Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары тәрепинен өткен қысқа ўақыттың ишинде айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, исбилерменликти раўажландырыў, бизнес ушын қолайлы орталықты жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың қатнасында турақлы ислейтуғын жумысшы топар, штаб және жәмийетлик Кеңес шөлкемлестирилди.
– Быйылғы жылдың өткен дәўиринде исбилерменлерден тийкарынан жер участкалары ҳәм имаратлар, кредитлер ажыратыў, рухсат бериўши ҳүжжетлерди алыў ҳәм басқа да мәселелерде 69 мүрәжат көрип шығылды,-дейди Нөкис қаласындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының баслығы Әжинияз Қайраддинов.- Соннан жумыс басламақшы болған 22 исбилерменлик субъектине тийисли тәртипте ҳуқықый түсиник берилди. Буннан тысқары, 47 жазба мүрәжат қабыл етилип, бирден-бир ҳүкиметлик порталға киргизилди.
Исбилерменлерди ҳәм сырт ел инвесторларын қабыллаў бойынша қала ҳәкимлиги менен тастыйықланған «Көшпели қабыллаў режеси» не муўапық мәмлекетлик басқарыў уйымлары, тийисли кәрхана, мәкеме, шөлкем басшыларпы менен биргеликте мәкан пуқаралар жыйынларын да ушырасыўлар өткерилмекте. Быйылғы жылдың август-сентябрь айларында 11 орында көшпели қабыллаў шөлкемлестирилип, оларда 235 исбилерменлик субъекти жумысларын раўажландырыў, бунда ушырасып атырған айырым машқалалар бойынша мүрәжат етти. Олардың көпшилиги унамлы шешимин тапты ҳәм қосымша ҳуқықый түсиник берилди.
Атап айтқанда, «Dae young medical» жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыс көлемин кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша акционерлик-коммерциялық «Қишлоқ қурилиш банк»тиң Нөкис филиалынан 500 миллион сум кредит алыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Олардың бул мүрәжаты унамлы шешилип, кредит қаржылары толығы менен ажыратылып берилди. «Нукус регионал агромаш торг» жеке меншик кәрханасынан да мүрәжат келип түсти. Онда кәрхананың жаңадан қурылған имаратына газ тармағын тартыўда Нөкис қалалық газ тәмийнаты участкасы хызметкерлери тәрепинен усынылған баҳаға наразы екенлигин билдирген. Бул мәселе Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте үйренип шығылды. Нәтийжеде кәрханаға газ тармағы тартылып берилди ҳәм артықша есапланған қаржы есап бетине өткерилди. «Аллаяр Кегейли» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Нөкис районындағы «Өрнек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан ҳәкимшилик ҳәм қоймахана имаратларын меншиклестириў мақсетинде «Е-IJRO AUKSION» майданшасына «1 сўм» баҳада шығарылыўын сорап мүрәжат еткен. Бул мүрәжат Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республиксы басқармасы тәрепинен үйренип шығылды ҳәм майданшаға сол баҳада шығарылды.
Қабыллаўхана хызметкерлери исбилерменлерден мүрәжатлардың келиўин күтип отырмастан, тийисли уйымлар ҳәм сектор басшылары менен биргеликте тиккелей орынларда көшпели қабыллаўлар өткермекте. Онда исбилерменлердиң жумысында ушырасып атырған машқалалар ҳәр тәреплеме үйренилип, олардың шешими бойынша тийисли илажлар көрилмекте. Бул болса, халқымыздың исбилерменлик белсендилигин арттырыўға, қолайлы исбилерменлик орталығын қәлиплестириўге, халықтың жумыс пенен бәнтлигин арттырыў және олардың материаллық абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы