Усы жыл 20-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров ашты ҳәм алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 110-статьясына муўапық 2019-жыл 22-декабрь – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаўлар күни деп белгиленди. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында» ғы Нызамының 36-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 2019-жыл 20-сентябрьден сайлаў кампаниясының басланғанын жәриялады.
Мәжилисте сайлаўды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша мәселелер менен бирликте сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслерине тийисли ўазыйпалар белгиленип берилди.
Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.