USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 17 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СУДТЫҢ БАСЛЫҒЫ ЛАЎАЗЫМЫНА ТАЛАБАН ТАНЫСТЫРЫЛДЫ

Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына талабан Камал Тариховты кең жәмийетшиликке таныстырыў ҳәм олардың келисимин алыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Сағындық Турманов басқарып барған бул мәжилисте судлардың баслықлары, қалалық Кеңестиң депутатлары, ҳуқық қорғаў ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў  уйымларының баслықлары, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңесиниң ағзасы Рахат Исмайлов шығып сөйлеп, елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийет қурыўда нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти ҳәм жыйналғанларды талабанлардың өмири және  мийнет жоллары менен таныстырды.

Атап өтилгениндей,  ғәрезсиз елимизде суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў,  судлар жумысының нәтийжелилигин ҳәм абырайын арттырыў,  судлардың дүзилиси және судьялық лаўазымына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириўге хызмет етпекте. Солай екен, судьялардың жумысына, биринши гезекте, халықтың өзи баҳа береди. Сонлықтанда, Өзбекстан Республикасы Судьялары жоқары кеңесиниң басламасы менен судьялық лаўазымына усынылып атырған талабанларды кең жәмийетшиликке таныстырыў ҳәм олардың келисимин алыў механизми енгизилди.

Пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы лаўазымына талабан Камал Тарихов сөзге шығып, жыйналғанларды өзиниң мақсет ҳәм ўазыйпасы менен таныстырды. Егер де жуўапкерли лаўазымға ылайық деп табылса, бар билим және тәжирийбелерин судлардың шын мәнисиндеги «Әдиллик қорғаны»на айланыўына, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Мәжилисте Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, қалалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Абибуллаева, суд системасының ветераны Қ.Муханов, «Нураний» қоры Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы К.Қәлендеров, «Тынышлық» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы З.Палўанова, Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы ўазыйпасын атқарыўшы П.Қазақбаев талабанды қоллап-қуўатлап шығып сөйледи ҳәм алдағы машақатлы жумысында табыслар тиледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.