USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 28 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы орайлық сайлаў комиссиясының қарары

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНЕ, ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ РАЙОНЛЫҚ ҲӘМ ҚАЛАЛЫҚ КЕҢЕСЛЕРИНЕ САЙЛАЎ КАМПАНИЯСЫНЫҢ БАСЛАНЫЎЫН ЖӘРИЯЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Қарақалпақстан Республикасы орайлық сайлаў комиссиясының

қарары

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 110-статьясына ҳәм Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 36-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. 2019-жыл 22-декабрь – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларын халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларын сайлаў күни деп белгиленсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў кампаниясы 2019-жыл 20-сентябрьден басланыўы жәриялансын.

 

Е.Джуманазаров,

Қарақалпақстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы

Нөкис қаласы,

2019-жыл, 20-сентябрь