Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-сентябрь күни Аўғанстан Ислам Республикасы, Ҳиндстан Республикасы, Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығы, Япония ҳәм Франция Республикасының мәмлекетимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери етип тайынланған Аҳмад Ҳолид Элмий, Сантош Жа, Тимоти Торлот, Ёшинори Фужияма ҳәм Изабель Сервоз-Галлучиден исеним жарлықларын қабыл етти.

6c4e5b7d-ca3e-2a34-bb3d-f8c7ba6f8bfb.jpg

Мәмлекетимиз басшысы елшилерди Өзбекстандағы дипломатиялық миссиясын баслағаны менен қызғын қутлықлап, оларға усы мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпада табыслар тиледи.

Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын қамтып алған кең көлемли реформалардың әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.

Бес жыллық Ҳәрекетлер стратегиясы избе-из әмелге асырылмақта, оған муўапық быйыл елимизде Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы деп жәрияланды. Инновациялық технологиялар ҳәм көзқараслар тийкарында заманагөй санаат кәрханалары ҳәм инфраструктура жаратылмақта, банк, қаржы ҳәм салық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ашықлық, жақсы қоңсышылық, тең ҳуқықлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған жедел ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат жүргизбекте. Нәтийжеде, бүгинги күнде мәмлекетимиздиң жуўапкершиликли ҳәм исенимли халықаралық шерик сыпатындағы улыўма жаңа имиджи қәлиплести.

БМШ, ҒМДА, ШБШ, ИБШ сыяқлы жетекши халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў жеделлести. Мәмлекетимиздиң Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағза болыўына қарар етилди.

Өзбекстан Президенти өз сөзинде жаңа елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларына тоқтап өтти.

Аўғанстан менен дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары кеңейип, беккемленип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

40818bb1-5cba-c66c-884f-34b78e31f643.jpg

Мәмлекетлеримиз арасындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиў жеделлескени товар алмасыў көлемин көбейтиў, энергетика, транспорт, логистика ҳәм коммуникациялар, билимлендириў тараўларында үлкен жойбарларды әмелге асырыўда жоқары потенциалға ийе болған өз-ара қатнасықларды избе-из раўажландырыўға үлкен пәт бағышлайды.

Президентимиз 2018-жыл октябрьде Ҳиндстанға әмелге асырылған мәмлекетлик сапары ҳәм быйыл январь айында «Ҳәўижли Гужарат – 2019» саммити шеңберинде болып өткен сөйлесиўлердиң нәтийжесинде жаңа әмелий мазмун менен байыған Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклигиниң жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша баҳалады.

b3e50f8c-d552-9faf-1208-cbc9c04246a5.jpg

Бүгинги күнде фармацевтика, инновация ҳәм мәлимлеме технологиялары, исбилерменликти раўажландырыў тараўларында қоспа жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Быйылғы оқыў жылынан баслап мәмлекетимизде Ҳиндстанның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери – Амити ҳәм Шарда университетлериниң филиаллары өз есиклерин ашты.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы бирге ислесиўдиң түрли дәрежелерде сезилерли жеделлескенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

ef9887ce-fb7c-147e-2723-60c62785ae83.jpg

Нефть-газ ҳәм химия санааты, геологиялық-излеў, қаржы, инновациялық технологиялар ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўлары бойынша ерисилген келисимлер турмысқа енгизилмекте. Билимлендириў тараўында, соның ишинде, пайтахтымыз ҳәм аймақларда Кембридж университетиниң қатнасыўында Президент мектеплерин шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў жоқары баҳаланды.

Өзбекстан Япония менен стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиўге айрықша әҳмийет қаратпақта. Энергетика, геологиялық-излеў, автомобиль санааты, транспорт, телекоммуникациялар, инфраструктураны модернизациялаў, илим, билимлендириў, туризм ҳәм басқа да тараўларда Японияның компания ҳәм банклери менен кооперация тезлиги өсип баратырғаны атап өтилди.

e656ba01-8914-1c34-9ad4-d6c528496dee.jpg

Быйыл декабрь айында Японияда болып өтетуғын жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер кең көлемли өз-ара пайдалы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл октябрь айында Францияға әмелге асырылған рәсмий сапары көп қырлы Өзбекстан-Франция шериклигине сапа жағынан жаңа мазмун бағышлағанын қанаатланыўшылың пенен атап өтти.

95ffeca0-b156-fbea-4414-ec9f8bbd483a.jpg

Геологиялық-излеў, қуяш энергетикасы, коммунал хожалық, туризм ҳәм  басқа да тараўларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў басланды. Мәденият ҳәм көркем өнер, илим ҳәм техника, денсаўлықты сақлаў тараўларында бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенлиги билдирилди.

Мәресим соңында Президент Шавкат Мирзиёев жаңадан тайынланған елшилер белсенди дипломатиялық ҳәрекетлери менен мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықларын, көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге мүнәсип үлес қосатуғынына исеним билдирди.

Өз гезегинде, дипломатиялық миссиялардың басшылары Өзбекстан Президентине шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында мәмлекетлераралық қатнасықларды избе-из ҳәм нәтийжели раўажландырыўға бар күш-жигерин жумсайтуғынын атап өтти.

e8293438-64fc-dea0-17b1-2bdca328ef13.jpg

6199dae3-759e-5174-c295-1dd2702536dc.jpg

54555b3a-6fa1-e45d-0600-e64ac74c2f45.jpg

07b8fd35-3370-06e3-15ee-f81b9dd4afcf.jpg

73aecdab-edd1-b6c3-0650-4d49f9fc1fd7.jpg

c4ab7638-042a-4ac0-4823-64ca92158435.jpg

f922bea0-64c7-8584-b592-690d9808e4d3.jpg

ӨзА