдағы «Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПП-4135-санлы қарарының 10-бәнтине муўапық, Исбилерменлик жумысларының тийкарларын оқытыў республикалық орайы тәрепинен «Сыртқы саўда тийкарлары» темасы бойынша бийпул курсларды шөлкемлестириў туўралы тапсырма берилген.
Соған тийкарланып, усы жылдың 29-апрель – 3-май күнлери Нөкис қаласында, орай ҳәм БМШтың Раўажланыў бағдарламасы менен «пилот» тәризинде исбилерменлер ушын 22 саатлық «Сыртқы саўда ҳәм экспорт тийкарлары» оқыў курсында 34 экспорт пенен шуғылланатуғын исбилерменлер қатнасып, солардың 28ине арнаўлы сертификат берилди.
Бүгинги күни филиал тәрепинен шөлкемлестирилип атырған «Исбилерменлик жумыслары тийкарларын оқытыў» курсларында және де жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде орынларда үйрениў жумысларын алып барыў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў илажлары белгиленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.