Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы 2019-жыл 20-сентябрьден мәмлекетте сайлаў кампаниясы басланғанын жәриялады.

Өзбекстан әҳмийетли сиясий процесс – Олий Мажлис Нызамшылық палатасына ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаў алдында тур.

Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайында болып өткен мәжилиси сайлаў кампаниясы менен байланыслы шөлкемлестириў жумысларына бағышланды.

Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов сайлаўлар мәмлекетте әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар, келешек ушын белгилеп алынатуғын стратегиялық раўажланыўдың бағдарламалық ўазыйпаларын әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Орайлық сайлаў комиссиясы 2019-жыл 22-декабрьди – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаў күни, деп белгиледи. Сайлаў кампаниясы 20-сентябрьден басланғаны жәрияланды.

Мәжилисте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўын өткериў бойынша тийкарғы илажлардың бағдарламасы тастыйықланды.

Илажда раўажланыўдың жаңа, демократиялық басқышына қәдем қойған Өзбекстанда жаңа парламент ҳәм жаңа жергиликли Кеңеслерди сайлаў ушын жаңаша руўхтағы сайлаў кампаниясының басланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Болажақ сайлаўлар мәмлекетимизди раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында өз сәўлелениўин тапқан алдынғы демократиялық идеялардың әмелдеги жарқын көриниси болады. Жәмийетимиз турмысынан көп партиялылық, сиясий плюрализм, пикирлердиң көп түрлилиги, ашықлық ҳәм жәриялылық, кеңпейиллик принциплери барған сайын кең ҳәм беккем орын алмақта.

Быйыл мәмлекет парламенти ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар биринши мәрте жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өтеди. Сайлаўда биринши мәрте бес сиясий партия – «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы,  Халық демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы өз талабанларын усынады.

Сайлаў кодексине муўапық буннан былай сиясий партиялар Нызамшылық палатасына болатуғын сайлаўда 135 емес, ал толық 150 сайлаў округинен   талабан көрсетиў ҳуқықына ийе болды. Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетине берилген квотаның шығарып тасланғаны партиялараралық бәсекини күшейтиўге хызмет етеди. Сайлаўдан 20 миллионнан аслам сайлаўшы, солардан 2 миллионнан аслам жаслар биринши мәрте даўыс береди.

Мәжилис соңында Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы, сиясий партиялардың басшылары Халықаралық баспасөз орайының арнаўлы безелген залына мирәт етилди. Олар ашық түймелерди басып, сайлаў кампаниясына салтанатлы түрде старт берди. Үлкен экранда «2019-жыл, 22-декабрь». «Жаңа Өзбекстан. Жаңа сайлаўлар!» көриниси пайда болды.

Халықаралық баспасөз орайында сайлаўшыларға оператив мәлимлеме бериў орайы (Call-center) жумысы жолға қойылады. Орайдың аймақларда да бөлимлери жумыс баслаған.

Н.АБДУРАИМОВА

ӨзАның хабаршысы